ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ МҮРӘЖАТЛАРЫН ТЫҢЛАДЫ
Усы жылдың 30-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Әмиўдәрья, Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларының исбилерменлери менен видеоконференцбайланыс арқалы пикирлесиў өткерип, олардың усыныс ҳәм машқалаларын тыңлады.
Илажда сектор басшылары, министрлик, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлер, коммерциялық банклердиң басшылары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.
Видеоконференцте ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилислеринде аймақларда исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ойландырып атырған машқалаларды сапластырыў, мүрәжатларын унамлы шешип бериў, қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында анық тапсырмалар белгилеп берилгени айрықша атап өтилди.
Әсиресе, Президентимиз тәрепинен коронавирус пандемиясы дәўиринде экономикалық өсиў ҳәм инвестициялық белсендиликти хошаметлеў, ислеп шығарыў процесин тиклеў, халықтың бәнтлигин арттырыў, дәраматларын көбейтиў ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында қабыл етилип атырған бир қатар қарар ҳәм пәрманлары исбилерменлеримиздиң өз жумысларын нәтийжели алып барыўында үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Республикамыз басшысы ушырасыўда бүгинги күнде ҳәрекетсиз болып қалған исбилерменлик субъектлериниң ҳәр бири менен ҳәкимлер, сектор басшылары жеке ислесип, биринши нәўбетте олардың жумысын қайта тиклеўдиң илажларын көриўи тийис екенлигин айрықша атап өтти. Бул бағдарда Әмиўдәрья, Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларында жүзеге келген машқалаларды қысқа ўақыт ишинде сапластырыў бойынша тапсырмалар берди.
***
31-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов исбилерменлердиң мүрәжатларын тыңлаў мақсетинде видеоконференцбайланыс арқалы ушырасыўды даўам етти.
Еркин пикирлесиў руўхында өткен ушырасыўда сектор басшылары, министрлик, кәрхана, мәкеме ҳәм коммерциялық банклердиң басшылары, сондай-ақ, Нөкис қаласы, Тақыятас, Қанлыкөл, Қоңырат, Мойнақ, Шоманай ҳәм Хожели районларының исбилерменлери қатнасты.
Ҳеш кимге сыр емес, пүткил дүньяны тәшўишке салып турған коронавирус пандемиясы елимиздиң социаллық-экономикалық турмысына өзиниң унамсыз тәсирин тийгизип, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, ири кәрханалар, исбилерменлик субъектлериниң жумысын тоқтатты. Бул өз нәўбетинде, халықтың турмысына, дәраматына, күн көрисине зыянын тийгизбей қалмады.
Ушырасыўда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен пандемияның халықтың турмысына ҳәм экономикамызға унамсыз тәсирин жумсартыў мақсетинде карантин талапларына әмел еткен ҳалда кәрханаларды басқышпа-басқыш иске қосыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў, исбилерменлерге жеңиллик ҳәм преференцияларды бериў арқалы оларға қолайлы шараятларды жаратыў сыяқлы кең көлемли илажлар алып барылып атырғаны айрықша атап өтилди.
Атап айтқанда, коронавирус пандемиясы себепли ҳәрекетин ўақтынша тоқтатқан исбилерменлердиң банк кредит төлемлериниң пролонгация (мүддетин узайттырыў) етилиўи, айырым салық түрлери бойынша төлемлеринен жеңилликлер берилип, мүддетиниң кешиктирилиўи, жергиликли экспорт етиўши кәрханаларға транспорт қәрежетлери ушын бюджеттен субсидиялар ажыратылыўы, сырт ел инвестиция жойбарларына қәнигелердиң ҳәм де үскенелердиң алып келиниўинде шараятлардың жаратып берилиўи сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелерде өз ўақтында анық шешимлер қабыл етилди.
Ушырасыўда бүгинги күнде ҳәрекетсиз турған исбилерменлик субъектлериниң ҳәр бири менен ҳәкимлер, сектор басшылары жеке ислесип, биринши нәўбетте олардың жумысын қайта тиклеўдиң илажларын көриўи тийислиги айрықша атап өтилди.
***
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы өткен күни Нөкис, Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районлары исбилерменлериниң мүрәжатларын видеоконференцбайланыс арқалы тыңлады ҳәм олардың унамлы шешилиўи бойынша жуўапкер басшыларға анық тапсырмалар белгилеп берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңесиниң баспасөз хызмети.