МӘҲӘЛЛЕДЕГИ ЖУМЫСЛАР МЕНЕН ТАНЫСТЫ
Мәҳәллелерде абаданластырыў, көгалландырыў, үй алды қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыў, мийўели ҳәм саяманлы тереклерди егиў сыяқлы жумысларды үгит-нәсиятлаў мақсетинде бир қатар илажлар өткерилмекте.
Бундағы тийкарғы мақсет — пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў, мәҳәллелерди комплексли раўажландырыў бағдарларында исленип атырған усындай ийгиликли ислердиң ғалабалығына ерисиў болып есапланады.
Усындай илажлардың бири Беруний районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен шөлкемлестирилди. Илаж қатнасыўшылары «Наўрыз» МПЖдағы көп қабатлы жайларда алып барылып атырған усы бағдардағы жумыслар менен танысты.
— Илажда «Абат шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳәлле» принциплерин барлық мәҳәллелерде кеңнен енгизиў мақсетинде июнь-август айларында әмелге асырылатуғын үгит-нәсият жумыслары туўралы кеңнен түсиник берилди,-дейди Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң бөлим баслығы Э.Ибраймова. — Усы илажларда карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда жаслардың мәнаўиятын көтериў, оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға бағдарланған бир қатар илажлар шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, бул илажларға нураныйлардың жәмийетлик кеңеслериниң ағзалары, социаллық жақтан белсендилик көрсетип киятырған кекселер де кең түрде тартылады.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.