ТАРАЎДАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР ҲӘМ ӨЗГЕШЕЛИКЛЕР
Бүгинги күнге Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы жәми 725 улыўма орта билим бериў мектеби, Меҳрибанлық үйи ҳәм 18 Бәркамал әўлад балалар орайлары болып, 2019-2020-оқыў жылы да жуўмақланбақта.
Әлбетте, жуўмақланып атырған оқыў жылы халық билимлендириў тараўында әҳмийетли жаңалықларға, жетискенликлерге, оқыўшыларымыздың түрли таңлаў ҳәм жарыслардағы табыслары айтарлықтай болды десек, асыра айтқан болмаймыз. Елимизге коронавирус пандемиясының кирип келиўи ҳәм оның алдын алыў мақсетинде усы жылдың 16-март сәнесинен баслап улыўма орта билим бериў мектеплеринде де оқыў ўақтынша тоқтатылды. 30-март сәнесинен баслап, оқыў жылының IV шерегиниң басланыўы мүнәсибети менен улыўма орта билим бериў мектеплеринде билим бериў өзбек ҳәм рус тиллеринде алып барылатуғын класслар ушын телесабақлар Миллий телерадиокомпанияның 3 каналы (National Geography Wild, Eurosport ҳәм Охота и рыбалка) арқалы эфирге узатыў жолға қойылған болса, Қарақалпақстан Республикасында билим бериў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын класслар ушын Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының телеканалы арқалы ҳәр күни телесабақлар эфир арқалы узатылды. Бүгинги күнге шекем «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы тәжирийбели пән методистлери ҳәм муғаллимлери тәрепинен 600 ге жақын телесабақлар сүўретке алынып, эфирге узатылыўы тәмийинленип атырған болса, Нөкистиң «Жаслар» телеканалы арқалы тәкирар түрде эфирге берилиўи жолға қойылған. Министрлик тәрепинен «kk_online mektep» телеграм каналы ашылған болып, онда барлық сүўретке алынған телесабақлар өз ўақтында усы канал арқалы 1-11-класс оқыўшыларына жеткерилиўи тәмийинленип барылды ҳәм буннан муғаллимлеримиз де пайдаланып барыўы жолға қойылды.
Телесабақларды эфирге таярлаў барысында улыўма орта билим бериў мектеплеринен ең тәжирийбели пән муғаллимлери таңланып алынып, 138 пән муғаллими ҳәм 11 сурдопедагог белсене қатнасты. Телесабақларды эфирге узатыўда, ең әўеле, усы процессти шөлкемлестириўде бизди қоллап-қуўатлаған Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының дөретиўшилик жәмәәтине көп санлы оқыўшылар ҳәм ата-аналардың атынан шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Соны да айтып өтиў орынлы, телесабақларды сүўретке алыўда қысқа мүддетте кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Бул әмелият биринши мәртебе болғанлығы себепли муғаллимлеримиз телесабақлар өтиў көнликпесине, яғный жетерли тәжирийбеге ийе емес еди. Деген менен, орын алған кемшиликлерден өз ўақтында жуўмақ шығарып, күткен нәтийжелерге еристик, деп ойлаймыз ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң үзликсизлиги толық тәмийинленгенлиги бул бизиң жетискенлигимиз болып есапланады.
Сондай-ақ, министрлик тәрепинен эфирге берилген телесабақлар туўралы усыныс ҳәм пикирлер алыў ушын социаллық тармақта арнаўлы телеграмм бети ашылды. Онда келип түскен пикир-усыныслар қәнигелер менен биргеликте үйренилип шығылды ҳәм де телесабақлардың сапасын күннен күнге жақсылаў илажлары көрилип барылды.
Соның менен бирге, билимлендириў мекемелеринде пән муғаллимлери карантин дәўиринде оқыўшылар менен аралықтан (онлайн түрде) ислесиўин тәмийинлеў мақсетинде, өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде «Методикалық усыныс» ислеп шығылып, бәрше улыўма орта билим бериў мектеплерине жеткерилди.
Республика арнаўлы комиссиясының қарарына муўапық, халық билимлендириў тараўындағы мәкемелерде 2019-2020-оқыў жылы «Онлайн мектеп» жойбары тийкарында шөлкемлестирилген аралықтан телесабақлар арқалы жуўмақлаў белгиленди ҳәм Президентимиз тәрепинен карантин ўақтында халыққа илажы барынша қолайлықлар жаратыў бойынша белгиленген ўазыйпаны әмелге асырыў ҳәм де көпшилик ата-аналардың тилеклерине бола, бул оқыў жылындағы жуўмақлаўшы имтиханлар бийкар етилди.
Мектеплерде оқыўшылардың жыллық баҳаларын алдынғы 3 шеректеги алған баҳалары негизинде шығарылды. Усы орында эфирге берилип барылған телесабақлар арқалы перзентлери менен сабақ таярлаған бәрше ата-аналарға да өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Мағлыўмат ушын айтып өтсек: «Online-maktab» жойбарына қатнасқан тәжирийбели пән оқытыўшылары ҳәм сурдопедагогларға тийкарғы ис ҳақысынан тысқары қосымша ис ҳақы төленип барылды.
2019-2020-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-класын 27 329 оқыўшы хәм де 11-классты 24 913 оқыўшы питкерип шықты. Бул питкериўшилер ушын аттестат ҳәм шаҳодатнамаларға Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине буйыртпалар берилди.
Айырым оқыўшылар ҳәм ата-аналарда сораў туўылыўы тәбийғый, яғный, оқыў жылы жуўмақланғаннан соң, оқыўшылардан сабақлықлар қайтарылып алына ма! — Оқыўшыларға сабақлықлар «Улыўма билим бериў мектеплерин сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар менен тәмийинлеў тәртиби ҳаққында»ғы нызам тийкарында ижараға берилген. Ҳәзирги жағдайдан келип шығып, сабақлықлар карантин дәўири жуўмақланғаннан соң, оқыўшылар тәрепинен китапханаға қайтарып бериледи. Соны да еслетип өткен болар едим, мектеп питкериўшилерине аттестат нусқалары ҳәм мағлыўматлар онлайн түрде бериледи.
Сондай-ақ, оқыўшылардың жазғы дем алысы дәўириндеги бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, телесабақлар берилетуғын 3 канал арқалы «Online-maktab», «Online-to’garak» ҳәм де «Online-kasbiy rivojlantirish» жойбарларын әмелге асырыў ҳәм де бул бойынша республикалық дөретиўшилик топарын қәлиплестириў режелестирилген. Яғный, усы жылдың июнь айынан баслап «Online-to’garak» ҳәм «Online-kasbiy rivojlantirish» жойбарлары эфирге бериле баслайды. Бунда «Online-to’garak» жойбарында оқыўшыларға инглис тили, техникалық дөретиўшилик, музыка ҳәм басқа да дөгереклер бойынша видеосабақлар бериледи. Ал, «Online-kasbiy rivojlantirish» жойбарында болса, пән оқытыўшыларын жаңа оқыў жылына таярлаў мақсетинде олар ушын қысқа мүддетли курслар берилип барылады. Усы жылдың июль-август айлары даўамында 2020-2021-оқыў жылы ушын улыўма билим бериў мектеплериниң 1-класына республикамыз бойынша 37 335 оқыўшыны орнатылған тәртипте қабыллаў нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиздиң ертеңги келешегин жаслар қурайды. Солай екен, бүгинги күнде пандемия дәўирине қарамастан, Президентимиздиң басламасы менен билимлендириў тараўында да басқышпа-басқыш жаңаланыўлар, өзгерислер әмелге асырылмақта. Әлбетте, буннан гөзленген мақсет — оқытыўшыларымыздың заман талабына сай билимли болыўы, камал таўып атырған перзентлеримиздиң келешеги жарқын болыўына тийкар жаратады.
А.Аяпов,
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри.