Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:34:23, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ПИТКЕН АҚЫЛ БОЛМАСА...»

Журналистке ҳүжим ­ жәмийетке ҳүжим демек. Демократияға сөз еркинлигисиз ерисип болмайды. Ҳеш қандай жәмийет нызамбузыўшылықларды сорастырып, ҳақыйқатты айта алатуғын журналистлерсиз әдалатлы бола алмайды.

«Еркин Қарақалпақстан»ның усы жыл 28-майдағы санында жәрияланған «Тамырға балта урылмайды, ямаса баспасөз тараўындағы машқалалар ҳаққында сөз» материалын бул мәселеден жақсы хабардар нураный журналист сыпатында үлкен қызығыўшылық ҳәм қанаатланыўшылық пенен оқып шықтым. Өйткени, онда сөз етилген машқалалар көптен берли кеўилде жүрген гәплер еди. Мақала авторы, усы газетаның Бас редакторы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Реймов соңғы жыллары газета-журналлардың абырайының түсип кетиў себеплерин терең талқылай отырып, мәлимлеме технологиялары тез пәт пенен раўажланып атырған ҳәзирги дәўирде газета-журналлар керек пе, олар ескиликтиң сарқыты емес пе! деп даўрығып жүрген базыбир келтепәмлерге анық жуўап бере алған.

Басқаларды билмедим-дә, мен өзим газетаның ҳәр бир санын күн санап күтип отыраман. Илгериде, карантинге байланыслы бир-еки ҳәпте келмей қал­ғанда өзимди қоярға жер таба алмай қалдым. Ҳаў, усындай тынышлық ҳәм тоқшылық заманда газетаның жумысын тоқтатыў ушын қандай себеп болыўы мүмкин, деп көп ойландым. Қудаға шүкир, бул алағадалық көпке созылмады.

Мениңше, ҳәзирги мәлимлеме тарқатыўшы техникалық қураллар қаншелли жетилискен болса да, қағазға басылған сөздиң орны басқаша:

бириншиден, техника менен онша таныс емес адам олардың шексиз имканиятларынан нәтийжели пайдалана алмайды;

екиншиден, керекли мағлыўматларды абайсызда алжастырып алыў ямаса өширип қойыў итималы да жоқ емес;

үшиншиден, олардың ҳәммеси электр энергиясы менен ислегенликтен қанша көп пайдалансаң, денсаўлығыңа сонша көп зыян келтиресең.

Дурыс, автордың атап өткениндей, «ол тек ғана бизиң мийнетимизди жеңиллетиўи, узағымызды жақын етиўи мүмкин». Бирақ, ой-өрисимизди кеңейтиўге, жазба саўатымызды жетилис­тириўге, ең өкинишлиси — ана  тилимизди раўажландырыў ар­қалы руўхый дүньямызды байытыўға унамлы тәсир ете алмайды. Сонлықтан да компьютер менен қоса туўылып, қоса ержеткен жасларымыздың жүрис-турысындағы оғашлықларын, пикир жүргизиўдеги, сөз саплаўдағы әбигерлигин көргенде уялып кетесең. Қалаберсе, айы­рым журналистлеримиздиң де ана тилимиздиң бай ғәзийнесинен утымлы пайдалана билмеўи оғада өкинишли.

Мәселен, газета-журналларда, басқа да ғалаба хабар қуралларында ана тилимиздиң тазалығын сақлаў, аўдарма жумысын жақсылаў жөнинде қаншадан-қанша орынлы пикирлер айтылып киятыр. Мениң өзим де баспасөзде бул темада бир неше мәрте шығып сөйледим. Бирақ, буған итибар берип атырған адам жоқтай. Себеби, жасларды айтпағанның өзинде естияр журналистлеримиздиң де көбиси елеге шекем өндиристи — ислеп шығарыў, сапалыны — сыпатлы, мийрим-шәпәәтти — меҳир-ақыбет, сүдинди — үстин, жүзиўди — сүзиў ҳ.т.б. деп жазыўын даўам етпекте. Ең жаманы, мақалада айтылғанындай, бизлер бундайды «көре-көре көзимиз көнлигип, етимиз өлип, сезимсиз болып бармақтамыз».

Автордың интернеттиң адамлардың, әсиресе, жаслардың санасына унамсыз тәсири ҳаққындағы пикирлери де озық ойлы инсанларды ойландырмай қоймайды. Өйткени, бүгинги қол-қанатымыз, ертеңги келешегимиз, деп исенип отырған пер­зент­леримиз кем-кемнен өзинше пикир жүргизиў қәбилетин жойтып, жансыз роботқа айланып баратырғандай. Ҳәтте, заманагөй мәлимлеме техноло­гияларын «суўдай ишип алған» қыз-жигитлеримиз таяр үлги болмаса дурыслап арза жаза алмайтуғынын талай мәрте көргенбиз. Гейде келбети келискен, ақыл-закаўатлы, әдеп-икрамлы, саўатлы болып көринген жасларымыздың гәп қурап сөйлеўге, калькуляторсыз әпиўайы санларды қосып-алыўға шорқақлығын көргенде оларды ҳәм аяйман, ҳәм қорқаман. Себеби, ертеңги күни бизлердиң тәғдиримизди шешетуғын солар емес пе?

Усыған байланыслы мына бир ўақыяны еслеп өтпекшимен. Бир сапары дүканда саўда ислеп болып, алған затларымның баҳасын өзимше ядтан есапладым да, пулын узаттым. Бирақ, дүканшы бала буған итибар бермей, калькуляторға үңилип отыра берди. Мен шыдамай:

— Балам-аў, бәри белгили-ғой, пулыңды ала берсеш, - дегенимде ол:

— Аға, асық­паң, саўдада адамға емес, техникаға исениў керек, - деди мардыйып. Буған не деўге болады?

Деген менен техника тек саўдада емес, ал, турмыстың барлық салаларында кеңнен пайдаланылмақта. Компьютерде шахматты айтпағанда ҳәтте, аўдарма ислеў, қосық жазыў, нама шығарыўға жәрдем ететуғын арнаўлы бағдарламалар бар қусайды. Қулласы, адамзат Жаратқан ийем тәнҳа өзине берген инсаныйлық пазыйлетлерди техникаға жүклеўге қаншелли көбирек урынған сайын, оның өзиниң тәбийғый дөретиўшилик қабилетлери соншелли кемейип, әззилеп бармақта. Буның ақыбети не боларын ҳеш ким билмейди. Халқымызда. «Питкен ақыл болмаса, сүрткен ақыл не болады» деген даналық гәп бар. Солай екен, интернеттен алынған мәлимлеме китаптан, газета-журналдан оқыға­ныңдай тәсир етпейтуғыны анық. Бәлким, жаңа әсирдиң басында қарақалпақ әдебиятында тилге аларлық тулғалардың көринбей атырғаны да усыннан шығар?! Ақыры Бердақ, Әжинияз, Ибрайым, Төлепбергенди оқымаған, халқымыз дөреткен дәстанлар менен қосықларды тыңламаған адамнан жақсы шайыр, жазыўшы шығыўы мүмкин бе?

Демек, тәлим-тәрбия жумысларына заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў менен бирге перзентлеримиздиң руўхый дүньясын байытыўға тиккелей тәсир ететуғын баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының бурынғы абырайын қайта тиклейтуғын ўақыт келди, деп ойлаймыз. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында ҳәўиж алған ғалаба меншиклестириў сиясаты, «Ҳәр ким өз күнин өзи көрсин» деген сүрен олардың жумысына орны толмас зыян келтиргени ҳешкимге сыр емес. Буның бәрин мен «Вести Каракалпакстана» газетасының Бас редакторы болып ислеген жылларымда өз басымнан кеширгенмен. Сонлықтан да газета-журналларды буннан былай раўажландырыў, турақлы қаржы менен тәмийинлеў мәселесине байланыслы Өзбекстан ҳүкиметиниң қарары таярланып атырғаны мени оғада қуўандырды. Бул ҳүжжет наны жуқа журналистлеримиздиң мийнет ҳәм турмыс шараятларын және де жақсылап, олардың ҳақыйқый дөретиўшилик жумыс пенен шуғылланыўы ушын жаңа имканиятлар жарататуғынына исенемиз.

Елмурат БАЙНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF