Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:32:30, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕТРОЛОГИЯ ТАРАЎЫ ЖАҢАЛАНБАҚТА

Метрология тараўы турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланды, десек қәтелеспеймиз. Себеби, биз күнделикли турмысымыз даўамында көплеген өлшеў әсбапларына мүтәжбиз.

Сонлықтан, бул тараўдың толық дәрежеде ҳәм сапалы жетилисиўи ушын мәмлекетлик кәрханалар жумыс алып барады.

Мәмлекетимизде биринши мәрте «Метрология ҳаққында»ғы Нызам l993-жылы қабыл етилген, ал, бүгинги технология әсиринде бул ҳүжжет метрология бойынша халықаралық талап дәрежесине сай келмеўине, миллий аккредитация тараўының халықаралық дәрежедеги тән алыныўына имканияты болмағанлықтан санааттың барлық тараўында жоқары дәрежедеги өлшеў анықлығына ерисиў қыйын болып қалды. Атап айт­қанда, санаат тараўын електен өткериў, яғный, өлшеў үскенелериниң ҳақыйқый баҳаларын-нормаларын белгилеў, социаллық тараўларда метрологиялық тәмийнат бойынша мүмкиншиликлердиң шеклениўи бир қатар машқалаларды пайда етпекте.

Әсиресе, тараўда жеке меншик секторы үлесиниң азлығы, метрологиялық лабораториялардын модернизациялаў, санаат тармақлары ҳәм социаллық тараўларда метрологиялық тараўды жақсылаў имканиятын бермей атыр. Сонлықтан, әмелдеги нызамды ретлестириў, айырым өзгерислер зәрүрлигин заманымыздың өзи көрсетип тур.

Усы жылдың 7-апрель күни жаңа редакциядағы «Метрология ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди, бунда жоқарыда атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў ҳәм мәмлекетимизде метрология тараўын нызамшылық тийкарында беккемлеў, оны ҳәзирги заман талаплары дәрежесинде раўажландырыў және де бул бағдарда бир қанша алда туратуғын ўазыйпаларды белгилеп алыў мәселелери нәзерде тутылған. Президентимиз тәрепинен бул тараўда алып барылып атыр­ған сиясатлардан бири ­ бул мәмлекетлик басқарыў монополиясынан ўаз кешкен жағдайда базар экономикасына өтиў, яғный, жеке секторды раўажландырыў болып есапланады.

Алдынғы нызамшылықта өлшеў әсбапларын таңлаў бүгинги күнге шекем тек мәмлекетлик метрология хызметине берилген еди. Жаңа редакциядағы нызамда раўажланған мәмлекетлердиң тараўда ерискен унамлы нәтийжелери инабатқа алынып, тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизилди. Келешекте мәмлекетлик меншик шерикликлер тийкарында метрология хызметлерин шөлкемлестириў мүмкин екенлиги белгиленди. Буннан басқа және бир итибарлы тәрепи, жаңа нызам арқалы миллий эталонларды избе-из рәўиште халықаралық эталонлар менен салыстырмалы түрде алып барыў мәжбүрийлиги белгиленди. Сондай-ақ, «мәмлекетлик эталоны» сөзин метрология бойынша халықаралық қағыйдалары талапларына сай муўапықластырыў мақсетинде «миллий эталон» сөзине алмастырылды. Бул өз гезегинде халықаралық әмелият пенен үйлесиўди тәмийинлеп, санаат тараўларын өлшеў үскенелериниң саррас анықлығын әмелий түрде тәмийинлеўи анық. Метрология тараўының тийкарғы бағдары бойынша метрология хызметиниң ўазыйпалары ҳәм принциплери қайтадан көрип шығылып, нызамшылық техникасына ҳәм миллий нызамшылық талапларына  сай келтирилди. Тәкирарланыўшы нормалар унификация етилип, бирлестирилди.

Миллий метрология тараўын халықаралық нызамластырыўшы метрология шөлкеми, халықаралық тәрезилер ҳәм өлшеўлер бюросы сыяқлы метрология тараўындағы халықаралық ҳәм аймақлық шөлкемлери хызметинде елимизде бул тараўдың хызмет дәрежесин еле де жетилистириўге бағдарлайды. Сондай-ақ, және бир әҳмийетли тәрепи сонда ­ тараўдағы киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар миллий аккредитация тараўының халықаралық дәрежеде тән алыўына мүмкиншилик жаратады.

Бул тараўдағы жаңа өзгерислер ҳәм әҳмийетли адым миллий ҳәм жергиликли өндирисшилер тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлериниң дүнья базарында мүнәсип орын ийелеўине көмеклесиў, бәсекилес өнимлерди ислеп шығарыў хызметлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеўде тутыныўшылардың ҳуқық­лары ҳәм мәмлекетимиздиң мәпин гөзлеп жәрдем етиўи сөзсиз.

Ж.САДЫҚОВ,

«Өзбекстан миллий метрология институты» мәмлекетлик кәрханасы

Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF