ӘДИЛЛИК МИНИСТРЛИГИ: ҚОСЫМША ЎАЗЫЙПАЛАР ЖҮКЛЕТИЛДИ
Ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм әдалатлы пуқаралық жәмийетин қурыў процесинде, биринши нәўбетте, бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатын, норма дөретиўшилиги искерлигин сапалы шөлкемлестириў, избе-из ҳәм бир қыйлы ҳуқықты қоллаў әмелиятын қәлиплестириў, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың ҳуқықый мәдениятын асырыўдың бирден-бир системасын енгизиў жолы менен әмелге асырыўды гөзлеўши әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелерине әҳмийетли роль ажыратылмақта.
Мәмлекетимиз тәрепинен өткен жыллар даўамында әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери искерлигине тийисли болған бир қатар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген болып, усы салада бүгинги күнге шекем көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Усындай, нәўбеттеги оғада әҳмийетли ҳәм тарийхый-сиясий әҳмийетке ийе болған Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 19-май сәнеси «Мәмлекетлик ҳуқықый сиясатын әмелге асырыўда әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери искерлигин және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.
Усы Пәрман менен Әдиллик министрлиги жуўапкершилигине бир қатар қосымша ўазыйпалар ҳәм функциялар жүклетилди. Атап айтқанда, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери искерлигине санлы технологиялар кең енгизилиўи ҳәм де мәмлекетлик хызметлерин санластыў арқалы «виртуал әдиллик» системасын иске түсириў белгиленген.
Пәрман менен 2020-2024-жылларда әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелерин раўажландырыў концепциясы ҳәм концепцияны 2020-2021-жылларда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды. Сондай-ақ, Пәрман менен 2020-2024-жылларда әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелерин раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери тастыйықланды.
Әдиллик министрлигине 2020-жыл жуўмағына шекем төмендеги тийкарғы мақсетли көрсеткишлерге (индикаторларға) ерисилиўин тәмийинлеўи нәзерде тутылды. Яғный, министрлик тәрепинен ислеп шығылатуғын нызам ҳүжжетлерин туўрыдан-туўры әмел етиўши нызам жойбарлары сыпатында қабыл етиў арқалы олардың үлесин 20 процентке жеткериўF
мәмлекетлик басқарыў системасын функционал таллаў жасалған ҳалда министрлик ҳәм кеңселердиң кеминде 10 функцияларын мәмлекетлик емес секторға өткериў бойынша усыныслар киргизиў;
2018-2019-жылларда жаңа (қайта) шөлкемлестирилген 8 министрлик ҳәм кеңселериниң искерлигин үйрениў;
электрон формада көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер үлесин 12 процентке жеткериў;
халыққа Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын жаңа хызметлер санын 15ке асырыў;
мәмлекетлик емес нотариат формасына айландырылған мәмлекетлик нотариал кеңселериниң үлесин 95 процентке жеткериў;
29 нызам асты ҳүжжетлери менен белгиленген жуўапкершилик ҳәм санкция нормаларын терең таллаў ҳәм тийисли нызамларға киргизилиўин тәмийинлеў;
ҳәкимшилик реформалардың нәтийжелилигин мониторинг етиў ўазыйпалары жүклетилди.
Пәрманға бола, Әдиллик министрлиги әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик реформалардың нәтийжелилигин мониторинг етиў, усы тараўда министрлик ҳәм кеңселер ўәкиллиги ҳәм функцияларының толық ҳәм сапалы әмелге асырылып ҳәм де белгиленген мақсетлерге ерисилип атырғанлығын функционал таллаў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленди.
Ендигиден былай, Әдиллик министрлиги ҳәкимшилик реформалар шеңберинде министрлик ҳәм кеңселер тәрепинен ислеп шығылатуғын жаңа басламаларды көрип шығады, олар бойынша инабатқа алыныўы мәжбүрий болған жуўмақлар береди.
Соның менен қатар, физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын жуўапкершилик белгилеўши ҳуқықый нормалар тек ғана нызамлар менен орнатылыўы көрсетип өтилди.
Пәрманға муўапық, 2020-жыл 1-июльден:
- хожалық басқарыўы органлары ўәкиллигине кириўши мәселелер ҳәм корпоратив қатнасықлар нызамасты ҳүжжетлерин қабыл етиў ямаса ҳәкимшилик усыллар арқалы тәртипке салыныўы қадаған етилиўи;
- физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын жуўапкершилик белгилеўши ҳуқықый нормалар тек ғана нызамлар менен орнатылыўы;
- ведомостволық нызам ҳүжжетлерине физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын қосымша төлем ҳәм жыйымларды белгилеўши, артықша ҳәкимшилик ҳәм басқа шеклеўлерди нәзерде тутыўшы, оларға тийкарланбаған қәрежетлер жүзеге келиўине алып келиўши, руқсат бериў қәсийетине ийе болған ҳуқықый нормаларды киргизиўге жол қойылмаўы;
- техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлерге ҳуқықый нормалар киргизиўге жол қойылмаўы;
- техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлер Әдиллик министрлиги тәрепинен мәжбүрий тәртипте ҳуқықый экспертизадан өткерилиўи ҳәм де унамлы жуўмақ алынғаннан соң есапқа алыныўы ҳәм күшке кириўи, нызам ҳүжжетлери жойбарларын таярлаўда «пакет» принципи енгизилиўи нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, 2020-жыл 1-июльден баслап нызам ҳүжжетлери жойбарларын таярлаўда төмендегилерди нәзерде тутыўшы «пакет» принципи енгизиледи.
Атап айтқанда, жаңа нызам жойбарларын ислеп шығыўда оны әмелге асырыўға қаратылған силтеўши нормалар жаңа нызам менен бирге ямаса нызамда белгиленген мүддетте ислеп шығылады ҳәм күшке киреди;
жаңа нызам жойбары менен белгиленип атырған қағыйдалар алдын қабыл етилген нызамларға тийисли өзгерислер киргизиў зәрүрлик пайда болғанда, алдын қабыл етилген нызамларға өзгерис киргизиў жаңа нызамды қабыл етиў менен бир ўақыттың өзинде әмелге асырылады;
министрлик ҳәм ведомстволар өзлери тәрепинен қабыл етилген ведомостволық норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге бирдей мәселедеги өзгерис ҳәм қосымшаларды бир ҳүжжет пенен киргизеди;
Әдиллик министрлигине ведомостволық норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мәмлекетлик реестринде бар болған ҳүжжетлерге тийисли өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилиўи, бунда олар бир түрдеги мәселеде ҳәм техникалық көринисте болыўы лазымлығы белгиленди.
Соның менен қатар, нызамшылықты системаластырыў ҳәм артықша ҳуқықый тәртипке салыўды кемейтиў мақсетинде, 2020-жыл 1-июльден 2021-жыл 1-январьға шекем ведомостволық нызам ҳүжжетлерин қабыл етиў тоқтатылады (өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳәм де өз күшин жойтқан деп табыў ҳаққындағы, сондай-ақ, унификация етиўди нәзерде тутыўшы ведомостволық норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиў буннан тысқары).
Ведомостволық нызам ҳүжжетлери жойбарларын ислеп шығыў, келисиў, қабыл етиў, ҳуқықый экспертиза ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў 2020-жыл 1-июльден баслап сынаў сыпатында, 2020-жыл 1-октябрьден баслап болса, толық Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон система арқалы әмелге асырылады.
Соны айрықша атап өтиў керек, эксперимент сыпатында юридикалық хызметлер көрсетиў орайлары шөлкемлестирилиўине итибар қаратылмақта.
Пәрманға муўапық, Әдиллик министрлиги орайлық аппараты структурасында Пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларды раўажландырыў басқармасы ҳәм Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳәм мониторингин жүргизиў басқармасы шөлкемлестирилиўи белгилеп берилди.
Пәрманға көре, Наманган қаласы ҳәм Қаршы районында эксперимент сыпатында район (қала) әдиллик бөлимлери жанында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерине юридикалық хызметлер көрсетиў орайлары шөлкемлестириледи.
Юридикалық хызметлер көрсетиў орайлары бюджеттен қаржыландырылатуғын район (қала) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлериниң юридикалық хызметлериндеги бар болған штат бирликлерин қысқартыў есабына шөлкемлестириледи.
Олар тийисли шөлкемде нызам ҳүжжетлери менен юридикалық хызметлерге жүкленген ўазыйпа ҳәм функцияларын әмелге асырады.
Эксперимент нәтийжесине көре, усы система республиканың барлық аймақларына қолланылады.
Пәрманға муўапық, Әдиллик министрлиги жанындағы «Адолат» ҳуқықый мәлимлеме орайы мәмлекетлик мәкемеси, «Инсон ва қонун» газетасы редакциясы МУК ҳәм де «Ҳуқуқ ва бурч» социаллық-ҳуқықый журналы редакциясы негизинде министрлик жанында мәмлекетлик мәкеме формасындағы «Адолат» миллий ҳуқықый мәлимлеме орайы шөлкемлестириледи.
Орай халық ҳәм орынлаўшыларға жәмийетте халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға қаратылған ҳуқықый мәлимлемелер менен үгит-нәсият материалларын таярлаў ҳәм жедел тарқатыў, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери текстлерин рәсмий жәриялаў тараўында республиканың жетекши мәмлекетлик мәкемеси есапланады.
«Инсон ва қонун» газетасы редакциясы ҳәм де «Ҳуқуқ ва бурч» социаллық-ҳуқықый журналы редакциясы әмелдеги хызмет көрсетиў тараўларын сақлап қала отырып жумыс алып барыўы белгилеп берилди.
С.МАМБЕТҚАДЫРОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри.