Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:32:00, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕР ҚАТНАСЫҚЛАРЫ НЫЗАМ МЕНЕН ҚОРҒАЛАДЫ

Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 16-статьясына муўапық Жер мәмлекет мүлки- улыўмалық миллий байлығымыз болып оннан ақылға муўапық пайдаланыў зәрүр, ол мәмлекет тәрепинен корғалады, алмастырылмайды, алды-сатты ҳәм саўға етилмейди, гиреўге қо­йылмайды.

Ал, 90-статьясына муўапық жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылары тәрепинен әмелге асырылған жер участкалары алды-саттысы, саўға ҳәм жер участкаларын өзбасымшалық пенен алмастырыў ҳақыйқый емес есапланады. Бундай питимлерди әмелге асырыўда айыпкер болған шахслар нызамға муўапық жуўапкер болады.

Ҳәзирги күнде исбилерменликти жүргизиў ушын, жеке тәртиптеги турақ жай қурылысы ушын жер участкалары онлайн-электрон аукционда қатнасып алыў жолы менен бериледи.

Пуқараларымыздан турақ жай қурыў ушын жер орынларын сорап мүрәжат етиўшилер жүдә көп. Пуқаралардың турақ жай қурылысы ушын жер участкаларын еркин алыўы, бюро­кратиялық тосқынлықларды болдырмаў, сондай-ақ, коррупциялық жағдайдың алдын алыў мақсетинде, турақ жай қурылысы ушын жер орынларын алыўдың ашық-айдын механизми ислеп шығылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жер участкаларын бериў ҳәм жеке тәртиптеги турақ жай қурылысы ушын жер участкаларын, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў ҳуқықы менен реализация етиўдиң заманагөй ҳәм айқын механизмлерин жәрия етиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2019-жыл 28-январь күнги 63-санлы қарарына муўапық, жеке тәртиптеги турақ жай қурылысы ушын жер участкаларын алыў,   «E-IJRO AUKSION»  жеке электрон саўда майданшасында өткерилетуғын электрон онлайн-аукционда қатнасыў арқалы әмелге асырылады.

Аукционлар өткерилиўи ҳаққындағы хабарнамалар ҳәм лот ҳаққындағы мағлыўматлар аукцион өткерилиўи сәнесинен кеминде 30 календарь күн алдын e-auksion.uz веб-порталында жайластырылады.

Хабарнамада: аукцион өткерилетуғын сәне,  лот номери ҳәм аты,  аукционда қатнасыў ушын буйыртпаларды қабыл етиў ҳәм тоқтатыў ўақытлары, бос жер участканың жайласыў шегаралары,  мәнзили ҳәм майданы,  басланғыш баҳасы,   алдын-ала төлем муғдары ҳәм суммасы өткерилетуғын оператор банк есап-бети реквизитлери ҳаққында мағлыўматлар болады.

Электрон аукционда қатнасыў ушын буйыртпалар хабарнама жайластырылған қүннен баслап қабыл етиледи ҳәм аукцион өткериў күнинен, еки ис күни алдын саат 13:00 де қабыллаў тоқтатылады. Аукционда қатнасыў ушын буйыртпалар электрон тәризде бериледи.

Буйыртпа бериў ушын e-auksion.uz веб-порталынан дизимнен өтесиз, дизимнен өткеннен соң Сизге автомат түрде жеке кабинет ҳәм жеке есап бети ашылады.

Жер участкасы таңланады ҳәм таңланган жер участ­каның яғный лоттың ең кем нарқының 50 процент муғдарындағы гиреў суммасын жеке есап бетиңизге өткересиз. Егер жеке есап бетиңиздеги пул қаржысы гиреў төлеми ушын жетерли болмаса, буйыртпа қабыл етилмейди. Гиреў төленгенлиги автомат түрде анықланады ҳәм гиреў киргизилген па­йыттан бир ис күни даўамында аукционда қатнасыў ушын рухсатнама ашылады ҳәм электрон почтаңыз арқалы Сизиң аукцион қатнасыўшысы екенлигиңиз хабарланады.

Аукцион қатнасыўшыларына жеке тәртипли номерлер бериледи, олар усы номерлер менен аукционда қатнасады. Аукцион бир лот­қа еки яки оннанда артық қатнасыўшылар болғанда өткериледи. Аукцион ис күни даўамында саат 9:00 ден 18:00 ге дейин өткериледи. Басланғыш баҳа аукцион объектиниң минимал баҳасына теңлестирилген баҳада белгиленеди. Аукцион баҳаның асырылыўы принципинде өткериледи.

Қатнасыўшының биринен усыныс тастыйықлан­ғаннан кейин он минут даўамында басқа қатнасыўшылардың ҳеш биринен лоттың баҳасын асырыў бойынша усыныслар тастыйықланбаса, аукцион, аукцион нәтийжеси ҳаққында баянлама автомат тәризде дүзилген ҳалда жуўмақланады ҳәм соңғы тастыйықлаған қатнасыўшы аукцион жеңимпазы есапланады.

Аукцион жеңимпазына оның жеке кабинетине жер участкасының яғный лоттың баҳасын толық муғдарда төлеў ҳаққында талапнама жибериледи. Аукцион жеңимпазы бес ис күнинен кешиктирмей пул өткериў жолы менен лот баҳасының толық муғдарда төлениўин тәмийинлеўи керек. Төлемлер толық төленгеннен соң, кейинги ис күнинен кешиктирилмей арнаўлы бланкада аукцион нәтийжелери ҳаққында баянлама рәсмийлестириледи ҳәм оған мөр басылып аукцион жеңимпазына бериледи ямаса оның разылығы менен почта ар­қалы жибериледи.

Аукцион нәтийжелери ҳаққындағы баянлама ра­йон (қала) ҳәкимлериниң жер участкасын ажыратыў ҳаққында қарар қабыл етиў ушын тийкар есапланады ҳәм ҳәкимниң қабыл еткен қарары Қарақалпақстан Республикасы Жер дүзиў ҳәм көшпес мүлк кадастр мәмлекетлик кәрханасының қала ҳәм район филиалларынан жер участкасына бол­ған ҳуқықтың мәмлекетлик дизимнен өткериўге тийкар болады.

Төлемлер бес жумыс күни ишинде толық төленбесе жеңимпаз деп табылған аукцион нәтийжеси бийкар етиледи ҳәм де жеңимпаздан кейин лоттың баҳасы бо­йынша ең жоқары ставканы қойған аукцион қатнасыўшысына аукционда усынған суммасын бес күн ишинде төлеў кереклиги ҳаққында усыныс жибериледи, егер усыныс мақулланып төлем бес жумыс күни ишинде төленсе, ол аукцион жеңимпазы есапланады.

Еслетпе:

Аукционларда физикалық шахслар болған Өзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасады. Аукцион қатнасыўшысы аукцион арқалы жеке тәртиптеги турақ жай қурылысы ушын бир жылда бир мәртебе бир жер участкасын сатып алыў ҳуқықына ийе. Лоттың бахасын белгиленген тәртипте толық төлемеген аукцион қатнасыўшылары аукционның ҳақыйқый емес қатнасыўшылары деп тән алынады ҳәм алты ай даўамында еки мәртебе аукционның ҳақыйқый емес  қатнасыўшы деп тән алынған шахслар кейинги календарь жылы даўамында аукционда қатнасыўына жол қойылмайды.

Аукционның ҳақыйқый емес қатнасыўшылары есабаты аукцион операторы тәрепинен жүргизилип барылады.

Жеке тәртиптеги турақ жай қурылысы ушын жер участкалары аукционсыз, район (қала) ҳәкими жанындағы жер ажыратыў мәселелерин көрип шығыў комиссиясы қарары менен, пуқараның район (қала) ҳәкими атына жазған арзасы бойынша тек:

- қаза тапқан әскерий хызметкерлер шаңа­рақ­ларына;

- мәмлекетлик ҳәм меншик турақ жай фондындағы өзлери ийелеп турған турақ жайын район (қала) ҳәкимликлерине өткизетуғын пуқаралар ҳәм мүлкдарларға туўрыдан-туўры бериледи.

Т.ГАИПОВ,

ҚР «Жермүлккадастр» МК Юридикалық бюро баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF