Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:26:13, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ РЕЙТИНГ ҲӘМ ИНДЕКСЛЕРДЕГИ ОРНЫН ЖАҚСЫЛАЎ ЖӘНЕ МӘМЛЕКЕТЛИК УЙЫМЛАР ҲӘМ ШӨЛКЕМЛЕРДЕ ОЛАР МЕНЕН СИСТЕМАЛЫ ИСЛЕСИЎДИҢ ЖАҢА МЕХАНИЗМИН ЕНГИЗИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Инсан ҳуқықларының қорғалыўын кепиллеў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, экономикалық жумыста еркинликти тәми­йинлеў, суд-ҳуқық тараўындағы материаллық ҳәм экономикалық нормаларды жетилистириўге қаратылған реформалар елимиздиң халық­аралық рейтинглер ҳәм индекслердеги көрсеткишлериниң артыўына себеп болмақта.

Атап айтқанда, кейинги төрт жыл даўамында елимиз Мийрас қорының «Экономикалық еркинлик» индексинде 52-текшеге, Жәҳән банкиниң «Логистика нәтийжелилиги» индексинде 19-текшеге, «Бизнес жүргизиў» индексинде 18-текшеге көтерилди.

Өзбекстан Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң «Мәмлекетлерге тән қәўип-қәтерлерди сыпатлаў» системасындағы 6-топар еллери қатарынан 5-топар еллериниң қатарына көтерилди.

Соның менен бирге, айырым басшылар рейтинглер менен ислесиўге жетерлише итибар қаратпай атырғанлығы ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен өткерилип атырған сораўнамаларда айырым реформалар өз сәўлелениўин таппай атырғанлығы ақыбетинде тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстан Республикасы төменги текшелерде қалмақта.

Мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығы ҳәм халықаралық майдандағы имиджин беккемлеў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиўиниң жаңа механизмлерин енгизиў, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. 1. Халықаралықрейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша республикалықкеңес (кейинги орынларда — Кеңес) 1-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.

Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

елимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый раўажланыў дәрежесин системалы таллап барыў, ҳәр қыйлы тараўларда әмелге асырылып атырған негизги өзгерислердиң Өзбекстан Республикасы ушын тийкарғы болған халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде елимиздиң орнын жақсылаў мақсетлерине хызмет етиўин тәмийинлеў, бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигине тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў;

Өзбекстан Республикасы ушын тийкарғы болған халықаралық рейтинг ҳәм индекслерди елимиздиң орнын жақсылаў мақсетинде мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў системасын жетилистириў, жәмийетти демократияластырыў, алдынғы халықаралық тәжирийбеге тийкарланған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс тараўындағы реформаларды әмелге асырыў бо­йынша басламаларды алға қойыў;

мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың ҳәр қыйлы тараўларын тәртипке салыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларын Өзбекстан Республикасы ушын тийкарғы бол­ған халықаралық рейтинг ҳәм индекслерди елимиздиң орнына тәсири көзқарасынан комплексли баҳалап барыў.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Әдиллик минис­трлиги Кеңестиң жумысшы уйымлары етип белгиленсин.

Кеңес жумысшы уйымлар бо­йынша бөлистирилген Өзбекстан Республикасы ушын тийкарғы бол­ған халықаралық рейтинг ҳәм индекслерди елимиздиң орнын жақсылаўға қаратылған тәсирли илажлардың ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўы және бул бағдардағы системалы халықаралық бирге ислесиў алып барылыўы үстинен Кеңес тәрепинен қадағалаў орнатылады.

Социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый рейтинг ҳәм индекслердиң Кеңес жумысшы уйымлары бойынша бөлистирилиўи 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2. Жуўапкер мәмлекетлик уйымлардағы биринши басшылардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың  бас өлшемлеринен Өзбекстан Республикасы ушын тийкарғы бол­ған халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде елимиздиң орнын жақсылаў белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы ушын тийкарғы болған халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бойынша  нәтийжелиликтиң ең әҳмийетли көрсеткишлери (кейинги орынларда — KPI) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 3. Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар өзлери жуўапкер болған рейтинг ҳәм индекслердиңжәрияланыў мүддетлери ҳәм олардыңметодологияларын есапқа алған ҳалда, KPI ға ерисиў мақсетинде:

бир ай мүддетте 2020-жылдың екинши ярымы даўамында әмелге асырылыўы зәрүр болған шөлкемлестириў илажларының бағдарламаларын;

ҳәр жылы 1-декабрьге шекем келеси жыл даўамында әмелге асырыўы зәрүр болған шөлкемлестириў илажларының бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Кеңеске киргизилиўин тәмийинлесин.

Бунда, халықаралық рейтинг ҳәм индекслердиң гезектеги басылымында зәрүр көрсеткишти атап өтиўге қаратылған әмелий усынысларды ислеп шығыў, сондай-ақ, рейтинг ҳәм индекслерди жәриялайтуғын шөлкемлер және оларды дүзиўде пайдаланылатуғын мәлимлеме дәреклери менен бирге ислесиў механизмлерин нәзерде тутыў зәрүр.

  1. 4. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапықжуўапкер мәмлекетлик уйымлардыңбиринши басшылары  ҳәр шеректиң жуўмағы  бо­йынша:

кейинги айдың 15-сәнесине шекем Кеңестиң жумысшы уйымларына елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққындағы мағлыўматлар, зәрүр статистикалық мәлимлемелер ҳәм басқа да материалларды усынады;

кейинги айдың 30-сәнесине шекем Кеңес баслығы ямаса орынбасарының басшылығында өткерилетуғын мәжилислерде тийисли халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде KPI ға ерисиў ушын әмелге асырылған илажлар ҳаққында мәлимлеме береди.

  1. 5. Өзбекстан Республикасы Президентиниң2019-жыл 7-марттағы ПП-5687-санлы Пәрманы менен шөлкемлестирилген Тийкарғы халықаралықрейтинг ҳәм индекслер менен ислесиўди муўапықластырыў бойынша комиссияға Кеңес жумысын шөлкемлестириўге жәрдемлесиў ҳәм Кеңес мәжилислери аралығында тийисли бағдарда жуўапкер мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырып барыў ўазыйпасы жүкленсин.
  2. 6. Жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм изертлеў институтлары ти­йисли халықаралықрейтинг ҳәм индекслер бойынша әмелге асы­рылған жумыслар ҳаққындағы мағлыўматларды Кеңестиңжумысшы уйымларына турақлы түрде берип барсын.
  3. 7. Жәҳән экономикалықфорумыныңГлобал бәсекиге шыдамлылық  индексинде Өзбекстан Республикасының орнын сәўлелендириў бойынша илажлардың режеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. 8. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги орайлықаппаратыныңструктурасында әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери бас­қарыў хызметкерлериниң шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў қоры шеңберинде 6 штат бирлигинен ибарат халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў басқармасы  шөлкемлестирилсин.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте бул басқарманың жоқары қәнигели кадрлар менен толықтырылыўын тәмийинлесин.

  1. 9. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-октябрьге шекем интернет тармағында «Өзбекстан Республикасы халық­аралықрейтинглерде» бирден-бир порталының (кейинги орынларда — портал) иске қосылыўын тәмийинлесин.

Кеңес жумысшы уйымлары Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў ми­нистрлиги менен биргеликте портал жумысының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў ҳәм оны жаңалап барыў ушын жуўапкер етип белгиленсин.

  1. 1 Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги жуўапкер мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте турақлы түрде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстыңхалықаралықрейтинг ҳәм индекслер, олардың структуралық индикаторларында баҳаланатуғын тараўларына байланыслы мәмлекетлик сиясаттағы өзгерислер ҳәм реформаларының мәнисин жарытыў және тараўға жәмийетлик қадағалаўды орнатыў мақсетинде кеңнен қамтылған үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырсын.
  2. 11. Өзбекстан Республикасы Президентиниңайырым ҳүжжетлерине 5-қосымшаға муўапықөзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын  қадағалаў  Өзбекстан  Республикасының  Бас  министри  А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқо­ровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы, 2020-жыл 2-июнь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF