НЫЗАМ ЗАМАН ТАЛАПЛАРЫ ТИЙКАРЫНДА ЖЕТИЛИСТИРИЛЕДИ
Бәршемизге мәлим, мәмлекетимизди социаллық раўажландырыў тараўында билимлендириў ең алдағы ўазыйпа деп тән алынған. Дүнья жәмийетшилигинде интеграция процесслериниң кем-кемнен жаңаша әҳмийетке ийе болып киятырған бир дәўирде ҳәр бир елдиң раўажланыўы тиккелей билимлендириў процесслери менен тығыз байланыслы.
Барған сайын глобалласыў дәўиринде пайда болып атырған социал-экономикалық машқалаларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели шешиў мәселелери, соңғы ўақытларда билимлендириў тараўында жүз берип атырған өзгерислер ҳәм инновациялық процесслер билимлендириў тараўын раўажланған сырт ел мәмлекетлери тәжирийбелерин үйренген ҳалда, заманагөй талапларға сай түрде жетилистириў зәрүрлигин талап етпекте.
Усы жылдың 19-май сәнесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық Палатасында қабыл етилген «Билимлендириў ҳакқында»ғы Нызамның жаңа редакциясы болса билимлендириў тараўын жетилистириўдеги тийкарғы ҳүжжет болады. Бул Нызам жойбарының дәслепки варианты Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекцияси, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм де Кәсиплик билимлендириў орайының қәнигелеринен ибарат исши топар тәрепинен Россия, Корея, Япония, АҚШ, Германия, Италия, Англия, Франция, Голландия, Швеция, Норвегия, Беларусь, ҒМДА ҳәм басқа сырт мәмлекетлердиң билимлендириў тараўындағы нызамшылық тәжирийбелерин үйренген ҳалда қәлиплестирилди.
Бес бап ҳәм отыз төрт статьядан ибарат ҳәрекеттеги «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам 1997-жылы қабыл етилген болып, ол өз ўазыйпасын жигирма үш жыл даўамында атқарды.
Президентимиздиң 2017-жыл 7-февральдағы «Өзбекстан Республикасын және де раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманында социаллық тараў, яғный, билимлендириў ҳәм илим-пән тараўларын беккемлеў жолында бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилгенлиги ҳәм заман талапларынан келип шығып билимлендириўдиң барлық түрлеринде болып атырған жедел реформалар нәтийжесинде «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамның жаңа редакциядағы жойбары ислеп шығылды ҳәм жүдә көп билимлендириў мекемелеринде жетекши қәнигелер, педагог-оқытыўшылар, илимпазлар менен талқыланды. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы фракцияларында жүдә қызғын додалаўға алынып, көплеген пикир ҳәм усыныслар берилди. Нәтийжеде нызам жойбары ҳәр тәреплеме қәлиплести ҳәм Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасының жалпы мәжилисинде қабыл етилди.
Он еки бап ҳәм жетпис бес статьядан ибарат «Билимлендириў ҳакқында»ғы Нызам жаңа редакциясында өз көринисин тапқан тийкарғы жаңалықлар ҳәм қосымшаларды, олардың мазмун-мәнисин кеңирек жарытып бермекшимиз.
Нызамда дуал, аралық, үлкен жастағыларды оқытыў ҳәм оларға билим бериў, инклюзив, экстернат тәртипте билим алыў формалары жаңадан киргизилмекте. Бул билимлендириў формаларының түсиниклерин келтирип өтемиз.
Дуал билимлендириў — билим алыўшылар тәрепинен зәрүр билим, тәжирийбе ҳәм көнликпеларин асырыўға қаратылған болып, теориялық бөлими билимлендириў мәкемесинде, әмелий бөлими болса билим алыўшының жумыс орнында әмелге асырылады.
Аралықтан оқытыў — оқыў режелери ҳәм дәстүрлерине муўапық билим алыўшылар тәрепинен зәрүр билимлер, тәжирийбе ҳәм көнликпелерин мәлимлеме-коммуникация технологияларынан ҳәм де Интернет дүнья мәлимлеме тармағынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып билим алыўға қаратылған.
Үлкен жастағыларды оқытыў ҳәм оларға билим бериў — пүткил өмир даўамында оқытыўдың орайлық бөлими бөлып, билим бериў және оқытыўдың жәмийетлик турмыста ҳәм жумыс барысында бәрше үлкен жастағылардың қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған барлық формаларын өз ишине алады, сондай-ақ, рәсмий, рәсмий емес ҳәм информал оқытыў процесслериниң пүткил комплексин қамтып алады.
Инклюзив билимлендириў — барлық балаларға, сондай-ақ, билим алыў ўақтында өзине бола ҳәр қандай түрдеги кемситиўди бийкарлаўшы жеңил дәрежеде руўхый ҳәм физикалық имканиятлары шекленген балаларға қарата тең ҳуқықлы мүнәсибетте болыўға қаратылған.
Экстернат тәртибинде билим бериў — оқыў бағдарламаларын еркин түрде өзлестириўди өз ишине алып, оның жуўмақлары бойынша билим алыўшылардың билимлендириў тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен белгиленген тәртипте мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде жуўмақлаўшы ҳәм мәмлекетлик аттестацияларынан өтиў талап етиледи.
Жаңадан киргизилип атырған бул билимлендириў формалары шет ел мәмлекетлериниң билимлендириў системаларында нәтийжели пайдаланылып, жедел жетилистирилмекте.
Нызамда жәмийетте педагог хызметкерлердиң социаллық қорғалыўы ҳәм оқытыўшы статусы мәселесине жүдә үлкен итибар қаратылып, «Педагоглардың ҳәм билимлендириў мәкемелери басқа хызметкерлердиң ҳуқықый статусы» деп аталыўшы өз алдына бап ажыратылған. Бул баптың 45-статьясында болса, педагоглардың ҳуқықлары, абырайы ҳәм қәдир-қымбаты нызам менен қорғалыўы айтылып, педагог хызметкерлердиң ҳуқықлары келтирилген.
М.Ибрагимов,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Илим, билимлендириў,
мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң ағзасы.