ДЕПУТАТЛАР БЕЛСЕНДИЛИК КӨРСЕТПЕКТЕ
Бүгинги күни глобал машқала пүткил дүньяны ләрзеге салған жуқпалы «COVID-19» эпидемиясы дәўиринде халықтың жәрдемге мүтәж қатламы итибардан шетте қалмаўы тийис. Мәмлекетимиз Президенти басшылығында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматының кескин кемейиўиниң алдын алыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилисинде «Қайыр-сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекет шеңбериндеги ислерди мәнзилли жолға қойыў бойынша көрсетпелер белгиленген еди.
Республикамызда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Өзбекстан Экологиялық партиясы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси халық депутатлары, қала ҳәм районлық Кеңес депутатлары тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Депутатларымыз социаллық жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген, саламатлығы төмен, бағыўшысынан айырылған шаңарақлар жағдайларынан хабар алып, бийғәрез жәрдем сыпатында бир неше түрдеги азық-аўқат ҳәм турмыслық өнимлерин жеткерип берип, өз үлеслерин қоспақта.
Сондай-ақ, депутатлар пуқаралар менен ушырасыўларында ҳәр бир қарыс жерден утымлы пайдаланыў, қыйтақ жерлерине палыз егинлерин өз ўақтында егип, шаңарақларына дәрамат киргизиўинде үгит-нәсият жумысларын алып барды ҳәм олар тәрепинен карантин дәўиринде жумыссыз қалған және кем тәмийинленген шаңарақларға көплеп егислик нәллери жеткерип берилди.
Сырдәрья ўәлаятында жүз берген техноген апатшылық халқымыздың аўызбиршилигин, оның қайыр-сақаўатлы, жәрдемге мудам таяр екенлигин және бир мәрте көрсетти. Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми баслығы Айсәнем Бегимова басшылығында партия қәнигелери ҳәм партиядан сайланған депутатлар Сырдәрья ўәлаяты Сардоба районына инсаныйлық жәрдемлерин аямады. Атап айтқанда, 28-санлы «Бийбазар» сайлаў округинен сайланған Қарақалпақстан Республикасы депутаты Закир Бабажанов өз үлесин қосып, апатшылықтан қыйналған шаңарақларға 31 нәсилли қарамалларды жәрдем ретинде жиберди.
Депутатлар аймақларда шаңарақлардың ҳал-жағдайларынан хабар алыў менен бирге оларды қыйнап атырған машқалаларды үйренип, унамлы шешиў бойынша айқын илажлар алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясы ағзасы Лейли Сейтова Нөкис районы «Саманбай» АПЖ турғынлары жағдайларын үйренип, партияның сайлаўалды бағдарламасында көрсетилгениндей, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўде баспа кран ҳәм халықтың өзин-өзи азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўде қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын бир киши ҳәм үлкен насосты қайта сазлаў ислеринде қатнасып 500ден аслам шаңарақтың қыйтақ жерлерине суў апарыўға жәрдем берди.
Хожели районы 38-санлы «Қолаб» сайлаў округинен сайланған Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Дадажан Исақулов «Жан-Қоңырат» МПЖ пуқараларынан келип түскен мүрәжатты үйренип шығып, оларды шешип, аймаққа жаңа трансформатор, темир-бетон таяныш үстинлери, электр тармағы кабель ҳәм сымлары тартылды.
Буннан басқа Ш.Абдиназимов, О.Сапарова, Д.Айтбаева, К.Қадыров, Р.Дәўлетназарова, Р.Мамбетқәдиров, М.Гаипов, У. Мустафаев, Қ.Жумабаев сыяқлы депутатлар халқымыз ушын пидайылық көрсетип атыр.
Партиямыз ҳәм депутатларымыз тәрепинен «Қайыр-сақаўат ҳәм көмек» ҳәрекет шеңбериндеги илажлар еле даўам етпекте.
Қәллигүл ЕСБОЛОВА,
Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми
Кеңеси атқарыў комитети бас қәнигеси.