Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:41:21, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАСҚА ОРЫНҒА КӨШИРИЛДИ

Нөкис қаласы орайында қурылып атырған «Nukus city» қалашасының қурылысы себепли Қарақалпақстан көшесиниң 11-жайында жайласқан Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының имараты ўақтынша басқа орынға көширилди.

Айтып өтиў керек, Президентимиздиң 2018-жыл 2-август­тағы «Республика аймақларында «Business city» заманагөй исбилерменлик орайларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Нөкис қаласы ора­йында «Nukus city» қалашасының қурылысы басланған. Президентимиз қарарының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен 2019-жыл «Nukus city» заманагөй исбилерменлик орайын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

«Nukus city»  қалашасының қурылысы басланыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы Қарақалпақстан көшесинде жайласқан басқарманың жыйын пунктине ўақтынша көширип өтилди. Басқарма алдын жайласқан аймақта реконструкция ҳәм қурылыс ислери басланған. Алдағы ўақытта бул жыйын пунктиниң алдында Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы ушын 3 қабаттан ибарат заманагөй имараттың қурылысы режелестирилмекте.

Ҳәзирги күнде Қорғаныў ислери басқармасы толық көширилип, жумыс процесин даўам еттирмекте.

 

Арқа-батыс әскерий

округи баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF