ГЕРМАНИЯДА ЖАҢЛАҒАН «ЕДИГЕ» ДӘСТАНЫ
ЯМАСА ӘДИЛБЕК ФЕСТИВАЛЬ ЛАУРЕАТЫ
Усы жылдың 22-май — 2-июнь күнлери аралығында Германияда болып өткен халықаралық «German talents» атлы көп жанрлы фестивальға елимиз атынан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының 2-курс студенти, 2019-жылғы «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Әдилбек Бахтыбаев онлайн тәризде қатнасып, 1-дәрежели диплом менен сыйлықланды. Бул фестивальда Әдилбек қарақалпақ халық дәстаны «Едиге»ден үзинди атқарып, таңлаў төрешилерин ҳәм қатнасыўшыларын тәсийин қалдырды. Фестивальға жүдә көп мәмлекетлерден талантлы жаслар қатнасты. Мәселен: Россия, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Беларусь, Украина, Грузия, Өзбекстан ҳ.т.б. еллерден бир-биринен талантлы жаслар өз халқының мәдениятын дүнья жүзине танытыўға үлес қосты.
— Фестиваль онлайн тәризде болса да өзимиз сол мәмлекетте отырғандай, басқа еллерден қатнасқан талант ийелериниң атқарыўшылық шеберлигин заўық пенен тамашалап, өзимизге үлкен тәжирийбе топладық. Ал, таңлаў төрешилери болса, қолымдағы миллий қобыз саз әсбабын атқарып жырлағанымда өзгеше қызығыўшылық пенен қарап, узақ қол шаппатлаўлар менен хошаметледи. Олардың бизиң миллий қосықларымызға, миллийлигимизге қызығып, ҳәўес пенен қарағанын көрип жүдә қуўандым. Әлбетте, мениң ҳәр бир жетискенлигим ата-анамның қоллап-қуўатлаўы, тилеклес болғаны, ал, устазларымның маған берген тәрбиясының нәтийжесинде усындай дәрежеге жетисип атырман, - дейди Әдилбек табыслары ҳаққында сорағанымызда.
«Саз бенен сәўбетти ялған демеңлер» дегениндей, Қарақалпақстанның атақлы бес қаласының бири Шымбайда дүньяға келген Әдилбек Бахтыбаев кишкене ўақтынан музыка мектебине барып, биринши устазы Улбосын Юсуповадан дуўтар саз әсбабын шертип үйренеди ҳәм районлық көлемде өткерилген таңлаўларға қатнасып, өз талантын жүзеге шығара баслайды. Кейин ала музыка мектебин тамамлап, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинде устазы, Қарақалпақстан халық жыраўы Бақберген Сырымбетовқа шәкиртликке түседи. Әдилбектиң жыраўшылық өнерине болған қызығыўшылығы оянады ҳәм ол устазынан қобыз саз әсбабының әлўан түрли сырларын шын ықласы менен үйрене баслайды.
Әдилбек усы күнге шекем көплеген жетискенликлерди қолға киргизди. Атап айтқанда, 2017-жылы болып өткен «Әкем асқар таўым, анам меҳир булағы», «Бердақ шығармалары жыраў ҳәм бақсылар лапызында» таңлаўларында, сондай-ақ, 2018-жылы өткерилген «Мәртлер қорғайды Ўатанды», «Жаслар — келешек қурыўшысы» атамасындағы таңлаўларда биринши орынды ийелеген болса, 2018-жылы Сурхандәрья ўәлаятының Байсын қаласында өткерилген «Байсын бәҳәри» халықаралық фольклор фестивалында диплом менен сыйлықланды. Ең қуўанышлысы, 2019-жылы «Ниҳол» сыйлығының лауреаты болыў бахтына еристи.
Әдилбек өзине питкен кишипейил минези, тырысқақлығы, талапшаңлығы, жаңалықларға умтылыўшылығы менен басқа жаслардан ажыралып турады. Оның бул жетискенликлер менен тоқтап қалмастан, елимиз мәдениятын еле де дүнья сахналарына танытыў мақсетинде тынымсыз изленисте екенлигиниң гүўасы болдық. Биз Әдилбектиң келешекте буннан да үлкен табысларға ерисип, халқымыздың жыраўшылық өнерин дүньяға танытатуғын ҳақыйқый көркем-өнер пидайысы болып жетилисиўине тилеклеспиз. Пәрўазың буннан да бәлентлеп, ҳаўазың жаңлаўдан шаршамасын деп қаламыз!
Динара
НУРАТДИНОВА,
Әжинияз атындағы НМПИның 2-курс студенти, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты.
СҮЎРЕТТЕ: Әдилбек Бахтыбаев.