ЕЛЛИКҚАЛАДА ПИЛЛЕШИЛИК КӘРХАНАСЫ ЖУМЫС БАСЛАДЫ
Елликқала районындағы «Қырыққыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «BEST SILK WORM SEED PRO» жуўапкершилиги шекленген жәмийети өз жумысын баслады.
Ашылыў салтанатында район ҳәкими С.Авезов ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, елимизде пиллешилик тармағын раўажландырыў, пилле жетистириў ҳәм оны қайта ислеў процесине заманагөй ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, пиллешилик өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм оларды экспорт етиў көлемин арттырыў, тармаққа сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Деген менен, қәнигелестирилген жергиликли наўқан қуртын ислеп шығарыўшы кәрханалар технологияларының ескиргенлиги, олар тәрепинен таярланып атырған наўқан қуртының туқымы бир нешше жылдан бери бир әўладқа тийисли екенлиги, нәсилли гибрид сортлар жаратыў бағдарында изленислер алып барылмағанлығы пиллениң сапасына да, өнимдарлығына да кери тәсирин тийгизип келгенлиги сыр емес. Сайлап алынған наўқан қурты туқымын өзимизде таярлаў тараўды раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе. Елликқала районында жумыс баслаған кәрхана бул бағдарда дәслепки қәдем болды.
Быйылғы жылы Қытай Халық Республикасынан 200 қуты «Элита» наўқан қуртының туқымы райондағы 250 жумысты бөлип алып ислеўшиге ҳәм фермерге бөлип берилди. Жаңадан шөлкемлестирилген кәрхана тәрепинен 10 мың қуты сапалы наўқан қуртының туқымы жетистириледи. Бул болса, республикамыздың барлық районларын наўқан қуртының туқымы менен тәмийинлеў имканиятын береди.
«Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы ҳәм қытайлы бирге ислеўшилер менен иске түсирилген жәмийетте 50 адам турақлы, 150 адам мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленди. Тараўда айтарлықтай тәжирийбеге ийе қытайлы қәнигелер тәрепинен жергиликли жумысшы-хызметкерлерге наўқан қуртының туқымын таярлаў технологиясы ҳәр тәреплеме үйретилди. Келешекте бул жерде 20 мың қутыдан көбирек наўқан қуртының туқымы таярланады ҳәм оны сатыў арқалы жергиликли бюджетке қаржы түсириледи.
Ашылыў салтанаты соңында хызметкерлерге район ҳәкимлиги ҳәм жәмийет тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.