Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:52:22, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА  МОЙНАҚТАҒЫ  ЖАҢА  ӨЗГЕРИСЛЕР

Ана-тәбиятымыз жылдан-жылға жарлыланып, «Қарақум» ҳәм «Қызылқум»дай үлкен шөлистанлықлар ортасындағы мөлдиреген Арал теңизиниң жер бетинен кеўип кетиў дәрежесине шекем барыўы бул регионда түрли тәбийғый апатшылықларды жүзеге келтирди.

Мәселен, Бухарадағы күшли даўыл, Сыр­дәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларындағы суўалыспалар тийкарсыз, өз-өзинен болмайды. Коронавирус пандемиясы себепли дүнья жүзинде глобаллық кризис сақланып турған бүгинги күнде қыйын жағдайлардан шығысыў жоллары изленбекте. Ўатанласларымыз бүгинги оғада қыйын жағдайда қурамалы қәўип-қәтерлер алдында албырамастан және де бирлесип, экономика тармақларын раўажландырыў, ертеңги күн ушын кепилликли турмыс шараятларын жаратыў жолында мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған системалы реформаларды әмелге асырыўда қол-қанат болмақта.

Кеңес ҳүкимети жылларындағыдай тәбиятты бойсындырып, байлықларын берсе қолынан, бермесе жолынан тартып аламыз деген түсиниклеримиз ескирди. Өз ғәрезсизлигин жеңип алған елимизде тәбиятқа болған мүнәсибетимиз жақсы жағына қарай өзгерип, қоршаған орталықты, жер, суў, ҳаўа атмосферасы, ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясын қорғап,  тәбийғый жағдайға келтириў ушын кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Экотуризмге кең жол ашып берилгенликтен бүгинги күнде де сырт жақлардан теңизди, балықшылардың порты болған Мойнақты излеп келиўшилердиң изи үзилмейди. Теңиз жағасын таслап қашқан, дәрья суўы ҳәр жерден кесилип, ағыслары шаршап келетуғын Мойнақтан бир жыллары серпилип көшкенлер енди қонаққа келсе, бүгинги гүлдей ашылған жамалына сүйсингенликтен қайтып көшип келиўге тилек билдирип атыр­ғанлары аз емес.

Президентимиз Ш.Мирзиёев 2018-жыл ноябрь айындағы Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Мойнақта болып, районды социал-экономикалық жақтан раўажландырыў ушын күнделикли турмыс шараятларын ҳәр тәреплеме үйренип шыққанлықтан 2019-жылдың 16-январь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын комплексли социал-экономикалық раўажландырыўдың ис-илажлары ҳаққында»ғы 37-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2019-2021-жыллар даўамында мектепке шекемги ҳәм улыўма билимлендириў тараўларының инфраструктурасын жақсылаў, спорт, денсаўлықты сақлаў тараўы, мәденият ҳәм дем алыў бағларын жаратыў, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары ҳәм ҳәкимият есабындағы ишки жолларды оңлаў, электр энергиясы системасын реконструкция ҳәм модернизация етиў, тәбийғый газ бенен тәмийинлеў, ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тармақларын раўажландырыў, хабар-коммуникация технологияларын енгизиў, жаслар машқалалары, туризм, аўыл хожалығы, ирригация, мелиорация, геология, экология, халық хожалығының барлық тараўларын қамтыған 62 объектке 1 трил­лион 485 миллиард сумлық қаржы ажыратылатуғын болды. Сол объектлердиң 28и социаллық, 20сы халықтың жасаў шараятын жақсылаў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў сыяқлы басқа да тараўларда қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыўға қаратылған.

Тийкарынан бир ғана мектепке шекемги билимлендириў тараўы инфраструктурасын жақсылаўда әмелге асырылған ислерге нәзер таслап көрейик. 2019-жылда районның «Қазақдәрья» АПЖдағы 100 орынлық 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине 2 миллиард 796 миллион сумлық реконструкция исленди. «Мәдели» АПЖ, «Порлытаў» аўылы ҳәм «Мойнақ» МПЖларда ҳәр бири 50 орынлық мәмлекетлик ҳәм жеке шериклик тийкарында 4 миллиард 507,0 миллион сумлық еки мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилди.

Ҳәзирги күнде «Жәйҳун»  МПЖ аймағында жойбары 2 миллиард 277,5 миллион сумлық 60 орынлы ҳәм «Арал» МПЖда 3 миллиард 375 миллион сумлық 100 орынлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң қурылыс-монтажлаў жумыслары орынланды. Сондай-ақ, бундай жумыслар басқа да мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында әмелге асырылмақта. Соның ишинде, қурылыс-сметалық жойбары 1 миллиард 823,8 миллион сумлық районлық халық билимлендириў бөлими имараты жаңадан қурылып, заманагөй компьютер, интернет тармақлары, әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Бүгинги күнде район ора­йында 220 оқыўшыға мөлшерленген инновациялық мектептиң қурылыс жумыслары басланып кетти.

Денсаўлықты сақлаў тараўында — 7, спорт тараўын раўажландырыўға — 4,  мәденият ҳәм дем алыў бағларын жаратыў ушын — 5, жол-транспорт инфраструктурасын модернизациялаўда — 9, электр энергиясы сис­темасын реконструкциялаў бо­йынша — 3, тәбийғый газ бенен тәмийинлеўге — 3, ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тармақларына — 7,  жасларға байланыслы — 1,  хабар-коммуникация технологияларын раўажландырыўға — 7, қала қурылысы мәселелери бойынша — 2, туризм тараўын раўажландырыў бойынша — 1, Арал бойы дельта бөлимлериниң суў имаратларында — 2 ҳәм экология тараўына — 3 объектте қурылыс, ири оңлаў жумыслары избе-из питкерилип, пайдаланыўға тапсырылмақта.

Буннан тысқары, исбилерменлик субъектлериниң нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаў, оларға ҳәр тәреплеме илимий жәрдем көрсетиў, мүрәжатларын өз ўақтында шешиўге айрықша итибар берилмекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январьдағы 37-санлы қарарына муўапық 2019-2021-жылларда районда санаат, халыққа турмыс хызметин көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тармақларында 27 триллион 252 миллиард 197 миллион сумлық 93 мәнзилли инвестиция жойбарларының мәнзилли дизими тастыйықланған.

Санаат тараўында ­ 40, халыққа турмыс хызметин көрсетиўге ­ 43, аўыл хожалығында ­ 10 жойбарды әмелге асырыў белгиленген. «Қазақдәрья» АПЖ аймағында мың гектар жерге от-жемлик егинлерден мәкке, жоңышқаны аўыл жаслары өзлери баслама көтерип егиў арқалы мал шарўашылығын жолға қоймақшы.

Бүгинги күнде мәнзилли инвестиция жойбарларын әмелге асырыўда 57 сине 647,2 гектар жер майданы, 55ине 129 миллиард сумлық кредит ажыратылып, бос турған жети имарат ўақытша пайдаланыўға берилди. Мәселен, районның «Бозатаў» АПЖ, «Қызылжар» АПЖ аймағында l000 гектар майданда балықшылық ҳәм дийқаншылық ислери менен шуғылланатуғын 10 фермер хожалығы шөлкемлестирилиўиниң нәтийжесинде аўыллық жерлерде жаслар арасында жумыссызлық мәселеси унамлы шешимлерин тапты.    

Усылайынша районды социал-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша кең көлемде алып барылған жумыслардың өз ўақтында сапалы орынланыўы, бөлинген қаржылардың мақсетли жумсалыўын тәмийинлеп, талан-таражлыққа жол қоймаўдағы басқармамыз бенен бирге ислесиўи өз жемисин бермекте.

А.МЕҢЛИҚУЛОВ,

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасы баслығының орынбасары, әдиллик кеңесшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF