Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:36:13, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКСИЗ ТӨРТИНШИ

СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 28-май күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз төртинши сессиясы болып өтти.

 Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, минис­трликлер, уйымлар, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары  ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Басқа жумысқа өтиўине байланыслы Атажан Каримович Ҳамраев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығының орынбасары лаўазымынан босатылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 81-статьясының 4-бәнтине және «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң регламенти ҳаққында»ғы Нызамның 14-статья­сына муўапық Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары лаўазымына депутатлар арасынан 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат А.Давлетовтиң кандидатурасы усынылды.

Бул бойынша 32-санлы «Қылышбай» сайлаў округинен депутат С.Хожамуратова, 46-санлы «Кетенлер» сайлаў округинен депутат, Олий Мажлис Сенаты ағзасы Ш.Уснатдинов шығып сөйлеп, кандидатураны қоллап-қуўатлады.

Сессияда «Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси ҳаққында»ғы нызамның 13-статьясына муўапық 31-санлы «Орта қала» сайлаў округинен депутат Давлетов Атабек Илхамович жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси Баслығының орынбасары етип сайланды. Бул бо­йынша тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Атабек Давлетов  шығып сөйлеп, билдирген үлкен исеними ушын депутатларға миннетдаршылық билдирди ҳәм өзиниң бар билимин, күш-жигерин елимиздиң гүллеп-раўажланыўы ушын жумсайтуғынлығын билдирди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни елимизде карантин илажларын жумсартыў бағдарында бир қатар субъектлердиң жумыслары қайта тикленип, оларға қолайлы шараятлар жаратылмақта. Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен коронавирус пандемиясының халықтың турмысына ҳәм елимиздиң экономикасына унамсыз тәсирин жумсартыў мақсетинде  карантин талапларына әмел еткен ҳалда басқышпа-басқыш иске қосыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў, исбилерменлерге жеңиллик ҳәм преференциялар бериў арқалы оларға қолайлы шараятлар жаратыў сыяқлы кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, соңғы еки ай даўамында Президентимиз тәрепинен қабыл етилген Пәрман ҳәм қарарлар, видеоселектор мәжилислеринде  белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәр бир басшыдан пидайылықты талап етпекте.  Деген менен, бүгинги күнде айырым ра­йонларда исбилерменлик субъектлерине қолайлы шараят жаратыўда  бир қатар кемшиликлер орын алып атырғанлығы сынға алынды. Соның менен бирге, исбилерменлик субъектлери ҳәрекетсиз болып, киши бизнес субъектлери жабылған.

Соны атап өтиўимиз ти­йис, айырым орынларда сектор ҳәм тараў басшылары тәрепинен карантин талапларын сақлаўға жетерли итибар берилмей атыр. Өткен бир ҳәптениң өзинде Нөкис қаласында, Төрткүл, Беруний,  Елликқала, Шоманай, Әмиўдәрья, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында карантин талапларын бузыў, ҳәттеки автотранспорт қуралларын мәс ҳалында басқарыў жағдайлары ушырасты.

Усы жылдың 26-май күни Президентимиздиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде пандемия шараятында карантин талапларын қатаң сақлаў, исбилерменлердиң жумысларын қоллап-қуўатлаў, бул мәселелер бойынша жергиликли Кеңеслерде ҳәкимлердиң есабатларын тыңлаў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди. Усы мақсетте бүгинги жағдайдан келип шыққан ҳалда сессияның күн тәртибинде пандемия дәўиринде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәселеси көрип шығылды. Бул бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда Жоқарғы Кеңес Президиумының сес­сия­лар аралығында қабыл етилген қарарларын тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF