Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:26:48, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАРЎАШЫЛЫҚ ТАРМАҒЫНДАҒЫ НӘТИЙЖЕЛЕР

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-январьдағы «Шарўашылық тармағын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бул бойынша шарўашылық тараўын жедел раўажландырыў, ислеп шығарыў көлемин асырыў, түрлерин кеңейттириў бо­йынша бир қанша жумыслар алып барылмақта.

2020-жылдың январь-март жағдайына шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 666,2 млрд. сумды ямаса 2019-жылдың январь-мартына салыстырғанда 104,0 процентти қурады. Ислеп шығарылған аўыл хожалығы өнимлериниң улыўма көлеминде шарўашылық өнимлериниң үлеси 90,9 процентти қурады. Республикамызда халықты өзлеримизде ислеп шыға­рыл­ған сапалы ҳәм арзан шарўа өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде көплеген ис-илажлар алып барылмақта. Бул көрсеткишлерди усы жылдың январь-март айларына сәўлелендиргенимизде, гөш өнимлери 15,2 мың тоннаға, сүт 49,8 мың тоннаға, мәйек 77,8 млн. данаға жетилистирилгенин көриўимизге болады.

Усы жылдың биринши шерегинде шарўашылық тараўында сезилерли дәрежеде алға илгерилеўшилик болады. Буларды атап өтетуғын болсақ, қарамаллардың улыўма бас саны 1102,0 мың басқа, соннан сыйырлар 318,2 мың, қой ҳәм ешкилер 1107,2 мың, атлар 24,5 мың басқа, қуслар 4421,4ке жетти. Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда барлық түрдеги хожалықларда қарамаллар бас саны 9,4 мың басқа, соннан сы­йырлар 2,7 мың басқа, қой ҳәм ешкилер 24,7 мың басқа, қуслар 0,1 млн.басқа көбейди.

2020-жылдың 1-апрель жағдайына қарамаллардың бас саны ҳаққындағы мағлыўматларды хожалық түрлери бойынша анализлейтуғын болсақ, фермер хожалықларында қарамаллардың үлеси 4,8, дийқан (жеке жәрдемши) хожалықларындағы үлеси 94,4 ҳәм аўыл хожалығы менен шуғылланыўшы кәрханалардың үлеси 0,8 процентти, усыған сәйкес, қой ҳәм ешкилердиң улыўма бас саны, фермер хожалықларындағы үлеси 11,1 процентти, дийқан (жеке жәрдемши) хожалықларындағы үлеси 87,5 ҳәм аўыл хожалығы менен шуғылланыўшы кәрханалардағы үлеси 1,4 процентти қураған. Сондай-ақ, қуслардың улыўма бас санынан фермер хожалықларындағы үлеси 7,1, дийқан (жеке жәрдемши) хожалықларындағы үлеси 86,5 ҳәм аўыл хожалығы менен шуғылланыўшы кәрханалардағы үлеси 6,4 процентти қурады.

Әлбетте, бундай унамлы нәтийжелер алдағы ўақытларда да даўам етип, республикамызда шарўашылықтың раўажланыўына өз тәсирин тийгизеди.

Н.МӘДРЕЙМОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы

аўыл хожалығы ҳәм экология бөлиминиң баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF