ЛИНГВОКУЛЬТУРОЛОГИЯ: МАГИСТРЛАР УШЫН ОҚЫЎ ҚОЛЛАНБА
XX әсирдиң ақыры XXI әсирдиң басында дүнья жүзилик тил билиминде изертлеўлердиң жаңа басқышы - антропоцентристлик парадигманың қәлиплесиўи менен сыпатланады.
Салыстырмалы-тарийхый тил билиминде тиллик материалларды бир-бирине салыстырып үйрениў нәтийжесинде тиллердиң пайда болыўы ҳәм қәлиплесиўи, тарийхы үйренилген болса, системалық тил билиминде тилдиң ишки қурылысындағы бирликлер, олар арасындағы синтагматикалық ҳәм парадигматикалық қатнасларды изертлеўге тийкарғы дыққат аўдарылды. Ал, антропоцентристлик парадигмада изертлеў обьекти — инсан, оның сана-сезими, сөйлеў процесиндеги ойлаўы, психикалық ҳалаты, мәдений дәрежеси, когнитив процесслери бир-бирине байланыслы түрде изертленеди. Бул басқышта тиллик изертлеўлер тил билими менен басқа илимлердиң шегараласатуғын жеринде алып барылады. Солай етип, тил билиминде социолингвистика, психолингвистика, когнитив лингвистика, прагмалингвистика, компьютер лингвистикасы, лингвофольклористика, лингвопоэтика, лингвокультурология, нейролингвистика, экологиялық лингвистика ҳ.т.б. жаңа тараўлары пайда болды.
Қарақалпақ тил билиминде мине усындай жаңа бағдарларда мийнет етип атырған илимпазлардың бири - филология илимлериниң докторы, профессор Ш.Абдиназимов есапланады. Ол 2018-жылы қарақалпақ тил билими менен фольклористиканың шегарасында жаңадан қәлиплескен лингвофольклористика тараўы бойынша «Лингвофольклористика» оқыў қолланбасын жоқары оқыў орынларының магистратура басқышы ушын «Билим» баспасында жәриялаған еди. 2019-жылы тил билими менен әдебияттаныў илиминиң кесилискен жеринде пайда болған лингвопоэтика тараўы бойынша «Лингвопоэтика» оқыў қолланбасын қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң бакалавр басқышы студентлери ушын университет типографиясында жәриялады.
Жақында «Қарақалпақстан» баспасынан Шамшетдин Абдиназимов ҳәм оның шәкирти Хожахмет Толыбаевлардың авторлығында жоқары оқыў орынларының магистратура басқышы «Лингвистика» (қарақалпақ тили) қәнигелиги магистрантлары ушын «Лингвокультурология» оқыў қолланбасы жәрияланды. Оқыў қолланбаның қурылысы он бөлимнен ибарат, көлеми 9 баспа табақ.
Оқыў қолланбаның биринши бөлими «Тил — мәденият — инсан» деп аталады. Бул бөлимде тил билиминдеги парадигма түсиниги, астропоцентристлик парадигма ҳәм оның лингвокультурологиядағы орны, лингвокультурологияның тил билиминдеги орны, лингвокультурологияның тил билиминиң басқа тараўлары менен байланыслы мәселелери сөз етилген. Екинши бөлим «Мәденият ҳәм оның изертлениўи» деп аталып, бул бөлимде «Мәденияттаныў» пәнинде мәденияттың үйренилиўи, мәдениятты изертлеўдеги түрли көзқараслар, мәденият түсиниги ҳәм инсан, мәденият ҳәм цивилизация мәселелери ашып берилген. ^шинши бөлим «Лингвокультурологияның теориялық тийкарлары» деп аталады. Бул бөлимде лингвокультурологияның пайда болыўы ҳәм илим сыпатында қәлиплесиўи, лингвокультурологияның тийкарғы бағдарлары, лингвокультурологияның әҳмийетли мәселелери, түркий тил билиминде лингвокультурологиялық изертлеўлер туўралы мағлыўмат берилген. Төртинши бөлим «Лингвокультурологияның изертлеў объекти предмети, мақсети ҳәм ўазыйпалары» деп аталады. Бул бөлимде лингвокультурологияның изертлеў объекти ҳәм предмети, алтернативасыз лексика ҳәм лакуналар, тилдиң паремиологиялық қоры, тилдиң фразеологиялық қоры, лингвомәдений бирликлер туўралы материаллар берилген. Бесинши бөлим «Лингвокультурологияның изертлеў методлары» деп аталып, бул бөлимде метод ҳәм методология түсиниги, философиялық метод, улыўмалық методология, жеке методология, лингвокультурологиялық изертлеў методларыҮ лингвистикалық, культурологиялық, социологиялық ҳәм этнографиялық методлар, текстлердиң лингвокультурологиялық анализи туўралы материаллар берилген.
Алтыншы бөлим «Лингвокультурологияның тийкарғы түсиниклери» деп аталады. Бул бөлимде лингвокультурологияның тийкарғы түсиниклери — мәдений семалар, мәдений фон, мәдений концептлер, мәдений мийрас, мәдений дәстүрлер, мәдений процесс, мәдений мәкан, лингвомәдений парадигма, тил конструкциялары, этникалық менталлық, менталитет, лингвокультурема, лингвомәдений концепт түсиниклерине анықлама берилген.
Жетинши бөлим «Лингвомәдений бирликлердиң анализи» деп аталады. Бул бөлимде теңеўлер — образлы миллий ойлаўдың нәтийжеси екенлиги, теңеўлердиң түрлери, жеке ямаса еркин теңеўлер, улыўма халықлық ямаса турақлы теңеўлер, теңеў эталонлары, қарақалпақлардың өзине тән теңеўлери сөз етилген. Сегизинши бөлим «Метафора-мәденият көрсеткиши» деп аталады. Бул бөлимде метафоралар тилдеги универсал қубылыс, образлы-мотивлескен сөз екенлиги, образлы ҳәм концептуаллық метафоралар, метафоралардың мәденияттағы орны туўралы материаллар берилген. Тоғызыншы бөлим «Адам-миллий менталлық ҳәм тил тасыўшысы сыпатында» деп аталады. Бул бөлимде адам ҳәм жәмийет, адам ҳәм цивилизация, жәмийетлик илимлердиң инсаният цивилизациясындағы орны, менталлық ҳәм тил шахсы мәселелери баян етилген. Оқыў қолланбаның оныншы бөлими «Қарақалпақ дәстанларындағы топонимлердиң лингвомәдений анализи» деп аталады. Бул бөлимде фольклорлық дөретпелердеги онамастикалық материаллардың лингвокультурологияның үйренилиўи, қарақалпақ дәстанларындағы топонимлерди лингвокультурологиялық изертлеўдиң әҳмийети, поэтикалық ономастика, прецендентлик бирликлер, қарақалпақ фольклорындағы реңди билдиретуғын сөзлердиң топонимлердиң қурамында жумсалыўы туўралы материаллар берилген.
Қулласы, бул оқыў қолланба магистратура қәнигелигиниң қәнигелик талаплары, үлги оқыў жобасы ҳәм оқыў бағдарламасына сәйкес түрде таярланған. Магистрантлар, докторантлар ҳәм талабалардың тил билими, оның лингвокультурология тараўы бойынша илимий көз-қарасларының тереңлесиўине өз үлесин қосыўы сөзсиз.
Г.ҚАРЛЫБАЕВА,
филология
илимлериниң докторы,
Г.АЛЛАМБЕРГЕНОВА,
филология
илимлери бойынша философия докторы.