БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫН ҚОРҒАЎ ТИЙКАРҒЫ ЎАЗЫЙПАМЫЗ
Бала ҳуқықларын қорғаў дүнья көлеминде әҳмийетке ийе мәселелердиң бири. Айырым еллерде буған улыўма итибар берилмей келмекте.
Сонлықтан, бул жағдайға халықаралық шөлкемлер де дыққат қаратып атыр. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен «Бала ҳуқықлары ҳаққында»ғы, «Билимлендириў тараўындағы кемситиўлерге қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Конвенциялар қабыл етилген болса, халықаралық Мийнет Шөлкеми тәрепинен «Жумысқа қабыл етиў ушын ең киши жас ҳаққында»ғы, «Балалар мийнетиниң ең аўыр түрлерин қадаған етиў ҳәм оларға шек қойыў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы тағы басқа да көплеген ҳүжжетлер қабыл етилген.
Мәмлекетимиз тәрепинен бул ҳүжжетлер ратификацияланған. «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамының қағыйдалары Конвенцияның қағыйдаларына толық сәйкес келеди. Нызамда «бала», «баланың нызамлы ўәкиллери», «ғамқорлық ҳәм қәўендерлик», «жетим бала», «физикалық ҳәм руўхый раўажланыўында нуқсанлары болған бала», «социаллық қорғаўға мүтәж балалар», «майып бала», «ата-ананың орнын басыўшы шахслар» түсиниклери, сондай-ақ, бала ҳуқықларының тийкарғы кепилликлери белгилеп берилген.
Конвенция ҳәм нызам талапларына муўапық, балалар ҳәм жас өспирим дегенде, он сегиз жасқа толғанға шекемги болған шахслар түсиниледи. Нызам қағыйдаларына муўапық, ҳәр бир бала туўылған ўақтынан баслап, фамилия, исм, әкесиниң исмин алыў, миллети ҳәм пуқаралығына ийе болыў, оларды сақлап қалыў ҳуқықына ийе. Сондай-ақ, олар еркинлик, жеке қол қатылмаслық, турақ жайына қол қатылмаслық, хат-хабарларын сыр сақлаў, ар-намысына, қәдир-қымбатына қастыянлық етиўлерден, жеке өмирине нызамсыз араласыўлардан қорғалыў ҳуқықына ийе. Олар нызамға тийкарланбаған жағдайда усланып турылыўы, иркиўге алыныўы яки қамаққа алыныўы мүмкин емес. Мәмлекет балаларды эксплуатациялаўдың барлық түрлеринен, соның ишинде физикалық, руўхый ҳәм жынысый зорлаўлардан, қыйнаўға салыўлардан, мийримсиз, ар-намысын кемситиўши басқа да қатнасықлардан, жеңилтеклик ҳәрекетлерден, бузықшылық пенен шуғылланыўға тартылыўдан қорғайды.
Балаларды жумысқа он алты жастан баслап қабыл етиўге болады. Оларды мийнетке таярлаў мақсетинде, улыўма билим беретуғын мектеплер, орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыў орынлары оқыўшыларының денсаўлығына ҳәм руўхый раўажланыўына зыян келтирмейтуғын, билим алыў процесин бузбайтуғын, жеңил жумысларды оқыўдан бос ўақытлары орынлаўы ушын он бес жасқа толғаннан кейин ата-анасының биреўиниң жазба түрдеги келисими менен жумысқа қабыл етиўге болады.
Ата-ана қарамағынан айырылған балалар, толық мәмлекет тәмийинлеўинде турған қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелерин питкерген яки жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген балалар, социаллық қорғаўға мүтәж болған балалар өзлери бурын жасаған турақ жай майданына ийе болыўы яки нызамшылыққа муўапық турақ жай алыў ҳуқықына ийе. Майып балалар медициналық-социаллық жәрдем алыў ҳуқықына ийе. Профилактикалық, емлеў-диагностикалық реабилитациялаў, санаторий-курортлық, протез-ортопедиялық жәрдемлерди, ҳәрекетлениў үскенелери менен жеңил шәртлерде тәмийинлениўин ҳәм басқа да жәрдем түрлерин өз ишине алады.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Конституциялары, басқа да нызамлары, нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерине муўапық ҳәр бир балаға жеке ҳәм пуқаралық ҳуқықлары және еркинликлер тийисли. Мәмлекет тәрепинен берилген кепилликлер менен жасаў ҳуқықы ҳәр бир баланың ажыралмас ҳуқықы есапланып, баланың өмирине қастыянлық етиў ең аўыр жынаят есапланады.
Ата-аналардың өз перзентлерин ержеткенге шекем бағыўы ҳәм тәрбиялаўы Конституциялық миннети есапланады. Буннан тысқары, бала ҳуқықларын қорғаў мәселеси Шаңарақ Кодекси ҳәм басқа да нызамлар, нызам асты ҳүжжетлердиң нормалары менен де тәртипке салынған.
Мәмлекетимизде қабыл етилген «Жасларға байланыслы мәмлекет сиясаты ҳаққында»ғы, «Балалардың саламатлығына зыян келтириўши хабарлардан қорғаў ҳаққында»ғы Нызамлар бала ҳуқықлары ҳәм оның мәплерин қорғаўдың ҳуқықый тийкарларын және де беккемледи.
Президентимиз 2020-жылы 24-январьдағы Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында жәмийетте тынышлық ҳәм парахатшылықты тәмийинлеўде ҳеш ким шетте турмаслығы, «Өз балаңызды, өз үйиңизди, өз Ўатаныңызды көз қарашығындай сақлаң!» сүрени адамларымыздың жүрегинен терең орын ийелеўи керек» деген баҳалы пикирди билдирген еди. Елимизде балалардың, жаслардың руўхый дәрежесин, билимин ҳәм ҳуқықый мәдениятын турақлы раўажландырып барыў баслы ўазыйпаларымыздан бири болып есапланады.
Тоғайтөре ҚАЛЛИБЕКОВ,
юридика илимлериниң кандидаты.