ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚЛАР ПРОФИЛАКТИКАСЫ ПРИНЦИПЛЕРИНЕ ӘМЕЛ ЕТИЎДИ ТӘМИЙИНЛЕЎ ТӘРТИБИ
Бүгинги күни ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўдың тәсиршең системасын жаратыў, жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў, пуқараларға нызамға ҳүрмет ҳәм нызам бузылыўының барлық түрлерине қарсы гүресиў көзқарасын сиңдириў, профилактикалық илажларды муўапықластырыў, ҳуқықбузарлықлардың улыўма профилактикасының заманагөй шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерин енгизиў бойынша нызамшылық нормалары ҳәм оларды қолланыў әмелияты менен байланыслы машқалалардың илимий шешимин табыў әҳмийетли болып табылады.
Өткен жыллар даўамында елимизде Президентимиздиң басшылығында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша комплексли илажлар әмелге асырылып, бул бағдардағы жәмийетлик қатнасықларды тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый база қәлиплестирилди. Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының турақлы жумысы нәтийжесинде елимизде ҳуқық-қорғаў беккемленип, криминологиялық жағдай сезилерли дәрежеде жақсыланды. Деген менен, бул тараўда кемшиликлер толық сапластырылды, дегени емес.
Ишки ислер уйымлары тергеўшилериниң жынаятлардың себеплерин ҳәм олардың болыўына имканият жарататуғын шараятларды сапластырыў ҳаққында усыныс хатын киргизиў жумысы үйренилгенде, көпшилик тергеўшилерде жынаятлардың себеп ҳәм шараятларын анықлаў мақсети ҳәм усыллары ҳаққында анық түсиник жоқ екенлиги анықланды.
Ҳуқықбузарлықлардың себеплери менен шараятларын анықлаў мақсетинде әмелият хызметкерлери арасында оны үгит-нәсиятлаў, яғный анықланған ҳуқықбузарлықлардың себеплери ҳәм шараятлары басқа ҳуқықбузарлықларды келтирип шығарыўының алдын алыў, белгили бир ҳуқықбузарлықтың анықланған себеп ҳәм шараятларына уқсайтуғын дәреклерди анықлаў, егер анықланса, онда оларды ҳуқықбузарлықлар жүз бермеўинен алдын сапластырыў илажларын көриў талап етиледи.
Сондай-ақ, ҳуқықбузарлардың минез-қулқын өзгертиў, социаллық реабилитациялаў ҳәм жәмийетлик бейимлестириўди тәмийинлеў, егер ҳуқықбузарлықтың әмелге асырылыўында айыплы виктимологиялық, яғный жәбирлениўшиниң кери минез-қулқы менен байланыслы жағдай болатуғын болса, онда жәбирлениўшиге тәрбиялық тәсир илажларын қолланыў зәрүр. Бул усылды тек нормативлик ҳәм жынайый ҳуқықбузарлықларға тийисли ислерди жүргизиўде ғана қолланыў шәрт емес. Себеби, ол келип шығыў дәреги, көлеми, мазмуны ҳәм басқа да тәреплерине қарай ҳәр қыйлы дәрежелерде анықланады.
Себеплер менен шараятларды анықлаў шеңберин шеклемеў зәрүрлиги Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-апрельдеги қарары 2-қосымшасы менен тастыйықланған «Ишки ислер уйымлары таяныш пункти ҳаққындағы реже»ниң «Профилактика инспекторларының мәмлекетлик шөлкемлер, басқа да шөлкемлер ҳәм халық пенен бирге ислесиўи»не бағышланған 5-бабында «ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, оларға имкан жаратып беретуғын себеплер ҳәм шараятларды анықлаў және сапластырыў бойынша қоспа илажларды режелестириў ҳәм өткериў» профилактика инспекторларының мәмлекетлик шөлкемлер, басқа шөлкемлер ҳәм халық пенен әмелге асыратуғын бирге ислесиўиниң бир бағдары сыпатында белгилеп берилгенлиги де тастыйықлайды.
Усы жерде, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы принциплерине әмел етиўди тәмийинлеў бириншиден, ҳуқықбузарлықлардың әмелге асырылыў себеплери ҳәм оларға имканият жарататуғын шараятлар ҳаққындағы мағлыўматларды алыў ҳәм оннан пайдаланыўға, екиншиден, ҳуқықбузарлықларды әмелге асыратуғын шахсларға қарай тәсир илажларын қолланыў ҳәм оларды социаллық реабилитациялаўға, үшиншиден ҳуқықбузарлықлар профиликатикасына байланыслы жумысты нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет ететуғынын атап өтиў керек.
А.ЖАРЫЛҚАҒАНОВ,
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги академиясы тыңлаўшысы.