Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:32:41, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРҚАЙЫНЛЫҚҚА БЕРИЛМЕЙИК

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-майдағы «Электр энер­гиясы ҳәм тәбийғый газ жеткерип бериў ҳәм де тутыныў тараўында төлеў тәртибин және де беккемлеў, сондай-ақ, орынлаў жумысын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, электр ҳәм газ тәмийнаты тараўында басқарыў системасын, қадағалаў ҳәм есапқа алыў механизмлерин және де жетилистириў, бул бағдарда жуўапкершиликти күшейтиў мақсетинде 2017-жыл 30-майда қабыл етилген қарар тийкарында Өзбекстан Республикасы жанында Мәж­бүрий орынлаў бюросы шөл­кемлестирилген еди.

Ҳәзирги ўақытта республикамыздың барлық орынларында Бюроның бөлимлери ҳәрекет етпекте. Қарарда Бюро суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўи, орынлаў ҳүжжетлери ҳәм өндирилген қаржылардың ҳақыйқый есабын жүргизиўи, орынлаў жумысында өзи боладылық ҳәм бийпәрўалықлардың алдын алыў, электр, газ узатыў ҳәм газ бөлистириў тармақларына нызамсыз жалғаныў, талан-тараж етиў жағдайларын анықлаўы ҳәм сапластырыў зәрүрлиги белгиленген. Сондай-ақ, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын төлемлердиң өз ўақтында ҳәм толық өндирилиўин, тутыныўшылардың қарыздарлығын тәми­йинлеў де Бюроның алдында турған тийкарғы ўазыйпалардан бири. Тутыныўшылар тәрепинен пайдаланылған электр энергиясы, тәбийғый газден қарыздарлықты өндириў менен бирге тутыныўшылардың ҳуқықый ҳәм де төлеў мәдениятын жетилистириў илажларын көриў де бюро жумысының тийкарын қурайды.

Соны айрықша атап өтиў керек, халықтың өткен жыллар даўамында топланып қалған қарыздарлығын кемейтиў, тәбийғый газ, электр энергиясы ушын төлемлерди өз ўақтында әмелге асырыўға ерисиў ­ бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелериниң бири еди. Бундай жуўапкершиликли жумысты әмелге асырыў болса Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген Мәжбүрий орынлаў бюросына жүклетилди. Әйне Бюро хызметкерлериниң тынымсыз мийнетлери арқасында халықтың коммуналлық хызметлерге төлемлерден қарыздарлығы сезилерли дәрежеде азайды. Ең итибарлысы, усы пайытқа шекем қарыздар болса да газ, суў ҳәм электр энергиясынан «биймәлел» пайдаланып жүргенлер бүгинги күнге келип «тәртипли, әдеп-икрамлы тутыныўшы»ға айланбақта.

Елимизде коронавирус пандемиясы себепли енгизилген карантин дәўиринде тутыныўшыларға салық ҳәм коммуналлық хызмет төлемлери бойынша бир қатар жеңилликлер берилген, яғный, карантин дәўиринде мүддети өткен қарыздарлық ушын пеня өндирилмейди. Бирақ, бул ар­қайынлыққа берилиўге себепши бола алмайды. Сонлықтан да, тутынған газ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўларымыз ушын төлемлерди өз ўақтында әмелге асырайық, әзиз заманласлар!

Расул МАТРАСУЛИЕВ,

МОБ Қанлыкөл ра­йонлық бөлими баслығының орынбасары, 2-дәрежели юрист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF