ҲӘЗИРГИ ЎАҚЫТТА 11 НАЎҚАС ЕМЛЕНБЕКТЕ
Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 27-май күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда бүгинги күнге келип коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 133ке жетти. Соннан, 122 наўқас кеселликтен толық емленип, реабилитацияға шығарылды, ҳәзир 11 наўқас емленбекте.
Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.
Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 14 мың 990 пуқара
14 күнлик медициналық бақлаўға алынған еди. Олардан 14 мың 637 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 353 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 59 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 294 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.
Карантин дәўиринде республикамызда усы күнге шекем 6085 пуқараға карантин талапларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик шара көрилип, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған.
Усы күнге шекем 15 мың 651 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 133 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланды. Кеселликке гүманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.
Егер Сиз денсаўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.