Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:18:30, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕСЕЛЛИККЕ ҚАРСЫ ГҮРЕС ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Ҳәзирги ўақытта пүткил дүнья жүзин тәшўишке салып атырған коронавирус кеселлиги инфекциясының тарқалыўының алдын алыў бойынша барлық мийнет жәмәәтлери қатарында «Нөкис халықаралық аэропорты» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде де бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Спецификалық жумыс жағдайларына байланыслы жумысшылар өз ўазыйпаларын гезекпе-гезек атқармақта. Аэропорт жумысшылары арасында коронавирус кеселлиги ҳәм оның ақыбетлери бойынша кең көлемли үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Азанғы ҳәм кешки па­йытта жумысқа келиўшилер менен қайтыўшылардың дене ыссылығы қәнигелер тәрепинен ҳәр күни тексерилип барылады. Буннан тысқары, ҳәр бир жумыс орны ҳәр қыйлы қосымша қолланбалар менен тәмийинленген. Сондай-ақ, вирустың тарқалыўының алдын алыў мақсетинде ҳәр бир хана, жолаўшылардың жүриў орынлары арнаўлы дәрилер менен дезинфекцияланбақта. Арнаўлы өрт өшириў машиналары қала ишиндеги имаратларды, көшелер ҳәм жолларды дезинфекциялаў жумысларына белсене қатнаспақта.

Жуўмақластырып айтқанда, пүткил дүнья жүзине тарқалып атырған коронавирус пандемиясына қарсы гүрес ҳәр тәреплеме даўам етпекте. Карантин ҳәм санитария-гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етиў ­ ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз екенлигин умытпайық!

Р.АЛЛАНИЯЗОВ,

«Нөкис халықаралық аэропорты» ЖШЖ кәсиплик аўқамы шөлкеминиң баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF