Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:26:33, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОҚЫТЫЎДЫҢ ЖАҢА УСЫЛЛАРЫ ҚОЛЛАНЫЛМАҚТА

Саўда-санаат палатасы жанындағы Исбилерменлик жумысы тийкарларын оқытыў республикалық орайы Қарақалпақстан Республикалық филиалының мағлыўматларына қарағанда, палата тәрепинен исбилерменлик билимлендириўин институционал түрде раўажландырыў, халықты исбилерменликке бағдарлаў ҳәм исбилерменлик көнликпелерине ийе болыўы бо­йынша Бирден-бир интеграция­ланған системаны жаратыў Концепциясы ислеп шығылды. Усы Концепцияны әмелиятқа енгизиў бо­йынша «Жол картасы» да тасты­йықланды.

Бул система палата тәрепинен билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың жаңа, заманагөй көриниси болып есапланады. Система өз-ара бир-бирине жалғанған, яғный, «Республика-ўәлаят-район(қала)-мәҳәлле» схемасы принципине тийкарланған ҳалда әмелге асырылады.

Бунда әмелий ҳәрекетлер 4 базалық бағдарда алып барылады ҳәм 67 түрдеги анық илажлардың орынланыўына итибар қаратылады.

- Усы жумыслардың нәтийжесинде 2020-жылдың ақырына шекем 5,2 мың пуқара ҳәр қыйлы бағдарлардағы исбилерменлик тараўына байланыслы зәрүр билим ҳәм көнликпелерге ийе болады. Олар 10 түрдеги оқыў қолланбасы, 20 түрдеги флаер ҳәм презентациялар менен тәмийинленеди,-дейди Саўда-санаат палатасы жанындағы Исбилерменлик жумысы тийкарларын оқытыў республикалық орайы Қарақалпақстан Республикалық филиалының баслығы Гүлзира Рзаева. — «Жол картасы» бойынша исленетуғын жумыслар Өзбекстанда биринши мәрте исбилерменлик билимлендириўин институционал түрде раўажландырыўға түртки бериўи менен бирге билимлендириў тараўында халықаралық бирге ислесиўди және де беккемлеўге тийкар жаратады.

Мәселен, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Түркия Саўда-санаат палаталары ҳәм биржалары аўқамы менен биргеликте Ташкент қаласында Түркия Экономика ҳәм технологиялар университетиниң фи­лиалын ашыўды режелестирген. Бул келешекте палата системасын зәрүр билим ҳәм дәрежеге ийе қәнигелер менен тәмийинлеў, профессионал исбилерменлер ҳәм менеджерлер класын пайда етиўге исенимли қәдем болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта, усы мақсетте жаңа 2020-2021-оқыў жылында бул университетке 200 студентти қабыллаў бо­йынша жумыслар баслап жиберилди.

Экономиканың раўажланыў тийкары болған санлы билимлендириўдиң оғада әҳмийетли екенин бүгинги пандемия шараятында турмыстың өзи ҳәммеге көрсетип қойды.

Жақында, Саўда-санаат палатасы тәрепинен санлы билимлендириўди раўажландырыўда 7 бағдар бойынша онлайн сабақлықлар ҳәм оқыў курсларын өзинде жәмлеген «Онлайн Бизнес академия» порталының жумыс баслағаны да әне усы күн талапларына сай жуўап болып есапланады.

Усы портал имканиятларынан республикамыздың қәлеген жеринде жасап атырған пуқараларымыз пайдаланыўы мүмкин.

Мәселен, система ҳәзирги ўақытта Ферғана ойпатының 9 мәнзилинде қурылып атырған районлар аралық Стартап-инкубатор орайлары менен өз-ара интеграцияланады. Бул орайлар, өз гезегинде, Ташкент қаласында Қубла Кореяның KOICA шөлкеми менен иске түсетуғын «Стартаплар экосистемасын жаратыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орайы» жойбарының қурамлық бөлегине айланады. Тәжирийбе нәтийже берсе, ол Өзбекстанның барлық ўәлаятларында қолланылады.

Соның менен бирге, жеке мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелериниң ҳуқықларының кепиллигин күшейтиў, исбилерменлик басламаларды қоллап-қуўатлаў бойынша аймақларда шөлкемлестирилетуғын «Исбилерменлик жумысы  тийкарлары» оқыў курсларының жаңалан­ған бағдарламасы ҳәм регламенти ислеп шығылды ҳәм 17 министрлик және шөлкемлер менен келисилди.

Исбилерменлик жумысы тийкарларын оқытыў республикалық орайы Қарақалпақстан Республикалық филиалы тәрепинен барлық билим бериў процесслери пандемия себепли бүгинги күнде онлайн-оқытыў системасына өткерилген. www.direktor.uz порталы арқалы усы күнге шекем, жәми 334 бизнес ўәкиллери аралықтан оқыўды баслаған, солардан 202cи курсты тамамлап, сертификат алыўға еристи.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF