Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:29:22, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАЙЫР-САҚАЎАТ: ИЛАЖЛАР ДАЎАМ ЕТТИРИЛМЕКТЕ

Қайыр-сақаўат илажлары мүбәрек Рамазан айында халқымызды және де бирлестирип, сынақлы күнлерде кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў аўызбиршилик пенен даўам еттирилмекте.

Рамазан ҳайыт байрамында да карантин жағдайын есапқа алған ҳалда усындай шаңарақлардың ҳалынан хабар алынып, олар­ға жәрдем берилди.

Нөкис районында да саўаплы иске қол урған инсанлар, сақаўатлы исбилерменлер ҳәм фермерлер социаллық қорғаўға мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан, майыплығы бар инсанлардың шаңарақларына жәрдем қолын созып, оларға азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақ ҳәм басқа да биринши дәрежеде зәрүрли затларды жеткерип бермекте. Олардың жасаў шараятларын жақсылаў ушын қара маллар менен тәмийинленбекте.

Атап айтқанда, Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қорының аймақлық филиалы тәрепинен  райондағы  жасаў шараяты аўыр болған 55 шаңарақтың ҳалынан хабар алынып, олар­ға азық-аўқатлық затлар тарқатылды.

Район ҳәкимлиги ҳәм қәўендерлердиң жәрдеми менен районның «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да секторлар кесиминде кем тәмийинленген, жасаў шараяты аўыр шаңарақлардың дизими қәлиплестирилип, олар азық-аўқат өнимлери менен тәмийинленди. «Нурсултан» шарўашылық фермер хожалығы тәрепинен дәслеп социаллық қорғаўға мүтәж еки шаңараққа ылақлы ешкилер жеткерип берилген болса, және бир қанша кем тәми­йинленген шаңарақларға үй қапталы жерлери ушын нәллер алып келип берилди. Бундай илажлар жәрдемге мүтәж шаңарақларға қут-берекет ҳәм қуўаныш бағышлап атырғаны менен үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Л.Сейтованың, район ҳәкимлиги ҳәм қаржы бөлиминиң басламасы менен район аймағындағы 40 пуқараның ҳалынан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери тарқатылды. 

Мәҳәлле ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң Нөкис районлық бөлими, Нөкис районы Мектепке шекемги билимлендириў бөлими сыяқлы мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен шынында да мүтәж шаңарақлар қоллап-қуўатланып, олардың жәрдеми менен мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат илажлары даўам етпекте.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF