ЖУРНАЛИСТ «СОҚЫР» ЕМЕС...
ЯКИ АЙЫРЫМ «БАСШЫ»ЛАРҒА СЫН ЖАҚПАЙДЫ...
Ҳүрметли Президентимиз үлкен жыйналысларда, ушырасыўларда бир неше мәрте ғалаба хабар қуралларына айрықша итибар қаратпақта. Өзбекстанда сөз еркинлигине, еркин баспасөзге кең жол ашылмақта.
Журналистлер ғалаба хабар қураллары арқалы халқымызға мәлимлеме жеткериўде айқын роль атқармақта. Машқалалар көтерилип, халықты қыйнап атырған мәселелер баспасөз, телевидение, интернет сайтларында жарытылмақта. Журналистлер заман бағытына қарай өзгермекте. Әлбетте, бул демократиялық жәмийеттиң тийкарғы талабы. Усы орында атап өтиў тийис, ашық-айдынлық, жәриялылық халықтың мәмлекетлик уйымларға болған исенимин арттырды. Лекин, биз журналистлер тәрепинен айтылған, жәрияланған сын мақалалар айырым «басшы»ларға жақпайды. Социаллық тармақларда журналист қандай да бир машқаланы көтерип шықса, сол мәкеме яки шөлкем басшысы тәрепинен басымға ушырағанына гүўа болғанбыз. Бундай «басшы»ларға тийисли шаралар көрилип атыр. Ҳаслына келгенде ашынарлысы да усында.
Әпиўайы бир районды мысал етип алайық. Қайсы бир аўыл халқы өз машқаласын журналистке айтпақта. Неге? Себеби, тийисли мәкеме яки шөлкем мүрәжат ийелериниң машқаласын тыңламайды, шешим жоқ. Нәтийжеси аттан анық, «жүгир-жүгир». Халық ол шөлкемнен бул шөлкемге әўере-сарсаң, жүре береди. Соң журналистке мүрәжат етеди. Ийгиликли дәнекерлик ўазыйпаны атқаратуғын журналист критикалық материалды баспасөзде, социаллық тармақларда кең жәмийетшиликке жәриялайды. Журналист тийисли шөлкемнен сын мақалаға рәсмий жуўап күтеди, әлбетте. Лекин, бул «басшы»ға жаға (ма)? Сөзимиз айырым шөлкем басшыларына жақпаслығы анық. Бундай жағдайларды көрип те, еситип те, гүўасы болып та жүрмиз. Булар журналистикаға тәсир етпей турмайды. Халықтың мүрәжаты қанаатландырылмай, машқала бурынғысынша қала береди. Нәтийжеде халықтың мәмлекетлик шөлкемлерге исеними пәсейеди.
Айырым басшылар журналисттиң критикасын жақтырмағаны былай турсын, қол астындағыларға да журналист пенен сөйлесиўди, мағлыўмат бериўди шеклеп қояды. Бундай ҳәрекетлер бул шөлкемге қандай нәтийже береди? Бул «басшы»ның «соқыр» екенлигиниң дәлили.
Сынға себеп болатуғын темалар қашан туўылады? Қашандур халыққа әдалатсыз, итибарсыз болғанда...
Мәмлекетимиз басшысы бәлент минберден турып... «Басшылар ғалаба хабар қураллары менен байланысты умытып қоймақта...» деген еди. Әлбетте, биз қашан демократиялық жәмийет қурыўға ерисемиз? Қашандур, журналистикада сөз еркинлиги күшейип, толық тәмийинленсе. Президентимиз тәрепинен және бир жыйналыста: «Сын, әлбетте, керек. Мине, сын болып атыр, соған жараса нәтийжели жуўмақ та болып атыр. Лекин, биз ҳәммемиз изленистемиз, үйрениўдемиз. Жаңа Өзбекстанды қурып атырмыз, бир-биримизге таянып, халқымызды разы етиўимиз керек. Және бир мәрте тәкирарлайман, ҳәмме билиўи керек: Өзбекстанда жәмәәтшилик қадағалаўы ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң нызамлы талап-ҳуқықларына ҳеш қандай түрде басым өткериўге жол қойылмайды», деген еди.
Негизинде журналистика тараўында хызмет етип атырған журналистлер, блогерлерге мәмлекетимиз басшысының айтқан бул сөзлериниң өзи ең үлкен сый ҳәм руўхый күш болып табылады.
Журтбасшымыз және де: «Ғалаба хабар қураллары ҳәм блогерлерге үлкен рахмет! Өзбекстанда көп нәрселер ашық-айдын айтылып атыр. Ҳәмме буны көрип тур. Лекин, бир нәрсени билиңлер, бул жәриялылық ҳеш қашан артқа қайтпайды! Қанша көп ашық-айдынлық, жәриялылық болса, ғалаба хабар қураллары халқымызға ҳақыйқый машқалаларды қанша көп жеткерсе, мен басшы сыпатында олардан миннетдар боламан».
Биз журналистлер, блогерлердиң мақсетимиз анық, демократиялық жәмийет тәрепдарымыз. Журналист көрип, билип турған машқалалы жағдайға көз жумып, көрмегендей, «соқыр»дай өтип кете алмайды. Кимгедур жағыўға яки танылыў ушын, қандайдур жумысты орынлаўды журналистикаға салыстырыўдың өзи күлкили...
Сизге жаға ма, жоқ па, журналист усылай жасайды...
Лобархан БАЗАРБАЕВА,
журналист.