2020-2021-ОҚЫЎ ЖЫЛЫНДА ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МӘКЕМЕЛЕРИНЕ ОҚЫЎҒА ҚАБЫЛ ЕТИЎДИҢ МӘМЛЕКЕТЛИК БУЙЫРТПАСЫ ПАРАМЕТРЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Жаслардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўын буннан былай да кеңейтиў, жоқары билимлендириў мәкемелери арасында саламат бәсекини күшейтиў, карантин шараятында жоқары билимлендириў мәкемелерине абитуриентлердиң ҳүжжетлерин қабыл етиў ҳәм кириў имтиханларын тийисли дәрежеде өткериў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021- жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:
- а) 2020-2021-оқыў жылында бакалавриат билимлендириў бағдарларына оқыўға қабыл етиўде:
абитуриентлерди дизимнен өткериў усы жылдың 20-июнинен 20-июлине шекемги (20-июль күни де) мүддетте Өзбекстан Республикасына коронавирустың жаңа түри кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен белгиленген аймақларда — Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы, барлық аймақларда — Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайының (кейинги орынларда — Мәмлекетлик тест орайы) рәсмий веб-сайты арқалы әмелге асырылатуғынлығы;
кириў тест сынақлары абитуриент таңлаған бакалавриат билимлендириў бағдарына сәйкес еки пәннен өткерилетуғынлығы;
абитуриентлерге тест сынағы тапсырылатуғын пәнлердиң комплекси және пәнлердиң избе-излиги бир түрде болған бес бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша таңлаўда қатнасыў ҳуқықы берилетуғынлығы;
б) 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўынан баслап:
Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усынысына ийе болған ҳаял-қызлар ушын бакалавриаттың күндизги билимлендириў түри бойынша улыўма белгиленген мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерине қосымша төрт процентлик мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери ажыратылатуғынлығы;
мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура қәнигеликлерине оқыўға кириў, сондай-ақ, бакалавриат билимлендириў бағдарларына оқыўды көшириў ҳәм қайта тиклеў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў процеси Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты арқалы әмелге асырылатуғынлығы белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги тәрепинен мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
2020-2021-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери (кейинги орынларда — Мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери) ислеп шығылғанлығы;
мазмун жағынан жақын болған бакалавриат билимлендириў бағдарлары бирлестирилгенлиги ҳәм профиль қәнигелесиў тараўлары кеңейтилгенлиги;
магистратура қәнигеликлери кеңейтилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Мәмлекетлик буйыртпаның параметрлери:
а) бакалаврларды таярлаў бойынша:
күндизиги тәлим түрине — 103 575 адам болып 1-қосымшаға;
сыртқы тәлим түрине — 31 350 адам болып 2-қосымшаға;
кешки тәлим түрине — 5 025 адам болып 3 -қосымшаға ;
б) магистрлерди таярлаў бойынша — 10 425 адам болып 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2020-2021-оқыў жылында Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссияның (кейинги орынларда — Мәмлекетлик комиссия) қурамы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Мәмлекетлик комиссияға төмендеги ҳуқықлар берилсин:
зәрүрлик болғанда, жаңа бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерин киргизиў және шөлкемлестирилетуғын жаңа жоқары билимлендириў мәкемелериниң қабыллаў параметрлерин белгилеў ушын Мәмлекетлик буйыртпа параметрлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў;
экономика тармақлары ҳәм аймақлардың, соның ишинде, республиканың алыс ҳәм барыў қыйын болған районларының қәнигелерге болған зәрүрлигин қанаатландырыў ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат ҳәм магистратурасына тийисли тармақлар ҳәм аймақлар бойынша мақсетли қабыллаў параметрлерин белгилеў;
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлардың усыныслары тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелериниң абырайын ҳәм аймақлық жайласыўын есапқа алған ҳалда базалық төлемли-контракт баҳасынан келип шығып дифференцияластырылған төлемли-контракт минимал муғдарының бирден-бир көрсеткишлерин билимлендириў тараўлары ҳәм республика аймақлары бойынша белгилеў (өзин-өзи қаржыландырыў системасына өтип атырған жоқары билимлендириў мәкемелери буған кирмейди);
профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлерин тастыйықлаў.
- Ферғана ўәлаятының Сўх районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, перспективада усы аймақтың экономика тармақларын заманагөй пикирлейтуғын тәжирийбели қәнигелер менен тәмийинлеў мақсетинде усы район ушын бакалавриаттың күндизги тәлим түри бойынша улыўма белгиленген қабыллаў көрсеткишлерине салыстырғанда қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы 500 орын муғдарындағы мақсетли қабыллаў параметрлери ажыратылсын.
Ферғана ўәлаятының ҳәкимлиги Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте усы қабыллаў параметрлерин талапқа муўапық жоқары билимлендириў мәкемелери кесиминде бөлистириў бойынша тийкарланған усынысларды бир ҳәпте мүддетте Мәмлекетлик комиссияға киргизсин.
- Өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткен жоқары билимлендириў мәкемелерине өзин-өзи толық қаржылай тәмийинлеў муғдарынан келип шығып, төлемли-контракт тийкарында оқытыў баҳасын белгилеў ҳуқықының берилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткен Жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша белгиленген төлемли-контракт муғдары ҳаққындағы мағлыўматларды бир ҳәпте мүддетте ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағында жәрияласын.
- 2021-2022-оқыў жылынан баслап кадрлар буйыртпашылардың талаплары толық автоматластырылған түрде «Quota.mineconomy.uz» мәлимлеме системасы (кейинги орынларда — Мәлимлеме системасы) арқалы қәлиплестирилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Буйыртпашылардың кадрларға болған талабын анықлаў процесин санластырыў мақсетинде 2020-жыл 1-октябрьге шекем:
Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги экономика тармақларының жоқары мағлыўматлы кадрларға болған ағымдағы талабын бақлап барыў имканиятын жаратыў ушын «Бирден бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық бағдарламалық — аппарат комплексин Мәлимлеме системасы менен интеграцияласыўын;
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги республиканың барлық мектеплеринде питкериўши класслардағы оқыўшылардың саны және педагогикалық қурамы ҳаққында турақлы жаңаланып баратуғын мағлыўматлар базасын Мәлимлеме системасы менен интеграцияласыўын;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте кадрлар буйыртпашыларының талаплары ҳаққындағы мағлыўматларды «Электрон санлы имза» системасын қолланған ҳалда Мәлимлеме системасына киргизилиўин және Мәлимлеме системасынын турақлы түрде жетилистирип барылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы мәмлекетлик тест орайы ҳәм Халық билимлендириў министрлиги басқа министрликлер және уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-сентябрьге шекем улыўма билим бериў мәкемелери питкериўшилериниң жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясы және жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имтиханларын унификациялаў ҳәм бирден-бир имтиханды жолға қойыў бойынша усынысларды ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Мәмлекетлик комиссия 2020-жыл 20-июньге шекем:
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң буйыртпаларына муўапық денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириўи, ветеринария тараўларында жоқары мағлыўматлы кадрларға талабы жоқары болған аймақлар ушын Мәмлекетлик буйыртпа параметрлериниң мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде мақсетли қабыллаў параметрлериниң район (қала)лар кесиминдеги бөлистирилиўин;
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар және Мәмлекетлик тест орайының усыныслары тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелерине Мәмлекетлик буйыртпа параметрлериниң билимлендириў тиллерине қарап бөлистирилиўин тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
а) бир ай мүддетте:
Өзбекстан стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў агентлиги және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте 2020-2021- оқыў жылында жаңадан киргизилип атырған бакалавриат тәлим бағдарлары және магистратура қәнигеликлерин еспақа алған ҳалда Жоқары билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери классификаторына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизсин;
Системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте жаңадан киргизилип атырған бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң маманлық талаплары, оқыў режелери және пән бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын;
б) 2020-жыл 31-декабрьге шекем бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң өзгешелигинен келип шыққан ҳалда питкериўшилерге тийкарғы және қосымша квалификация бериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
в) Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги және системасында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-декабрьге шекем төмендегилер ҳаққында Министрлер Кабинетине тийкарланған усынысларды киргизсинF
Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпа параметрлеринде тек ғана мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерин белгилеў;
төлемли-контракт тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерин жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен еркин белгилеў. Онда, төлемли-контракт тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен белгиленген муғдардан аз болмаўы тийис;
қәбилетли студентлерди мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлеринде де мәмлекетлик грант тийкарында оқытыў;
айрықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў тараўларының бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыллаў ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар менен биргеликте мәжбүрий үш — ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлери бойынша тест сынақларын тапсырыў тәртибин енгизиў.
- Спорт тараўында жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаў процесин оптималластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының «Спорт жумысы (жумыс түрлери бойынша)» бакалавриат тәлим бағдары бойынша оқыў мүддети 3 жыл болған билимлендириў бағдарламалары шеңберинде кадрларды таярлаўды әмелге асырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- 2020-2021-оқыў жылынан баслап «130 000 — Математика» тәлим тараўы бойынша магистратура қәнигеликлери ушын Мәмлекетлик буйыртпаның параметрлери толық мәмлекетлик грант тийкарында қәлиплестириледи;
2020-2021-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында бакалавриат ҳәм магистратураға оқыўға қабыл етилген шахсларды оқытыў менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылады.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 6-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Әдиллик министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2020-жыл 12-июнь.