Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:17:57, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЙҒӘРЕЗ  ДОНОРЛАР САНЫ  КӨБЕЙМЕКТЕ

2002-жыл 30-августта Өзбекстан Республикасының «Қан ҳәм оның компонентлери донорлығы ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилиўи, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 19-сентябрьдеги «Денсаўлықты сақлаў системасын реформалаўды буннан былай да тереңлестириў ҳәм оны раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасын әмелге асырыўдың тийкарғы бағдарлары ҳаққында»ғы Пәрманы, 2007-жыл 2-октябрьдеги «Республикалық медицина мәкемелериниң жумысларын шөлкемлестириўди жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 700-санлы Президент қарары, Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2008-жыл 1-февральдағы «Республикада бийғәрез донорлықты раўажландырыў» мәмлекетлик 07-6-15-санлы бағдарламасы, 2004-жыл 27-ноябрьдеги «Қан ҳәм оның қурамлы бөлеклери донорлығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамын әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 30-июньдеги «2016-2020-жылларда Өзбекстан Республикасына Қан хызметин буннан былай да жетилистириў бойынша комплекс ис-режеси»ниң қабыл етилиўи тараўды раўажландырыў бағдарында айқын ўазыйпаларды белгилеп берди.

Усы ҳүжжетлер тийкарында бүгинги күнде қан қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасында Қан хызметин реформаластырыў, орайластырыў бағдарламары әмелге асырылмақта. 2009-жылы Республикалық Қан қуйыў станциясы имаратында реконструкция  исленип, «Ана ҳәм бала денсаўлығын беккемлеў» қоспа жойбары, Азия раўажланыў банкиниң кредити есабынан заманагөй жоқары технологиялық, дүнья жүзилик талапларға жуўап беретуғын медициналық әсбап-үскенелер, қолланба материаллары менен толық тәмийинленди. Заманагөй аппаратуралардан донор қанын гемотрансмиссив инфекцияларға тексериў ушын қолланылатуғын EVOLIS ИФА анализаторы, қан компонентлерин сақлаў ушын музлат­қыш, шок аппараты, центрифугалар турақлы түрде ислеп тур. 2016-2019-жыллар аралығында ИФА анализатор вошер, ИФА анализатор ридер, ҳәр бир лаборатория ханалары ушын кондиционер ҳәм тағы бас­қа медициналық әсбап-үскенелер алып келинди.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў минис­трлигиниң 2019-жыл 30-январь күнги 01-04-/82-санлы хаты арқалы қан клеткаларын рентген нурландырыў аппаратын республикалық Қан қуйыў станциясына орнатыў ҳаққында усыныс етилди. 2020-жылы төлемли хызмет есабынан 2 дана плазмаферез аппараты алынды. Бул донорларға, сондай-ақ, наўқасларға қан плазмасын алып таслап емлеў мақсетинде қолланылмақта. Қан хызметин реформаластырыў, орай­ластырыў ислерин әмелге асырыўдың тийкарғы принциплериниң бири мүтәж наў­қасларды өз ўақтында, жеткиликли муғдарда сапалы ҳәм қәўипсиз қан компонент­лери менен тәмийинлеўден ибарат.

Қан таярлаў бойынша 2019-жыл даўамында 18064 донор, 8334,16 литр қан (консервантсыз) таярланып, жыллық реже 154 процентке орынланды. Ал, 2020-жылдың өткен 5 айы даўамында 7832 донор қан тапсырып, 3538,37 литр қан (консервантсыз) таярланып, реже 145 процентке орынланды. Бийғәрез донорлардың санын көбейтиў бойынша өз үлеслерин қосып атырған мәкемелерден, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана бас­қармасы, Миллий гвардия, ИИМ, ИИБ, ӘӨҚБ әскерий бөлимлер, Жол-патруль хызмети басқармасы, Мәмлекетлик салық басқармасы, Геофизикалық экспедиция жәмәәтлериниң ағзалары өзлериниң ылайықлы үлеслерин қоспақта. Оларға шексиз миннетдаршылық билдиремиз. Шыпакерлеримизден Г.Абдрахманова, Ж.Габбарова, С.Ф.Алламуратова, С.Н.Алламуратова, З.Қурбанова, Д.Артықбаева, Л.Жуманазарова, П.Гүлимбетова, А.Разахбергенов, К.Төлегенов, У.Ешниязов, Д.Есенбаева, Б.Дәўлетова, Р.Хожаметова, Д.Султамуратова, Б.Бийметовларды мақтаныш етсек арзыйды.

Аймурат ТАНГРИБЕРГЕНОВ,

Республикалық Қан қуйыў станциясының бас шыпакери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF