ТЕМИР ЕСИК ТАЯРЛАЎШЫ «ТЕМИР ЕСИК» АРТЫНА...
Жаратқан тәрепинен бир мәрте ғана берилетуғын бул ялғаншы дүньяда ырысқы-несийбеңди ҳадал мийнетиң менен таўып, нызамлы түрде ҳәрекет еткенге не жетсин!
Турмысың тыныш, уйқың пүтин, ең тийкарғысы, жәмийетте, жасап атырған орталығыңда сен туўралы унамсыз көзқараслардан, артықша бас аўырыўлардан аўлақ боласаң. Лекин, бес бармақтың бирдей болмағанындай, арамызда аўырдың үсти, жеңилдиң асты менен жасаўды мақул көрип, өзгелердиң мүлкине көз алартыўды, алдаў ҳәм ҳийлекерлик жолы менен байлық арттырыўды нийет еткенлер де ушырасып турады.
30 жасқа енди ғана қәдем қойып атырған пуқара, «Нөкис қурылыс сервис» ЖШЖ баслығы Рахат Сарымбетов мине усындайлардың тайпасынан болып шықты. Өз жумысы даўамында бир қатар пуқаралардың исенимине кирип, олардың әдеўир муғдардағы қаржыларын өзлестирип алған ол бүгинлигинде әдил суд алдында жуўап бериўге мәжбүр. Пикиримиздиң анық болыўы ушын келиң, 2020-жыл 15-май күни жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судында болып өткен ашық суд мәжилисинде шығарылған ҳүкимге нәзер салайық.
Судланыўшы Р.Сарымбетов 2018-жылдың май айында «Қарақалпақ оңлаў қурылыс» ЖШЖ не қараслы болған 2-санлы Нөкис қалалық қурылыс басқармасының бас инженери А.Жумамбетовтың исенимине кирип, оған «есик ислеп шығаратуғын фирмам бар, шәртнама тийкарында темир есиклерди әкелип беремен» деген мәнистеги жалған сөзлер менен А.Жумамбетовты өзине исендириў мақсетинде Нөкис қаласы «Саранча» елатындағы цехына алып барып, оларды алдап, 2-санлы қурылыс басқармасы менен Хорезм ўәлаятындағы «Бекчанов Мадиёр Қаҳраманович» деген жеке исбилерменниң кәрханасы арасында 15 дана темир есиклерди әкелип бериў бойынша шәртнама дүзилиўине ерисип, қурылыс басқармасының 22 695 000 (жигирма еки миллион алты жүз тоқсан бес мың) сум қаржысын хорезмли исбилерменниң есап бетине өткерген ҳәм бул пулларды нақлап алып, шәртнамада көрсетилген есиклерди жеткерип бермеген. Жеткерип берсе де шәртнамада көрсетилген есиклерди емес, ал, өзиниң цехында ислеп шығарылған сапасыз, қурылыс талапларына жуўап бермейтуғын есиклерди усынған.
Р.Сарымбетовтың бундай «исбилерменлиги»нен алданған «Шораханмонтаж қурылыс» ЖШЖ бас инженери И.Таиров 10 000 000 (он миллион) сум, «Гүлдирсин қурылыс» ЖШЖ баслығы Д.Авезов 9 078 000 (тоғыз миллион жетпис сегиз мың) сум, «Гүлчехра» ЖШЖ баслығы З.Утамбетова 24 000 000 (жигирма төрт миллион) сум қаржыларынан айырылған.
Бул ҳәрекетлери менен Рахат Сарымбетов Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлими «б» бәнтинде көрсетилген жынаятты ислеген.
Халқымызда «қыңыр истиң қыйығы қырық жылдан кейин де шығады» деген нақыл бар. Қала берсе, нызам үстинлиги тәмийинленген мәмлекетте ҳеш бир жынайый ҳәрекет жазасыз қалмайды. Сол айтқандай, өзгелердиң исенимине кирип, оларды алдаў жолы менен қаржыларын өзлестирген Р.Сарымбетовтың да бундай нызамсыз ҳәрекетлерине шек қойылды. Суд ҳүкимине тийкар, темир есиклерди таярлап ҳәм жеткерип бериў менен шуғылланып келген ол жоқарыдағыдай қылмысы ушын өмириниң бес жылын «темир есик» артында өткериўге мәжбүр.
Нилуфар АЛЛАБЕРГЕНОВА,
Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим прокуроры.