Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:54:08, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАТЕМАТИКА ИЛИМИНИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫ НЕГЕ ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ?

Ҳәр қандай тараўдың раўажланыўы, инсанның ақыл-ойы байы­ўының негизинде әлбетте, илим болады.

Ҳүрметли Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатында «Илим жоқ жерде артта қалыўшылық, жаўызлық ҳәм әлбетте, туўры жолдан адасыў болады», деп айрықша атап өткен еди.

Усы жылдың елимизде «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп аталыўы да усы жылы илимниң математика, химия-биология, геология сыяқлы тараўларында фундаменталь, әмелий изерт­леўлер жеделлестирилип, илимпаз­ларға барлық шараятлар жаратылыўына үлкен итибар қаратылып атырғаны мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўында илим, билимлендириў системасының орны оғада айрықша екенин аңлатады. Илим бағдарларына бундай итибар келешекте өз нәтийжесин бериўи гүмансыз.

Мәмлекетимизде математика илиминиң раўажланыўында Президентимиздиң 2019-жыл 9-июльдеги «Математика тәлими ҳәм пәнлерин буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы В.И.Романовский  атындағы Математика институтының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары оғада үлкен әҳмийетке ийе болды.

2020-жылдың 7-май күни болса Президентимиздиң «Математика тараўындағы билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул қарар мәмлекетимизде билимлендириўдиң барлық тараўларында математика пәни сабақларының, усы пәнге байланыслы оқыў әдебиятлар сапасының артыўына, математика пәнине қызығатуғын жаслардың көбейиўине, талантлы жасларды селекция етиў механизмин шөлкемлестирип, оларды қәнигелестирилген мектеплерге, кейин ала жоқары билимлендириў мәкемелерине, илимий мектеплерге қамтып алыў мәселелерин нәтийжели шешиўге имканият береди. Буннан тысқары, ҳәр бир билимлендириў бағдарына тийисли шөлкемлер ҳәм илимий мәкемелер арасындағы жақыннан бирге ислесиўди тәмийинлейтуғын тутас система қәлиплестирилип, математика пәни бойынша фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтларының жумысы және илимий кадрлар таярлаў нәтийжелилиги артады. Дүньяның жетекши илимий орайлары ҳәм университетлери менен халықаралық илимий-техникалық бирге ислесиўлер раўажланады. Басқа пәнлер бағдарларының раўажланыўына унамлы тәсир  етеди. Илим, экономика тармақлары ҳәм өндиристиң интеграциясы беккемленеди. Өндирис тараўларын жоқары тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеў процесиниң нәтийжелилиги артады.

2020-жылдың 12-июнь күни Президентимиз Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы математика институтының заманагөй  талапларға толық жуўап беретуғын ҳәм барлық қолайлылықларға ийе жаңа  имаратын барып көрди. Жаңа имаратта 7 илимий лаборатория ҳәм «Жас математиклер» орайы жумыс ислейди. Имараттың түрли қабатларында мәлимлеме-ресурс орайы ҳәм семинар ханалары, академиклер ҳәм изертлеўшилер ушын кабинетлер, китапхана, мәжилислер залы, асхана жайласқан. Ханалар ең алдынғы заманагөй техника ҳәм әнжамлар менен үскенеленген.

«Бул заманагөй институт барлық илимпазлар ушын мәрипат орайы болыўы керек. Математика көп илимлерге жол ашады. Оны Студентлер қалашасында қурғанымыз бийкарға емес. Бул институт билимлендириў ҳәм илим арасында бирге ислесиўди тәми­йинлеўи, мәмлекетимиздиң раўажланыўына тийкар жаратыўы керек», - деди Шавкат Мирзиёев сапар даўамында.

Жоқарыда айтылған 7-май күнги «Математика тараўындағы билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарға бола Нөкис, ^ргениш, Самарқанд, Бухара ҳәм Наманган қалаларында Математика институтының филиаллары шөлкемлестирилмекте. Буның менен аймақларда да математика илими ҳәм тәлимин жақсылаў ушын жумыс ислейтуғын бөлимлер болады. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Математика институты Нөкис қаласы бөлими ушын арнаўлы ханалар, аудиториялар оңланып, үскенеленип,  таяр жағдайға келтирилди ҳәм бул бөлимниң ашылыўы күтилмекте.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде математика илиминиң бир неше бағдары бойынша белгили илимпазлар және олардың басшылығындағы илимий мектеплер бар. Бул илимий мектеплердеги илимпазлар уллы ата-бабаларымыз қалдырған бай мийрас ҳәм дәстүрлерди даўам еттирип, математика илиминиң раўажланыўына  үлкен үлес қоспақта.

Мәмлекетимизде математика илимине болып атырған айрықша итибардан анық нәтийже күтиў мүмкин. Бәринен бурын, билимлендириў мәкемелеринде математика пәни сабақларының, бул пәнге тийисли оқыў әдебиятлар сапасының артыўына, математика пәнине қызығатуғын жаслардың көбейиўине, талантлы жасларды селекциялаў механизмин шөлкемлестирип, оларды қәнигелестирилген мектеплерге, кейин ала билимлендириў мәкемелерине, илимий  мектеплерге қамтып алыў мәселелерин нәтийжели шешиўге имканият береди. Математика пәнин үйренип атырған жасларда логикалық пикирлеўди раўажландырады, адамды тәртипке үйретип, жумыстың ҳәр түрли тараўларында пайда болатуғын қурамалы мәселелерди түсиниў ушын зәрүр болатуғын түсиниклер және олар арасындағы байланысларды көре алыў және таллаў көнликпелерин қәлиплестиреди, келешекте экономиканың қәлеген тармағында тәжирийбели кадр болып жетилисиўине жәрдем береди.

Буннан тысқары, тараўдың раўажланыўы себепли математика илими бо­йынша фундаменталь ҳәм әмелий изерт­леўлер, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтларының жумысы ҳәм илимий кадрларды таярлаў нәтийжелилиги артады. Дүньяның жетекши илимий орайлары ҳәм университетлери менен халықаралық илимий-техникалық бирге ислесиўлер раўажланады. Басқа пәнлер бағдарларының раўажланыўына тәсир етеди. Илим, экономика тармақлары ҳәм өндиристиң интеграциясы беккемленеди. Өндирис тараўларын жоқары тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеў процесиниң нәтийжелилиги артады.

Булардың барлығының нәтийжесинде мәмлекетимизде санлы экономиканы раўажландырыўға оғада үлкен унамлы тәсир көрсетеди.

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Илим, билимлендириў,

мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF