ҚАЙДАСАҢ, БИРИНШИ ТРАКТОР?!
Биз сөз етпекши болған бул естелик трактор бир жыллары бурынғы «Орақ-Балға» (ҳәзирги «Таслақ») елатында бийикте туратуғын еди. Ҳәзир болса жоқ.
Мениң дайы атам Қанияз Телемисов 1908-жылы Шымбай районы «Қамысарық» аўыл кеңесинде туўылған. Ол жорасы Балтен аға менен усы тракторды Россиядан қанша қыйыншылықлар менен алып келген. Жолда киятырып трактордың соляркасын үйлерге берип, орнына азық-аўқат алып аўқатланып, аўылға зорға жеткен...
Сол жыллары хожалық баслығы болған Айтмурат деген аға жумысты жақсы ислегени, истиң көзин билгени ушын усы биринши тракторды дайы атам Қаниязға тапсырып, тракторшылыққа, ал жорасы Балтен ағаны механик етип жумысқа алған. Атам тракторды иске қосып, дийқаншылық еткен.
Елде репрессия басланады. Сонда мениң дайы атамды да «Россиядан тракторды алып киятырғанда соляркасын сатып пайдаланған» деген айып пенен «халық душпаны» ретинде қамаққа алады. Лекин, атамның ҳешқандай айыбы жоқ еди. Жақын ағайини Қосыбай Жаңабаев атамды ақлап алып шығады. Атам шаңарағы менен 1954-жылы Нөкиске көшип келеди ҳәм қурылыс жумысына араласады...
Мениң анам Дәме Қаниязова жетинши класста оқып жүргенде 6-санлы Бердақ мектебинде шөлкемлестирилген «Изқуўар балалар» деген шөлкемге ағза болады. Онда шөлкем ағзалары ески затларды жыйнаў ушын бир сапары Шортанбай тоғайына барады. Соко Хусайнович деген муғаллимниң басшылығында тоғайды аралап жүрип бир тракторға гез келген оқыўшылар «трактор таптық» деп барлығы жабырласып қуўанысады. Ал, усы табылған трактор мениң дайы атамның Россиядан алып келген биринши тракторы еди...
Солай етип, табылған биринши трактор «Таслақ» елаты, Нөкис-Шымбай жолы бойына ескерткиш етип қойылады. Ал, Соко Хусайнович «Алдағы муғаллим» деген атақ пенен хошаметленеди. Сонда мектептен келген Дәме (мениң анам) «Аға, бизлер бүгин трактор таўып алдық» деп қуўанып айтса, дайы атам... «Қызым, бул мениң Қарақалпақ елине алып келген биринши тракторым ғой» -дейди күле шырай берип. Оның айтыўынша, атам қамаққа алынғаннан кейин совхоз директоры Айтмурат аға тракторды Шортанбайдың тоғайына апарып таслаған екен...
Атам 1966-жылы қайтыс болған. Сондай пидайы, мийнеткеш, жоқары адамгершиликли пазыйлетлерин еслеп, анам көзине жас алып усы ўақыяны айтып берген еди. Мен дайы атам Қанияз Телемисовтың Қарақалпақстанда биринши болып трактор мингенлигин, сол тракторды деп не бир қыйыншылықларды басынан кеширгенин, еринбестен мийнет ислегенин мақтаныш етип ҳәм жас әўладларға өрнек болсын деген нийетте баянлап отырман. Газета оқыўшылары, буған сизиң пикирлериңиз қандай? «Таслақ» елатындағы кишкене сол биринши трактор бүгинлиги қаяқта екен? Бул трактор бурынғы аўқам тарқаған соң көринбей қалды. Себеби, бул да бир тарийхый мүлк сыпатында өз орнында тарийхтан дерек берип тура бергенде болмас па еди? Билген-еситкенлериңиз болса пикирлериңизди жолласаңыз.
Айдын ДЖУГИНИСОВА,
Нөкис қаласы 18-санлы орта мектептиң тарийх-география пәни муғаллими.