Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:01:05, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢАША  ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАР ЖАРАТЫЛМАҚТА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-апрель күнги «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын жедел раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3662-санлы қарарына тийкар мәмлекетлик хызметлерди енгизиўди және де жедел­лестириў мақсетинде 2018-жылдың 1-июнь сәнесинен баслап Нөкис қаласы бо­йынша пуқараларға бала туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа, жерлеў мәресими ушын напақалар, пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде туратуғынлығы ҳаққында мағлыўматлар пенсия ҳәм напақа муғдары ҳаққындағы мағлыўматларды алыў Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде Финанс министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры тәрепинен халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы болған пенсия ҳәм напақа алыўшыларға және де қолайлықлар жаратыў мақсетинде бир қатар интерактив хызметлер енгизилмекте.

Усы жылдың 23-май күни Министрлер Кабинетиниң «Халықты социаллық қорғаў тараўында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң айырым ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 327-санлы қарары қабыл етилди.

Енди пуқаралар тәрепинен бала туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақаны таярлап бериўди сорап, бала туўылған күннен баслап 6 ай мүддет ишинде ҳәм де жерлеў мәресими ушын напақаларды тайынлап бериўди сорап пуқара қайтыс болған күннен баслап 60 күн ишинде Мәмлекетлик хызметлер орайларына келип ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы электрон тәризде мүрәжат етиўи тийис.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары тийисли тәртипте Пенсия қоры бөлимлерине жибериледи. Пенсия қоры бөлимлери тәрепинен өз нәўбетинде нызамшылықта белгиленген тәртипке бала туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақаны яки жерлеў мәресими ушын напақаны таярлаў ямаса напақа таярлаўды бийкар етиў ҳаққында қарары қабыл етиледи.

Пенсия қоры бөлимлери тәрепинен напақа таярланған жағдайда напақаны қашан ҳәм қай жерден алыўы ҳаққында мағлыўмат, сондай-ақ, напақа таярлаў бийкар етилген жағдайда бийкар етилиў себеплери көрсетилгенлиги ҳаққындағы мағлыўмат Мәмлекетлик хызметлер орайына ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына электрон тәризде жибериледи.

Алдағы ўақытлары Пенсия қоры тәрепинен халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы болған пенсия ҳәм напақа алыўшы­ларға және де қолайлықлар жаратыў бойынша бир қатар интерактив хызметлер басқышпа-басқыш енгизилиўи даўам еттириледи.

Тимур САТЫБАЛДИЕВ,

Бюджеттен тысқары Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF