Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:00:04, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИНВЕСТИЦИЯ  СИЯСАТЫ ЖЕТИЛИСПЕКТЕ

Мәмлекетимизде инвестиция сиясатын түптен жетилистириў ҳәм әмелге асырыў барысында заманагөй, сапалы жантасыў ҳәм механизмлерди енгизиў, сондай-ақ, инвестиция процесин жеделлестириў ҳәм улыўма исбилерменлик шараятын жақсылаў бойынша үзликсиз илажлар әмелге асырылмақта.

Бул илажлар экономика тармақларын, социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктураларын жедел раўажландырыў ҳәм модернизациялаўға хызмет етпекте. Мәмлекетимиздиң экономикасын раўажландырыўда инвестиция орталығы жақсыланғаны, керекли шараятлар жаратылыўы нәтийжесинде 2020-жылдың январь-март айлары жуўмағы менен республиканың тийкарғы капиталын көбейттириўге 1284,9 млрд. сумнан артық инвестиция киргизилип, соннан сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 305,3 млрд. сумды ямаса 32,0 млн. АҚШ долларын қурады.

Қарақалпақстан Республикасына киргизилген сырт ел инвестиция ҳәм кредитлериниң қаржылары «электр, газ, пар менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаўға», «қайта ислеў санаатына», «таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерде ислеўге», «аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы», «көтере ҳәм усақлап сатыўға», «тасыў ҳәм сақлаўға», «хабарландырыў ҳәм байланыс» хызмет түрлерине жумсалған.

Тийкарғы капиталға өзлес­тирилген инвестициялар улыўма көлеминиң 906,5 млрд. сумы өндирис тармағына, 378,4 млрд. сумы өндирислик емес тараўға бағдарланды.

Атап айтқанда, өндирислик емес тараўға киргизилген инвестициялар көлеминен 110,5 млрд. сумы, яғный, 8,6 проценти үй-жай қурылысында өзлестирилген. 2020-жылдың январь-март айларында улыўма майданы 144,3 мың кв.м. болған 846 турақ жай питкерип тапсырылып, соннан 86,1 мың кв.м. болған 482 турақ жайлар аўыллық жерлерге туўра келеди.

Сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеплерин қурыў, жаңадан реконструкциялаў жумысларына 2,6 млрд. сум әтирапында инвес­тициялар өзлестирилди. Денсаўлықты сақлаў объектлериниң қурылысына 4,4 млрд. сумлық инвестициялар өзлестирилди.

Мәмлекетимизде халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, әмелдеги ислеп шығарыўларды техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, стратегиялық әҳми­йетке ийе болған туўрыдан-туўры шет ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыў барысындағы актив инвестиция сиясатын алып барыў илажлары даўам етпекте.

Дилафруз АБДУЛЛАЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы

«Инвестиция ҳәм қурылыс статис­тикасы» бөлими бас қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF