Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:57:10, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗИҢИЗ МИНГЕН ШАҚАНЫ ШАППАҢ

Белгили журналист ҳәм ша­йыр Кеңесбай Реймовтың «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2020-жыл 28-майдағы 53-54-санларында жарық көрген «Тамырға балта урылмайды» деген мақаласына көзим түсти де, бирден «Кеңесбайға не түртки болды екен, газетаның шөлкемлестириў жумысларынан басын көтере алмай, мақала жазыўға қолы тийе бермейтуғын еди ғой», дедим де дәрҳәл оқыўға киристим.

Мақаланың дәслепки сөз басыларын оқыўдан-ақ, әсиресе, айырым басшы лаўазымдағы кимселердиң «бизге газетаның кереги жоқ, ол ескиликтиң қалдығы» деген келте пикирлерин оқыўдан ҳайран болдым ҳәм сол заматы өзи отырған шақаны шаўып атырған Өмирбек лаққыға «ҳәзир жығылып түсесең ғо» деген өткинши жолаўшының әпиўайы пикири ядыма түсти.

Ақыры, сиз бенен биз усы баспасөз арқалы хат таныўды үйренип, усы баспасөз арқалы дүньяны танығанымыз жоқ па!

Аяз бий елге хан болғанда шопан ўақтында кийген шар­қын маңлайшаға илдирип қойғанда, «аяқ-кийим таба алмай қалсам ертең кийермен» деп илип қой­ғанды деп пе едиңиз? Жоқ, әлбетте! Ол «ашлықта жеген зағарасының дәмин умытпаў ушын» усылай ислеген.

Қала берди, сол басшы лаўазымдағы айырым шахслар газетаға кеңсениң есабынан жазылады. Солардың арасында өзимиз де бармыз. Егер де газетада өзиниң ямаса өзи ҳаққында мақала басылған болса, азанда биринши жумысты редакцияға қоңыраў етиўден баслайды: «ҳәзир шофёрды жиберемен, 4-5 газета берип жибериң».

Сол «4-5 газетаның» қалай шығып атырғаны менен жумысы жоқ. Газета атыздан өнсе екен, «дийқаншылық ғой» деп бир буўат берип жибериўге болар еди. Әттең, оның қағазы бир мәмлекеттен, бояўы және бир мәмлекеттен келеди. Оны есапқа алып отырмайды да, «әй, бул журналист деген халық қытымыр болады» деп айтыўшылар да табылып қалады. Буның ушын дәлил келтирип, биреўдиң зейнине тийиў шәрт емес, оны газетада ислеген ўақытларымызда талай еситкенбиз.

Биз өзи қанымызға сиңген әдет, 5-6 жигит кафеге кирип, бир заман отырысып қайтыўға барсақ, ҳәзирги баҳада бир миллионды таслап қайтамыз. Ал, газетаға жазылыўға келгенде жүз мыңнан асса, «ой-буў, қымбат екен ғо» деп кейин шегингенимизди билмей қаламыз. Ақыры, ол сени кафедегидей бир мәрте тойдырып қоймайды, жыл даўамында руўхый азық болады ғой. Устаз шайырымыз Ибрайым аға айтқан едиF «китаптан узақлас­қан күни кәмбағалға айланасаң», деп. Сол сыяқлы, баспасөздиң қай-қайсысы да бизди руўхый кәмбағаллықтан қутқарады.

Кеңесбай мақаласында Расул Гамзатовтың, «сен өтмишке топанша қаратсаң, келешек сени зеңбирек пенен атады» деген даналық гәпин дурыс келтирген екен. Бирақ, газета еле өтмишке айланған жоқ, ол биз бенен бирге жасап атыр, еле де бирге жасай береди. Усы жерде өтмишке байланыслы және бир ўақыя есиме түсип тур.

2005-жылы Самарқанд қаласында «Өзбек киносы күнлери» болды. Сонда Өзбекстан халық артисти Хусан Шарипов бир ўақыяны айтып берип, ушырасыў қатнасыўшыларының ерксиз көзине жас алдырған еди.

... 1941-жылы атамыз (әкеси) урысқа кетти. Үйде анамыз, мен ҳәм меннен еки жас үлкен әжағам үшеўимиз қалдық. Нан та­лонға бериледи. Талонға берилген нанды сатып алыў ушын да ақша керек. Биз еки бала жас өспиримбиз — табысымыз жоқ. Анамыздың тапқан қурттай ақшасы үшеўғанамыздың тамағымызды тойдырыўға да жетпейди.

Сонда шарбағымызда бир түп ғарры алма бар еди. Алма пискенде анамыз, оны қалдырмай терип алып, аршаға салады. Аршаның аўзына қулп урады. Гилти  шашбаўында жүреди. Сонда биз әжағам екеўмиз алманы ийискеп жатыў ушын аршаның үстинде уйқылап шығыўға гезек қоятуғын едик. Бир күни ол уйқылайды, бир күни мен. Анамыз бизиң алма жегимиз келип тур­ғанын сезсе де, өзин беккем тутып, ишлей қыйланып турғанын билдирмейди. Ол ҳәр күни сол аршадан он-он бес алма алып базарға кетеди ҳәм қайтарсын сол алманың пулына талонға беретуғын наннан алып келеди. Ҳәммемиз шай менен ишип жүрек жалғаймыз.

Алма бир түп болғаны менен мийўалы, жасы бар дарақ еди. Анамыз оның быйылғы мийўасын келеси алма писикке дейин жеткерер еди.

Усылайынша жыллар изинен жыллар өтти. Узаққа созылған урыс ақыры тамам болды. Атамыз урыстан аман-есен қайтып келди. Анамыз сонда «үҳ-ҳ» деп ҳарғын дем алып, өзиниң ийнинен үлкен бир жүк түскендей жеңил сезинди.

Күнлерден бир күни анамыз мәҳәлледеги бир мерекеге кетти. Атамыз ол кеткеннен кейин балтаны егеп, сол үлкен алма дарағын шаўа баслады. Шынына келгенде дарақ бираз қартайған, уш бетлери қуўрай баслаған еди.

Күн аўа анамыз мерекеден келди. Дәрўазадан кирер екен, пүткил шарбақтың ишин алып сулап атырған алма дарағын көрди де жүресине отырды да қалды. Не болғаны белгисиз, сес­ти шықпайды. Әллен ўақытларда өзине келип, егил-тегил жылаўға қарады. Көз жаслары еки жанарын жуўып ақты. Биз ҳәммемиз алдына бардық.

— Ағасы? Бул не қылғаның? Не қылып қойдың?! Не қылып қойдың? Ақыры, бул алма сен урыстан келемен дегенше еки перзентиңди ашлыққа дуўшар етпей сақлап еди ғо? Қалай қолың барып буның тамырына балта урдың?

Анамыздың мына аўҳалына кеўлимиз елжиреп, биз де қосылып жыладық. Сонда атамыз анамыздың алдында дизерлеп кеширим сорады. Қайта-қайта жалбарынып кеширим сорады. Соң оны зорға үйге сүйеп алып кирди.

Хош, тамырға балта урыўдың ақыбети қандай болады екен?! Бизди дерлик бир әсирлик ўақыттан берли өзиниң руўхый байлығы менен сақлап келген баспасөзден ўаз кешиў — оның тамырына балта урыў емес пе!!

Күни кешеги ўақыяларды бир есиңизге салып өтейин. 1989-жылы 1-декабрьде қарақалпақ тилине мәмлекетлик бийлик берилди. Бул өз-өзинен болған жоқ. Баспасөз хызметкерлери — журналистлер, тоталитар дүзимниң «қылышының» астына желкелерин тутып, бул бийликти алыўға еристи. Сонда биз тилимизге енисип кеткен русша сөзлердиң аўдармасын таба алмай сарсаң болдық. Газетада берилетуғын сиясий хабарлар «информациялық билдириў», «план», «проект», «доклад» сыяқлы толып атырған сиясий терминлер, «ал билгир болсаң мени аўдарып көр» деп турар еди. Сонда биз отызыншы жыллардағы газеталарды ақтарыўға мәжбүр болдық. Ибрайым аға «Шүкир-аў месткомның бары, ең болмаса төлер жары» дегениндей, архивтиң барына шүкир. Сол жыллардағы газеталарды ақтарып отырсақ, халқымыз еле орысласып болмаған ўақтында докладты — баянат, докладшыны — бая­натшы, информацияны —мәлимлеме, планды — жоба, проектти — жойбар деп атаған екен. Көзимиз жарқ ете қалды. Усылайынша биз ана тилимизди қайта тиклеп алдық. Енди оны жетилистиремиз деп жүргенде...

Дурыс, интернет керек. Бирақ, оның пайдалы тәреплеринен көре, зыянлы тәреплери бизге көп кесент берип атыр. Әсиресе, көпшиликтиң нәзерин өзине аўдараман деп қорқынышлы хабарларды тема қылып шығаратуғын «саўдагер блогер­лер»ди қәйтип жазаласа да арзыр еди. Коронавирус пандемиясы жәрия­ланғанлы берли телефоннан көз үзе алмай қалғанымыз рас. Бирақ, усындайда кеселленгенлердиң санын 20-30 адамға көбейтип жазатуғын «Ютуб» дағы каналларды не ушын жаўып таслаўға болмайтуғынына ғәзебиң келеди. Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Абдулла Арипов «Маған хош хабар айт жалған болса да» деп усындайдан күйгенинен айтқан екен дә?

Ата-бабада гәп бар: «жақсы хабар болса, биймезгил болса да оятып айта бер, қайғылы хабар болса таңның атыўын күт» деген. Ал, бизиң жаңағыдай блогерлеримиз енди дастыққа бас қо­яйын деп атырғанда телефоныңа «сообщение» таслайды: «он еки жасар баланы машина урып кетти...», «келини менен ойнаслық қылған қәйин ата...», «вампир келин». Түни менен көзиң илинбейди. Бир жаман жери, қәлейик-қәлемейик, қолымыз телефонға барып қалады, усындай сум хабарларды оқығанымызды билмей қаламыз.

Бүгинги күнде «Фейсбук» деген каналды ашып қалсам, әп-әнедей талантлы жасларымыздың, дөретиўшилик жумыслары менен шуғылланыў орнына таныған-танымаған дослары менен «от басы — ошақ қасы» әңгимелерди айтысып, хат жазысып отырғанына қатты жаным ашыйды.

Мен буның менен бүгинги цивилизацияны «қабыл ете алмай атырған» «қалақ» емеспен. Өзимиз де қәлеген тараўда мағлыўмат керек болса дәрҳәл интернеттен излеймиз. Гүзли-бәҳәр интернеттен ҳаўа райын көрип алып, соған бола кийинемиз.

Бундай бийпул мағлыўматларды бизге ким береди! Әлбетте, интернет. Солай болса да, шайыр Улмамбет Хожаназаровтың бир мәжилисте айтқан сөзин мысал келтирмекшимен. «Өзге тилди үйренген жақсы, - деген еди ол. —  Лекин, өз тилиңди умытыў есабынан емес». Сол айт­қандай, интернет мүмкиншилигинен пайдаланған жүдә дурыс, лекин, баспасөзден ўаз кешип емес.

Баспасөздиң компьютерден абзал тәреплери көп. Бир мысал, өткен жылы бизиң баспамыздың компьютерлериниң бирине «қутырған ток» (өлшемнен күшли) келип, бир компьютеримиздиң «мийи» күйип кетти. Ол мийде 2000-жыллардан берли сақланып турған сабақлықлардың оригинал макети тур еди. Биз елеге дейин оны толық тиклей алмай атырмыз.

Және бир мысал, 2012-жылы тазадан түсирип, монтажланып болынған көркем фильмлердиң бирин дискке жаздырып, «Өзбеккино»ға алып баратыр едим. Жолда диск қолымнан түсип кетти. Анадай жерге де­йин домалап барды.

Дискти видеомагнитофонға қойып көрсек, ҳеш нәрсе жоқ. Ол қолымнан түскен ўақытта-ақ дисктеги кино «төгилип» қалған екен. Газетаның бир жақсы жери — оның «мийи» күймейди, жазыўы төгилип қалмайды. Соның ушын да оны «тасқа басылған» деп айтады.

Усыларды еслеп отырып, «жазылыў мәжбүрий емес, ким жазылса жазаланады» деп мәтибийсиген мектеп директорларына қандай баҳа айтыўға сөз таба алмай ҳайран боламан! Бәлким, бул педагогларды директор емес, әпиўайы муғаллим сыпатында қалдырыўдың өзи де натуўры болатуғын шығар. Дурыс, жазылыў мәжбүрий емес. Лекин, солай екен деп, елимизде болып атырған бүгинги жағдайдан хабарсыз, 45 минутты китаптағы теманы айтып бериў менен шекленетуғын устаздан оқыўшы не үйрениўи мүмкин! Ол муғаллим елде не болып атырғанын билмесе, Президент қандай пәрманлар шығарып атырғанын оқымаса, «бундай жаңалықларды билип жүриў миннетиңиз, сиясий сезгирлигиңиз күшли болыўы керек, ақыры сиз ертеңги келешегимиз болған жасларды тәрбиялап атырсыз» деп үгит-нәсият жүргизетуғын директорлардың аўҳалы жаңағыдай болса... биз бул аў­ҳалда қаяққа дейин бара аламыз!!

Газета бир Кеңесбай ушын керек емес, жазылыўшылар аз болса да ҳүкимет өз баспасөзин сақлап қалады. Бул жерде ким зыян көреди, газета-журналға жазылмағанына мақтанып жүретуғын гейпара «билимданлар» зыян көреди.

Пикиримизди бағанағы Өмирбек лаққының анекдоты менен жуўмақламақшымыз. Минген шақасын шаўып жығылып түскен Өмирбек бағанағы адамның изинен жуўырыпты.

— Сиз әўлийе адам екенсиз? Мениң жығылып түсетуғынымды айттыңыз! Буннан буяғындағы тәғдирим не болады, соны да айтып кетиң?

Интернеттен келди-кетпели, өтирикли-ыраслы хабарларды «жаңалық» деп билип, газетаның бетин ашып көрмейтуғын «билимданлардың» келешеги не болады!

Буяғына белгили баслы бир шешим айтыў қыйын. Әбзели -өзиңиз минген шақаны шаппаң!

 

Муратбай НЫЗАНОВ,

Қарақалпақстан халық жазыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF