КЕШИРИМЛИЛИК ЖОҚАРЫ ИНСАНЫЙЛЫҚ ПАЗЫЙЛЕТ
Елимизди жәннетмәкан үлкеге айландырған, тынышлық ҳәм қәтержамлық инам еткен Аллаҳ таалаға шексиз ҳамду сәнелер болсын! Жақсылық ислеўди муқаддес динимиздиң ураны етип кеткен Пайғамбарымыз Муҳаммад салллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат ҳәм сәлемлер болсын!
Ҳәммемизге белгили, дүнья бойлап кең тарқалып атырған коронавирус пандемиясы себепли ҳәзир пүткил дүнья жүзинде, соның ишинде, бизиң елимизде де эпидемиологиялық жағдай ҳүким сүрмекте. Усы жағдайдың унамсыз ақыбетлерин жумсартыў ҳәм кеселликтиң алдын алыў бойынша ҳүкиметимиз тәрепинен тийисли илажлар көрилмекте. Өз ўақтында қабыл етилген қарарлар ҳәм илажлар нәтийжесинде, қалаберди, медицина хызметкерлериниң пидайы мийнетиниң арқасында бул кеселликтен тәўир болғанлардың қатары күннен-күнге көбейип барыўы бизлердиң, әлбетте, бул сынақты артта қалдырып, кеселликти толық жеңип өтиўге деген исенимимизди және де арттырмақта.
Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын, тараўиҳ намазларын жәмәәт болып мешитлерде оқый алмаған болсақ та, карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда ҳәммемиз өз үйимизде оразаларымызды кәмил дәрежеде тутып, тараўиҳ намазларымызды оқып, елимизге белгили қарыйларымыздың Қуран хатмларын телевидение ҳәм интернет тармақлары арқалы тыңлап, шаңарақ ағзаларымыз бенен биргеликте дуўа етип, мүбәрек Рамазан айын көтериңки кейпиятта өткердик ҳәм мусылманлардың ең сүйикли байрамларынан бири болған Рамазан ҳайыты байрамына аман-есенликте жетип келдик.
Жақында Өзбекстан Республикасы Президентиниң елимизде Рамазан ҳайыты байрамын 2020-жыл 24-май күни белгилеў ҳаққындағы қарары қабыл етилген еди. Сондай-ақ, Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңесиниң 2020-жыл Рамазан ҳайытын белгилеў ҳаққындағы баянаты да жәрияланды. Онда «Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңесиниң коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша пәтўасы ҳәм Рамазан айын өткериў ҳаққында»ғы баянатында белгиленгениндей, эпидемиологиялық жағдайды инабатқа алған ҳалда жума намазы орнына үйде песин намазын, бес ўақыт намаз ҳәм Рамазан айындағы тараўиҳ намазын үйде оқыў ҳаққындағы усыныслар әйне Рамазан ҳайыты намазына да тийисли болды.
Ҳанафий мазҳабының фиқҳий дереклеринен бири болған «Мажмаъул анҳур» китабында былай делинедиF «Ҳайыт намазы сәске намазының орнына қойылған. Қашан ҳайыт намазы қандай да бир себеп пенен оқылмай қалса, еки ямаса төрт рәкат нәпил намаз оқыў мустаҳаб болады. Төрт рәкат оқыған абзал».
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңесиниң пәтўасы тийкарында мешитлерде карантин дәўиринде ўақытша жәмәәт намазлары тоқтатылғанын инабатқа алған ҳалда Рамазан ҳайыты намазын оқыў да мөмин-мусылманлардың жуўапкершилигинен сақыт болады. Жерлеслеримизге ҳайыт күни қуяш терек бойы көтерилгеннен кейин өз шаңарақларында төрт рәкатлы нәпил намазын оқыўы усыныс етиледи», - делинген.
Быйылғы мүбәрек Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 21-май күни «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманының қабыл етилгени елимизде алып барылып атырған инсаныйлық сиясатының, халқымызға тән кеңпейиллик, кеширимли болыў, адамгершилик ҳәм меҳир-мүриўбет көрсетиў сыяқлы ийгиликли пазыйлетлер мүбәрек Рамазан айында айқын көрингенлигиниң әмелий сәўлелениўи есапланады.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясы 93-статьясының 23-бәнтине муўапық, азатлықтан айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына қатаң өткен 258 пуқара әпиў етилди ҳәм олардың бир нешеси Рамазан ҳайыт байрамын шаңарақ ағзалары менен бирге байрамлайтуғын болды.
Халқымызда «Жаңылмас жақ, сүрникпес туяқ болмас» деген әжайып, ҳикметли нақыл бар. Әдетте, буны билип-билмей айыплы ис қылып қойған адамға қарата қолланамыз. Әлбетте, қәтелесиў инсанға тән қәсийет. Әне сондай қәтеге жол қойған, айып ис қылған, адасып жынаят көшесине кирип қалған инсанлардың қәтесин кешириў, өзин оңлап алыў ушын оған имканият бериў ең жоқары пазыйлетлерден есапланады.
Муқаддес ислам динимиз инсанларды кеширимли, кеңпейил болыўға шақырады. Себеби, кеширимли болыўда инсанлар ушын көплеген пайдалар бар. Ең дәслеп, кеширген инсан өзин жеңил сезинип, Аллаҳтан болатуғын сый-саўапқа ылайық болса, ал, кеширилген инсан кешириўшиге деген өкпе-гийнеси умытылып, қәлбинде оған жыллылық ҳәм меҳир пайда болады.
Аллаҳ таала Қураны кәриймниң бир неше аяты кәриймаларында ҳәм Пайғамбарымыз алайҳиссаламның ҳәдиси шәриплеринде инсанлар бир-бириниң қәте-кемшиликлерин ҳәм айып-нуқсанларын кешириўге буйырылған. Бәрше жақсы қулықларды өзинде жәмлеген инсан Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам кеширимли болыў пазыйлетинде де инсанларға ең гөззал өрнек еди.
Айша разыяллаҳу анҳа анамыздан Пайғамбарымыздың қулқы ҳаққында соралғанда төмендегише жуўап берген екен:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жаманлыққа жаманлық пенен жуўап қайтармас еди, ал, әпиў етип, кеширип жиберер еди» (Имам Термизий ҳәм имам Аҳмад рәўияты).
Усы орында соны айтып өтиў тийис, Президентимиз басламасы менен ақырғы үш жыл ишинде байрам ҳәм ҳайытлар қарсаңында ҳәр түрли жынаятларды ислеп, шын кеўилден пушайман болып, дүзелиў жолына өткен мыңлап инсанлар әпиў етилмекте. Олар өз шаңарағы алдына қайтып, қәлбинде Ўатанға муҳаббат, келешекке исеним сезимлери пайда болмақта. Соның менен бирге, әпиў етилгенлерди жәмийетшиликке қосыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў ислери де әмелге асырылмақта. Өз гезегинде, әпиў етилген шахслар да кеширимди ақлаўы ҳәм усыған мүнәсип тәризде жуўап бериўи, екинши рет надурыс жолға қәдем баспаўы, Ўатаны, халқы ушын ҳадал хызмет етиўи шәриятымыздың талабы есапланады.
Мине, әзизлер, быйылғы мүбәрек Рамазан айы менен де хошластық. Аллаҳ таала бул айда ўәде етилген сый-саўапларға, пайыз-берекетлерге өзи еристирген болсын! Ал, қутлы айдың пайыз-берекети келеси Рамазанға шекем қайырлы ислеримизде ҳәм қәлбимизде бирге болады, иншааллаҳ. Гүллән халқымызға Рамазан ҳайыт байрамы мүбәрек болсын!
Шамсуддин
БАҲАУДДИНОВ,
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы.