Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:23:00, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛАМАТ  ТУРМЫС ТӘРИЗИ  УШЫН

Ҳәр жылы 23-июнь сәнеси пүткил дүнья жүзинде Халықаралық Олимпиада күни сыпатында кең түрде белгиленеди. Бул сәне 1948-жылдан баслап заманагөй олимпиада ҳәрекетиниң қайта туўылыўының нышаны сыпатында байрамланып келинбекте.

Халықаралық Олимпиада күнин белгилеў ҳаққындағы қарар 1948-жылдың январь айында ХОК ниң Санкт-Мориц қаласында (Швейцария) өткерилген 42-сессиясында қабыл етилген. Бу­ның ушын 23-июнь сәнесиниң таңланыўының себеби, 1894-жылы әйне усы күни Парижде болып өткен Халықаралық конгрессте барон Пьер де Кубертен өзиниң Олим­пиада ҳәрекетин қайта тиклеў ҳаққындағы баянатын жасаған еди. Усы баянаттан кейин конгресс 8 заманагөй Олимпиада ойынларын әййемги Олимпиаданың ўатаны болған Грецияның пайтахты Афина қаласында өткериў бойынша шешим қабыл етти. Бул ойынларда 14 мәмлекеттен келген 241 атлет спорттың тоғыз түри бойынша медальлар ушын гүрес жүргизди. Мине соннан берли ҳәр төрт жылда бир мәрте өткерилип кия­тырған жазғы Олимпиада ойынлары пүткил дүнья халықларының асығып күтетуғын спорт байрамына айланды. 1924-жылдан баслап болса қысқы Олимпиада ойын­лары өткерилип басланды.

Соны айрықша атап өтиў керек, ғәрезсизликке ерискеннен кейин Өзбекстан спортшылары да өз алдына команда сыпатында Олимпиада ойынларына белсене қатнасып келмекте. 1992-жылы Өзбекстан Миллий олимпиада комитети дүзилген болса, 1993-жылы ол Халықаралық олимпиада комитетиниң толық ҳуқықлы ағзасына айланды. 1994-жылы Норвегияның Лиллехаммер қаласында өткерилген қысқы Олимпиада ойынларында ўатанласымыз Лина Черязова фристайл бойынша чемпионлықты қолға киргизди. Бул ғәрезсиз Өзбекстан мәмлекетиниң Олимпиада ойынларындағы туңғыш алтын медалы еди. Әсиресе, 2016-жылы Бразилияның Рио де Жанейро қаласында өткерилген XXXI жаз­ғы Олимпиада ойынлары өзбекстанлы спортшылар ушын оғада табыслы болды. Ойынларда 4 алтын, 2 гүмис ҳәм 7 қола ­ жәми 13 медальды қолға киргизген ўатанласларымыз улыўма командалық есапта 200 ден аслам мәмлекет арасында 21-орынды ийеледи.

Олимпиада ҳәрекети Қарақалпақстанда да жақсы раўажланбақта деп айтыў мүмкин. Республикамыз спортшыларынан Бахтияр Нурыллаев (аўыр атлетика) 1996-жылы АҚШтың Атланта, 2000-жылы Австра­лияның Сидней, спорттың усы түринен Мансурбек Чашемов 2008-жылы Пекин (Қытай) ҳәм Рустам Жаңабаев 2016-жылы Рио де Жанейро (Бразилия) қалаларында болып өткен ойынларға қатнасып, Ғәрезсиз елимиздиң спорт намысын жоқары дәрежеде қорғады.

Коронавирус пандемиясы себепли келеси жылға қалдырылған Токио Олимпиадасына да таярлық жумыслары қызғын алып барылмақта. Грек-рим гүреси шебери Жалғасбай Бердимуратов бул ойынларға жолламаны әллеқашан-ақ қолға киргизген болса, дзюдошымыз Шарофиддин Балта­баев Олимпиадаға жоллама алыў ҳуқықын бериўши рейтинг упайларын топлады. Сондай-ақ, еркин гүрес шеберлери Дәўлетбийке Яхшимуратова, Ақтеңге Кеўним­жаева, Севара Ешмуратова ҳәм Нилуфар Гадоевалар да Токиоға барыў ушын жақсы мүмкиншиликлерге ийе.

Жоқарыда айтқанымыздай, 23-июнь сәнеси дүньяның көпшилик мәмлекетлеринде, солар қатарында Өзбекстан Республикасында да Халықаралық Олимпиада күни сыпатында белгиленеди. Усы күни Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң басламасы менен елимиздиң барлық орынларында, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасында да Дене тәрбия ҳәм спорт, Денсаўлықты сақлаў минис­трликлери, спорт федера­циялары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте онлайн тәризде көплеген спорт жарысларын, мәдений-ағартыў илажларын, семинарлар, балалар ушын олимпиада сабақларын, профессионал спортшылар ҳәм чемпионлар менен ушырасыў кешелерин, шеберлик сабақларын өткериў режелестирилген. Сондай-ақ, мәкан пуқаралар жыйынларында, оқыў орынларында ҳәм мийнет жәмәәтлеринде ҳәр қыйлы спорт жарысларын, дене шынықтырыў илажларын өткериў көзде тутылған. Бул илажлардан гөзленген тийкарғы мақсет ­ Олимпиада идеаллары ҳәм қәдириятларын көтериў, Олимпия ҳәрекети ҳәм улыўма спортты үгит-нәсиятлаў, республикамыз пуқараларын дене тәрбиясы менен турақлы түрде шуғылланыўға тартыў ҳәм ең баслысы, халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўден ибарат.

 

Сансызбай САПАРНИЯЗОВ,

Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF