Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:48:44, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АНТАКИЯ? МИЗДАКХАН? МАЗДАҚХАН?

«Еркин Қарақалпақстан» газетасында жәрия­ланған академик Ж.Базарбаев ҳәм Нөкис НМПИ доценти Р.Базарбаевтың «Наз­лымхан сулыў естелиги Мазда қудайының атына тийисли» атлы мақаласы көпшиликте үлкен қызығыўшылық оятты.

Хақыйқатында да тарийхшыларымыз мақалада көрсетилген мағлыўматлар бойынша терең излениўи тийис деп ойлаймыз.

Қарақалпақстан Республикасындағы белгили бес қаланың бири болған Хожели археологиялық изертлеўлер бойынша 2400 жыллық тарийхы бар, ең дәслеп Антакия қаласы, кейин Миздакхан қаласы деп аталған. Бул жерде сол жыллары 12 мыңнан аслам аўылларда халық жасап, мийнет еткен.

Хожелиниң ең бир белгили мәдений ҳәм тарийхый естеликлериниң бири — Миздакхан қалашасы. Онда бир қатар естеликлер менен гүмбезлер жайласқан. Атап айтқанда Назлымхан сулыў мавзолейи, Шамун Набий мақбарасы, Жомарт қассап төбелиги, Ережеп қәлпениң жайы, Қырық шопан, Әбдираман шаламан, Мәдреймхан, Муртаза бий ҳәм Әўезжан бий мақбаралары ҳәм тағы басқалар.

Хожели жасы жағынан Бухара, Самарқанд ҳәм Хийўа қалалары менен бир қатарда турады. Табылған шақмақ таслардан исленген қуралларға қарағанда Хожелиге адамлардың қонысланыўы неолит дәўирине, яғный бизиң эрамызға шекемги төртинши-үшинши мыңыншы жылларға туўра келеди. Хожели орта әсирлер тарийхында Миздакхан деген атама менен белгили болып, ески қаланың қалдықлары ҳәзирги таза Хожелиниң күн батар қапталында үш төбеликте ҳәм олардың арасындағы кеңисликте орналасқан. Жергиликли халық оларды Гәўирдиң қаласы, Антакия қаласы, Шамунның қаласы ямаса Назлымхан сулыўдың қаласы деп атайды. Еки қатар дийўаллар менен қоршал­ған еки қабатлы әййемги қаланың қалдықлары батыс­тағы төбешикте орналасқан. Майданы 4 гектардан аслам 14 метр қалыңлықтағы мәдений қатламлар қаланың бизиң эрамызға шекемги IV әсирден бизиң эрамыздың XIII әсириниң басларына шекем жасағанын көрсетеди. Қорған ишинде қала турғынлары менен қала ҳәкимлериниң жайлары, сарайлары ҳәм бас­қа да қурылыслар бар.

Миздакхан бул Гәўир қала ҳәм Назлымхан сулыў архитектуралық естеликлерин өз ишине алатуғын комплекстиң ҳәзирги атамасы.

Илимий мийнетлерде Гәўир қала эрамыздан бурын­ғы биринши мың жыллықтың орталарынан эрамыздың XV әсирине де­йин Миздакхан деп аталып келингенлиги туўралы жазылады. Зороастризм дининиң қудайы Ахуро Мазданың аты қалаға тийкар болған болыўы мүмкин.

Екиншиден, әййемги шығыс топонимлериниң арасында зороастризм дининде үлкен орынға ийе маздакийлик тәлийматы менен байланыслы атамалардың да көп ушырасатуғынлығын ядтан шығармаўымыз керек. Тәлийматтың тийкарын дүзиўши Маздак ибн Хамодон эрамыздың 470-529-жылларында жасаған болып, бас­та отқа сыйынатуғын диний орынлардың биринде, соңынан пүткил Иран бо­йынша басшы лаўазымын ийелеген. Оның тәлийматы әпиўайы халық арасында кеңнен қоллап-қуўатлаўшылық тапқан.

Лингвистикалық жағынан қарағанда да Миздакхан топонимине Ахуро Маздаға қарағанда Маздак атының тийкар болыўы итималлығы жоқары. Егер қалаға қарата Маздақхан атамасы эрамыздың VI-VII әсирлеринен баслап ислетилген деп есапласақ, не ушын Антиохия атамасының да әсирлер бойы теңдей жасап келгенин түсиниўге болады.

985-жылы Миздакханда араб географы Ал-Макдисидиң көрсетиўи бойынша 12000 феодал қорғанларының орайы болған. Миздакхан өзиниң үлкенлиги жағынан Қыят (Беруний) ҳәм Гургандж (Гөне-Үргенш) қалаларынан кейинги Хорезм мәмлекетиндеги үшинши қала болған. Миздакханды орта әсирлерде жасаған ибн Русте ҳәм ал-Истахрилер де тәрийплеген.

Миздакхан 1221-жылға келгенде Шыңғысхан басшылығындағы монғол армия­сы тәрепинен қарабақаналарға айландырылып, оның раўажланыўы иркинишке түсирилди.

XIII әсирдиң екинши ярымынан баслап батыстың ҳәм шығыстың байланыстырыўшы «Уллы жипек саўда жолының» қайтадан жолға қойылыўы, оның бойында жайласқан айырым қалалардың қайта раўажланыўына, жаңа қалалардың тиклениўине өзиниң тәсирин жасады. Нәтийжеде бул жерде жасаўшы халық қарабақанаға айланған Гәўир қала орнына төбешиклер арасындағы 90 гектарға шамалас ашық кеңисликке жаңадан Антакия қаласын қурады. Қала халқы зергерлик, гүлалшылық, тоқымашылық, қурылыс жумыслары менен, ал, оның дөгерегиндегилер болса дийқаншылық, шарўашылық, балықшылық пенен шуғылланған. Қытай, Ҳиндстан, Иран, Сирия еллери, Волга бойы ҳәм Қара теңиз жағалаўларындағы қалалардың саяхатшылары, саўдагерлери усы жерде тоқтап өткен.

Б.Кощанов.

тарийх илимлериниң докторы, профессор.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF