ЖУЎАПКЕРСИЗЛИКТИҢ ЖАЗАСЫ
Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 1842-статьясына көре диний мазмундағы материалларды тарқатыў мақсетинде нызамға қайшы рәўиште таярлаў, сақлаў, ғәрезсиз мәмлекетимиз аймағына алып кириў яки тарқатқанлығы ушын жуўапкершилик белгиленген.
1996-жылы Әмиўдәрья районында туўылған, орта арнаўлы мағлыўматқа ийе, Маңғыт қаласы, Пахтакор көшеси 26-жайда жасаўшы Рахимбаев Худойберган Отабек улы да келтирилген Кодекс статьясы талапларын бузғанлықта айыпланған.
Атап айтқанда, ҳуқықбузар Х.Рахимбаев 2020-жыл 22-январь күни өзиниң «ARTEL» маркалы қол телефонынан «MANGIT CITI» телеграмм социаллық топарына бир дана видеокөринистеги диний мазмундағы материалды тарқатқанлығы тийисли уйым хызметкерлери тәрепинен анықланған. Нәтийжеде ҳуқықбузарлыққа жол қойған Х.Рахимбаевтың нызамсыз ҳәрекетлери суд тәрепинен көрип шығылды ҳәм базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарындағы жәрийма жазасына тартылды.
Әне, ойланбай атқан қәдем, жуўапкерсизлик ақыбети шаңарақ ырысқысына әдеўир материаллық зыян алып келди. Жуўапкерсизликтиң жазасы бул.
Б.ҚУРБАНОВ.