ПЕНСИОНЕРЛЕРДИҢ МӘПЛЕРИ УШЫН
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси хаткери ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министри тәрепинен 2020-жыл 13-апрель күни тастыйықланған «Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша ис-илажлар бағдарламасы»н таярлаў бойынша республика арнаўлы комиссиясы ҳәм Коронавирустың тарқалыўына қарсы гүресиў ис-илажларын муўапықластырыў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша арнаўлы штабының 18-санлы қоспа жыйналысы баянламасының 35-бәнтине (Қаржы министрлигиниң карантин дәўиринде пенсия ҳәм напақа (соның ишинде, жерлеў мәресими ҳәм бала туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа)ларға ҳуқықы пайда болған пуқараларға, карантин илажлары жуўмақланғаннан кейин бир ай даўамында Пенсия фонды районлық (қалалық) бөлимлерине мүрәжат етиў ҳуқықын бериў, бунда оларға пенсия (напақа)ларды карантин шеклеўлери дәўириндеги ҳуқықы пайда болған сәнеден тайынлаў ҳаққындағы усынысы мақуллансын) тийкар, бюджеттен тысқары Пенсия фонды Нөкис қалалық бөлими тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Коронавирус пандемиясы себепли пенсия, напақа, бала туўылғанда берилетуғын ҳәм де жерлеў мәресими ушын бир мәртелик напақа пулларын тайынлаў ушын өз ўақтында мүрәжат ете алмаған пуқараларға карантин илажлары тамамланғаннан кейин бир ай даўамында бюджеттен тысқары Пенсия фондына мүрәжат етсе, пенсия, напақа, бала туўылғанда берилетуғын ҳәм де жерлеў мәресими ушын бир мәртелик напақалар карантин шеклеўлери дәўириндеги ҳуқықы пайда болған сәнеден тайынланады. Сондай-ақ, барлық ислеўши пенсионерлерге пенсия пулларын төлеў АК «Халық банки» тәрепинен ашылған банк пластик карточкалары арқалы әмелге асырылады.
С.БАЗАРОВ,
Бюджеттен тысқары Пенсия фонды Нөкис қалалық бөлими баслығының орынбасары.