Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:52:57, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СЕРГЕКЛИКТИҢ  ӘҲМИЙЕТИ ҮЛКЕН

Өзбекстан Республикасы  Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы қорғаў басқармасы хызметкерлери ҳәр дайым пуқараларымыздың карантин қағыйдаларына  әмел етиўин қадағалаў,  сондай-ақ, халқымыздың коронавирус кеселлигинен сақланыўын тәмийинлеў мақсетинде  районларда жайласқан постларда турып, ишки ислер уйымлары ҳәм Айрықша жағдайлар бас­қармасы хызметкерлери менен биргеликте  тийисли илажларды әмелге асырып келмекте.

Бәршемизге мәлим, Қоңырат районында жайлас­қан  «Даўыт ата» блок посты арқалы республикамызға шет еллерден жүк автомашиналары кирип келмекте. Олар Қазақстан Республикасы, Россия  Федерациясы, Түркия, Грузия Республикаларынан келип, «Фура» маркалы автотранспорт қуралларын басқарыўшы пуқаралар арасынан  ҳәзирги ўақытта коронавирус кеселлигиниң белгилери анықланып атырғаны сыр емес. Себеби, олар узақ аймақлардан келип, бул кеселликти өзлерине жуқтырып алған. Шет мәмлекетлерден Қоңырат районы арқалы өтиўши үлкен гүзар жол бойында жайласқан «Даўыт ата» блок посты  усы жыл 2-май күни шөлкемлестирилип,  Миллий гвардия хызметкерлери сол күннен баслап тийисли тараў хызметкерлери менен биргеликте кирип келген ҳәр бир «Фура»  автомашинасын көзден өткерип, олардың басқарыўшыларын арнаўлы тексериўлерден өткерип, ушырасыўы мүмкин болған инфекциялардың алдын алыўда өзлериниң мүнәсип хызметлерин атқарып атыр.

Усы күнге шекем бул постқа жами 3155 «Фура» автомашинасы келген болса, олардың арасынан 33 пуқарада бул кеселлик белгилери бар екенлиги анықланған. Олар сол пайыттың өзинде тийисли тәртипте Нөкис қаласына  емлениў ушын  жиберилди. Сондай-ақ, Қоңырат районының ҳәзирги ўақытта қызыл аймақта жайласқанлығы себепли бул пост арқалы район арасында автотранспортлардың ҳәрекетлениў ўақты белгиленген болып, олар азанда саат 07.00 ден 10.00ге шекем, кеште саат 17.00 ден 20.00ге шекем усы пост арқалы кирип-шығыўы мүмкин. Ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери тәрепинен алып барылып атыр­ған бундай жумыслар, әлбетте, биринши нәўбетте халқымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеў, адам өмири ушын қәўипли бол­ған коронавирус инфекциясының алдын алыўға қаратылып атырғанын бәршемиз аңлаўымыз тийис.   

Алламурат ХОЖАНАЗАРОВ,

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы

қорғаў басқармасы Баспасөз топары аға инспекторы, лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF