Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:36:03, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРЫ МАҒЛЫЎМАТЛЫ ПЕДАГОГ КАДРЛАР ТАЯРЛАЎ КӨЛЕМИ АРТАДЫ

Елимизде соңғы жылларда билимлендириў тараўын раўажландырыў, бул бағдарда тәжирийбели педагог кадрларды таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Президентимиздиң усы жыл 27-февральдағы «Педагогикалық билимлендириў тараўын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының мазмуны ҳәм әҳмийети, онда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры Байрам Өтемуратов Қарақалпақстан хабар агентлигине төмендегилерди айтып өтти.

— Педагогикалық билимлендириў тараўын раўажландырыў дәўир талабына айланған еди, - деди Б.Өтемуратов. — Тәрбия ҳәм оқытыў усыллары, мәлимлеме-коммуникация және шет тиллерин пуқта өзлестирген, билимлендириў процесинде педагогикалық технологияларды қолланыў көнликпелерине ийе болған профессионал кадрлар таярлаў, педагог кәсибине қызығыўшылығы жоқары болған жасларды анықлаў және оларды мақсетли таярлап ҳәм тәрбиялап барыўдың үзликсиз системасын енгизиў зәрүр еди.

Қарарда 2020-2021-оқыў жылынан баслап кадрлар таярлаў оқыў мүддети 3 жыл болған бакалавриат билимлендириў бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғын педагогикалық билимлендириў тараўының айрым бакалавриат билимлендириў бағдарлары белгиленди. Булар «Музыкалық тәлим», «Дене мәденияты», «Технологиялық тәлим», «Шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў», «Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы», «Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлимде денетәр­бия ҳәм спорт» бағдарлары болып табылады.

Атап өтилген усы бағдарларда жумыс ислеп атыр­ған педагог хызметкерлерге талап жоқары екенлигин есапқа алатуғын болсақ, оқыў мүддети 3 жыл етип белгилениўи кадрларға болған талапты толтырыў имканиятын береди. Анализлер көплеген улыўма билим бериў мектеплери, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, музыка мектеплери, денетәрбиясы ҳәм спорт мектеплеринде қәнигелерге болған талап жоқары екенлигин көрсетеди.

Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў системасында 36 мың 40 муғаллим жумыс алып бармақта. Соннан 26 мың 641 ҳаял-қызлар (73,9 процент), 31 мың 750 жоқары мағлыўматлы (88,1 процент), 882 жуўмақланбаған жоқары (2,4 процент), 3 мың 408 орта арнаўлы мағлыўматлы (9,5 процент) педагоглардан ибарат.

Ҳәзирги ўақытқа шекем Қарақалпақстан Республикасында 8 мың 52 баслаўыш класс муғаллиминиң 29 проценти орта арнаўлы мағлыўматлы болса, Беруний районында 49 процент, Төрткүл районында 43 процент, Шымбай районында 38 процент, Тахтакөпир районында 37 процент, Шоманай, Елликқала ҳәм Қараөзек районларында 32 процентти қурайды.

Ҳәзирги ўақытқа шекем орта арнаўлы педагог кадрлардың орнын жоқары мағлыўматқа ийе бол­ған педагог кадрлар менен толтырыў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма 3 мың 408 орта арнаўлы мағлыўматлы педагог кадрлардың 2020-2021-оқыў жылында 1050 и кадрлар таярлаў оқыў мүддети 3 жыл болған бакалавриат билимлендириў бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғын педагогикалық билимлендириў тараўының бакалавриат билимлендириў бағдарларына оқыўға тапсырыўы жобаластырылмақта.

Республикамызда 725 улыўма билимлендириў мәкемеси, мәденият министрлиги системасында 23 билимлендириў дәргайы бар. 2018-2019-оқыў жылынан баслап мектепке шекемги билимлендириў бакалавриат билимлендириў бағдарында кадрлар таярлаўдың оқыў мүддети 3 жыл етип белгиленген, оқыў жобасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги менен биргеликте ислеп шығылған еди.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы бойынша улыўма мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери 822ни қурайды. Соннан 400и мәмлекетлик ийеликте, 422си мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып табылады. Қарақалпақстан Республикасы бойынша 3-7 жаслы балалар 155 мың 561 ди қурайды. Соларды есапқа алып айтыў мүмкин, елимизде тәрбияшы қәнигелерге болған талап жоқары.

Сондай-ақ, тар шеңбердеги қәнигеликлер, яғный программистлер, операторлар, технолог кадрлар таярлаўға да итибарды күшейтиў зәрүр. Өйткени, олар көбинесе әмелиятта қәниге сыпатында қәлиплеседи.

Улыўма алғанда, жоқары билим алыў бийғәрез процесс болып, профессор-оқытыўшылар 3 жыл даўамында студентлердиң еркин билим алыўында биргеликте жумыс алып барып, тийкарынан теорияға салыстырғанда әмелиятқа көбирек итибар қаратыў арқалы сапалы билимлендириўди шөлкемлестириў мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF