Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:34:44, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨНЕРМЕНТ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ҮЙРЕНИЛМЕКТЕ

Соңғы жыллары миллий өнерментшиликти раўажландырыў, оның менен шуғылланатуғын ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў және бәнтлигин тәми­йинлеў бағдарында унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, қолында өнери бар ҳаял-қызларға кредит ажыратыў, исбилерменлик жумысын баслаўға жәрдем бериў, имканияттан келип шығып олардың қызығыўшылығын ҳәм басламаларын есапқа алып, кәсип-өнер үйретиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Мариям Ахмедова арнаўлы жумысшы топар менен бирге Шымбай ра­йонындағы өнермент ҳаял-қызлар менен ушырасып, олардың жумыслары менен танысты ҳәм машқалаларын үйренди.

Дәслеп райондағы «Жипек жолы» МПЖда жасайтуғын үйши Задахан Мырзамуратова менен ушырасты. Ол қарақалпақ халқының өзине тән миллий қәдириятларының бири есап­ланған қара үй ҳәм оның баў-шуўларын ислеў менен шуғылланып келмекте.

— Қарақалпақстанды көз алдына келтирген ҳәр бир адамның қыялында мениңше ең дәслеп усы үлкениң қара үйи елеслейди,-дейди  З.Мырзамуратова.           — Отаў қурыў, оны безеў менен байланыслы барлық көнликпелерге ийе болыў, отаўды тиклеў де өзине тән мийнетти ҳәм шеберликти талап етеди.

Қара үйдиң 70 процент мийнети ҳаял-қызлардың қолы менен жаратылады. Яғный, шаңарақ көтерилип болынғаннан кейин оның бир пүтин көринисин пайда етиў ушын оғада көп жумыс исленеди. Безеўлериниң өзи бир дүнья. Буның барлығы қолы гүл шебер ҳаял-қызларымыз тәрепинен әмелге асырылады.  Қара үйди қурыў, оның керекли әнжамларын ҳәм безеўлерин таярлаў сырларын келинлериме, қызларыма, қоңсы-қобаларыма үйретип, бирге ислеп атырмыз.

Соң топар ағзалары «Қаракөл» МПЖдағы Серегүл Қутымова менен ушырасты. Ол да қара үй ҳәм оның баў-шуўларын ислеў менен шуғылланып келмекте. Ол өткен жылы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды»ның жеңиллетилген кредитлерин алып, өз жумысларын кеңейтиў менен бирге, устаз-шәкирт системасы тийкарында аўыл қызларына усы өнердиң сырларын үйретпекте.

Усындай қолы өнерли қызлардың және бири «Жипек жолы» МПЖдағы Қундыз Қурбанова менен де ушырасыў өткерилди. Ол райондағы 8-санлы музыка ҳәм көркем өнер мектебинде 70тен аслам оқыўшыға өнерментшилик сырларын үйретип келмекте. Усы жылы ол Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызларының 100 инновациялық жойбары таңлаўында қатнасып, таңлаўдың Корея Республикасында болып өтетуғын басқышына жоллама алды.

Ушырасыўларда коронавирус пандемиясына байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм исбилерменлер ушын жаратылған жеңилликлер бойынша түсиниклер берилди. Сәўбетлесиў өткерилип, маш­қалалары үйренилди, пикир-усыныслары тыңланды.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF