Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:51:53, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИК ТАРАЎЫНДАҒЫ УНАМЛЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

(Дийқан ҳәм фермер хожалықларысыз)

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 25-сентябрьдеги «Кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң бирден-бир мәмлекетлик регистри ҳаққында»ғы қарарына муўапық исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериўши уйымлар тәрепинен усынылған билдириўге тийкарланып «Кәрхана ҳәм шөлкемлердиң бирден-бир мәмлекетлик регистри» базасы жүргизиледи.

Усыған бола 2020-жылдың январь-апрель айларында Қарақалпақстан Республикасында 1135 кәрхана ҳәм шөлкемлер жаңадан дүзилип, жумыс баслады. Буның нәтийжесинде усы жылдың басына салыстырғанда ҳәрекеттеги кәрхана ҳәм шөлкемлердиң саны 1815 (10,65) ке көбейген ҳәм де олардың улыўма саны 18938 кәрхананы қурады.

Сондай-ақ, усы жылдың январь-апрель айларында сырт ел капиталы қатнасыўындағы дизимнен өткен кәрханалардың саны 162ни қурады. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 30 кәрханаға көп. Ал, биринши май жағдайына ҳәрекеттеги сырт ел капиталы қатнасыўындағы кәрханалардың саны 159ды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 29ға өсти. Бунда Қазақстан Республикасы, Қытай Халық Республикасы, Түркия Республикасы, Қубла Корея Республикасы, Россия Федерациясы мәмлекетлери менен жаңадан сырт ел инвесторлары қатнасындағы кәрханалар дизимнен өткен. Ҳәрекеттеги сырт ел капиталы қатнасыўындағы кәрханаларды экономикалық хызмет түрлери кесиминде алып көретуғын болсақ, тийкарынан санаат, аўыл хожалығы ҳәм де саўда бойынша хызметлер түрлери үлесине туўры келеди.

2020-жыл 1-май жағда­йына ҳәрекеттеги киши кәрхана ҳәм микрофирмалардың саны 15237ни қурады. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине қарағанда 13,8 процентке асқан. Ҳәрекеттеги киши кәрхана ҳәм микрофирмалардың экономикалық хызмет түрлери кесиминде көретуғын болсақ, ең көби саўда, аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы, қурылыс, санаат, мийманхана ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер түрлерине туўры келеди.

Жаңадан ашылған киши кәрхана ҳәм микрофирмалар усы жылдың январь-апрель айларында 1095ти қурады. Жаңадан ашылған киши кәрхана ҳәм микрофирмаларды районлар кесиминде көретуғын болсақ, тийкарғы бөлеги Нөкис қаласына, Төрткүл, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Қоңырат, Хожели ҳәм Мойнақ районларында сезилерли илгерилеўшилик бар.

Мәмлекетлик дизимнен өткен юридикалық шаңарақлық кәрханалардың саны ­ быйылғы жылдың 1-май жағдайына 1200 кәрхана ҳәм шөлкемлерди қурап, олардан 1144и хызмет көрсетпекте. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстыр­ғанда мәмлекетлик дизимнен өткенлердиң ҳәм де ҳәрекеттегилердиң улыўма саны орташа 39,9 про­центке өскенлигин айтып өтиў лазым. Ҳәрекет етип турған шаңарақлық кәрханалардың экономикалық хызмет түрлери кесиминде қарайтуғын болсақ, бул кәрханалардың тийкарғы бөлеги мийманхана ҳәм аўқатланыў хызметлерине, санаат, саўда, аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы хызмет түрлери үлесине туўры келеди.

Мәмлекетимизде қолай исбилерменлик шараятын жедел раўажландырыўда бир қанша өзгерислер әмелге асырылмақта. Өз орнында исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есап­қа қойыў барысында да нызамшылықта зәрүр қарарлар қабыл етилип, мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есапқа қо­йыўдың автоматластырыл­ған усылы басқышпа-басқыш ислеп шығарылмақта ҳәм турмысқа енгизилмекте. Бул болса, халықтың ҳәм сырт ел инвесторларының жеке бизнесин жолға қойыўда ҳәм раўажландырыўда тий­карғы қурал болып хызмет етеди.

З.ҚАЛМУРАТОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы статистикалық

регистрларын жүргизиў бөлиминиң баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF