Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:43:57, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОЙНАҚ ЖАСЛАРЫ БӘРШЕГЕ ӨРНЕК БОЛМАҚТА

Усы жыл 10-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергеновтың Мойнақ районының белсенди жаслары менен ушырасыўы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мир­зиёев 2019-жылдың 20-21-август күнлери республикамызға сапары даўамында 2019-2021-жылларда Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша жаңа ўазыйпалар белгилеп берген еди. Мине өткен қысқа ўақыт ишинде районда бир қатар объектлер қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды. Ҳақыйқатында да, бул бағдарда айтарлықтай қурылыс жумыслары алып барылды.

Президентимиздиң 2019-жыл 27-декабрь күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме техноло­гиялары мектебинде жаслар менен ушырасыўдағы 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады,-деген пикирлери район жасларын да руўхландырмақта. Олар тәрепинен бүгинги күни алып барылып атырған жумыслар буның айқын көриниси болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары тийкарында районда «Мойнақ келешек қурыўшылары» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилип, оған райондағы «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 240 гектар егислик жер майданы ажыратылды. Соннан 1 ярым гектарында заманагөй ыссыхана қурылды ҳәм түрли палыз егинлери егилди. Нәтийжеси жаман болмады. Бүгин 70 сотых жерге қыяр, 35 сотых жерге помидор егилип, жоқары өним алынды. Буннан тысқары, баклажан, болгар бурышы, түрли пайдалы көк шөплер тәжирийбе сыпатында егилди.

 Бул жерде жетистирилген өнимлер район халқына арзан баҳаларда сатылмақта. Буннан тысқары, ашық далаға егилген дақыллар да бир тегис көгерип шығып, көрген көзди қуўандырады. Ең баслысы, 90 нан аслам район жаслары жумыс пенен тәмийинленди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергеновтың район жаслары менен ушырасыўының усы ыссыхана жанында өткерилиўи тосыннан емес. Инсан қанша ҳәрекет етсе, сонша берекет дарыйтуғынлығын район жаслары ис жүзинде дәлиллемекте. Қоллап-қуўатлаўлар нәтийжесинде әмелге асырылған басламалар бүгин көпшиликке өрнек болмақта.

Ушырасыўда 10 жас шаңараққа тәжирийбе сыпатында ыссыхана қурып берилетуғын болды. Бул жасларды айрықша қуўанышқа бөледи. Аймақ турғыны Парийзе Балтабаева  көп жыллардан берли сырт елде қол ушы талап ислеп жүрген еди. Мойнақ районында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған илажлар нәтийжесинде ол да ыссыханада жумыс пенен тәмийинленди. Өз аўылыңда мийнет еткенге не жетсин! Бүгин ол сырт елдегиден кем дәрамат таўып атырған жоқ.

Бурынлары районға аўыл хожалығы өнимлериниң көпшилиги сырттан алып келинетуғын еди. Нәтийжеде сапасын жойтады. Ҳәзир болса, ыссыханада жаңа үзилген өнимлер район дийқан базарында халыққа сатылып атыр. Арзан ҳәм сапалы өнимлерге талап артып бармақта. Бул қарыйдарларды да, сатыўшыларды да  қанаатландырады.

Усы жерде қайырқомлық илажы да өткерилди. Президентимиздиң басламасы менен алға қойылған «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети тийкарында райондағы 11 мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж 200 шаңараққа азық-аўқат ҳәм усы жерде жетистирилген өнимлер тапсырылды.

Ушырасыўда жаслар өз пикир-усынысларын билдирди ҳәм олар бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF