«ТЕК ЖҮРГЕН ТОҚ ЖҮРЕДИ»
Ата-бабаларымыздың өмир тәжирийбесинен дөрелген бул нақыл қанша әсирлер өтсе де мазмунын жоғалтпағанын турмысымыз дәлиллеп келмекте.
1988-жылы туўылған, Әмиўдәрья районының «Қыпшақ» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Еркин Шамуратов өзи ойламаған жерде ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды.
Күн көриси ушын Россия мәмлекетине барып жумыс ислеп жүрген Еркин өзиниң билдириўи бойынша, уялы телефон арқалы «Одноклассники» сайтынан диний мазмундағы материалды көрип, оған қызығып қалады ҳәм «лайк» басады.
Әне қалас! Буның нызамсыз екенлигин, Еркинди жаза шарасы ушын 2 млн. 230 мың сумға түсиретуғынлығын, алдыннан билгенде еди?! Әттең, билмеди. Бирақ, ис өтип кетти. Мың пушайман болған менен жынаят жазасыз қалмайтуғыны анық. Сол ушын ата-бабаларымыз «Тек жүрген тоқ жүреди», деп күйгенинен айтқан болса керек.
Усы жылдың январь айында Еркинниң интернеттиң социаллық тармағынан сайт арқалы профил ашып, диний мазмундағы баянат ҳәм видеокөринисиндеги материалларды тарқатып жүргенлиги анықланған. Солай етип, ол бул жынаятлы ҳәрекети ушын тийисли жазасын алды. Буннан жуўмақ шығарыў Еркинниң өзине байланыслы.
Б.ЖОЛДАСБАЕВА.