БОЗАТАЎДАҒЫ ТЕКСТИЛ КӘРХАНАСЫ ҚАЛАЙ ИСЛЕМЕКТЕ?
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң жуўапкерлери Бозатаў районындағы «Бозатаў» посёлка пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Боз-тех» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен шөлкемлестирилген «Текстиль» кәрханасының жумысы менен танысып, карантин дәўиринде жүзеге келген машқалаларына шешим табыўға әмелий жәрдем бериў мақсетинде ушырасыў өткерди.
Ушырасыў даўамында атап өтилгениндей, коронавирус эпидемиясының тарқалыўына қарсы жәрияланған карантин мүнәсибети менен исбилерменлер ушын салық төлеў менен байланыслы ҳәм басқа да бир қатар жеңилликлер жаратылды. Бул бағдарда Президентимиздиң көплеген пәрманлары ҳәм қарарлары қабыл етилип, усы мәселелер бойынша видоеселектор мәжилислерин өткерип келмекте. Елимизде исбилерменлер өзлери ушын жаратылған усындай шараятлардан нәтийжели пайдаланып, халқымызға сапалы хызмет көрсетип келмекте.
— Бүгинги күнде кәрханамызда 100 ге шамалас жумысшы мийнет етпекте. Олар пандемия дәўиринде талап етилетуғын карантин қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда өз жумысларын алып бармақта. Бул жерде хызметкерлер ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Ҳәзирги ўақытта кәрханамызда карантин талапларына бойсынып, медициналық нықаплар менен трикотаж өнимлери тигилмекте, -дейди кәрхана баслығы Р.Сабуров.
Министрлик басшысы кәрханадағы жумысшылар менен де сәўбетлесип, машқалаларын үйренди ҳәм олардың пикир-усынысларын тыңлады. Ҳәр бир мүрәжат итибардан шетте қалмай, үйренип шығылатуғыны атап өтилип, олардың орынланыўы бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
Буннан соң аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж, көп балалы шаңарақлардың ҳалынан хабар алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.