Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:17:48, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАБЫЛЛАЎЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Өзбекстан Республикасы Президенти кеңес­гөйиниң орынбасары А.Усмоновтың басшылығындағы жумысшы топар Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районларының халқы ушын көшпели қабыллаў өткерди.

Бул көшпели қабыллаўлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы тәрепинен шөлкемлестирилди.

Беруний районында өткерилген қабыллаў райондағы У.Жуманиязов МПЖда  карантин қағыйдаларына муўапық алып барылды.

Мүрәжатлардың көпшилиги  тийкарынан ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, жеңиллетилген банк кредитлерин алыў, турақлы жумыс пенен тәмийинлеў сыяқлы мәселелерден ибарат болып, жумысшы топар тәрепинен бул мәселелердиң өз орнында шешилиўине ерисилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары  Э.Баситхановаға өз машқалалары бойынша 10 пуқара мүрәжат етти. Соннан, Беруний районы «Истиқлол» МПЖ аймағындағы «Алпамыс» көшесинде жасаўшы С.Абдукаримова, Елликқала районы «Қошқўра» МПЖ аймағындағы «Юзукчи» көшесинде жасаўшы Б.Шерипов, Әмиўдәрья районы «Гүлзар» МПЖ аймағындағы «Истиқлол» көшесинде жасаўшы М.Бердибаевалардың тигиў машинасы менен тәмийинлеў бойынша әмелий жәрдем сорап еткен мүрәжатлары өз орнында үйренилди ҳәм шешимин тапты. Олар тигиў машиналары менен тәмийинленди.

Қалған 6 пуқараның мүрәжатларын қанаатландырыў мақсетинде тийисли шөлкемлерге тапсырмалар берилип, бир пуқараның мүрәжаты ҳуқықый мағлыўмат бериў арқалы шешилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF