Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:45:32, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕРИНЕН ЖЕМИС ЖАЙНАТҚАН ШАҢАРАҚ

«Қалаўын тапсаң қар жанар» деп ата-бабамыз бийкарға айтпаған. Бул сөздиң айқын дәлилин Тахтакөпир районындағы «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Парахат Сатекеевтиң шаңарағы мысалында көриўимизге болады.

Себеби, ол тәбийғый ықлым шараяты күтә қыйын аймақлардың биринде жасаўына қарамастан өзиниң мийнетсүйгишлиги ҳәм исбилерменлигиниң арқасында үй алды қыйтақ жериниң ҳәр бир қарысынан нәтийжели пайдаланып, район халқының дастурханына таза ҳәм сапалы овощ-палыз ҳәм мийўе-жемислерин жетистирип, өз шаңарағына қосымша дәрамат таўып келмекте. Атап айтқанда бүгинги күни оның үй алдына қурылған ыссықханада помидор, пияз, қыяр, редиска ҳәм басқа да өнимлер өсип жетилисип, районның дийқан базарына шығарылып сатылмақта. Бул жумысларды нәтийжели жүргизиўде оған усы аймақтағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде муғаллим болып ислеўши өмирлик жолдасы Патима Қошымова, ул-қызлары ҳәм ақлықлары қолқанат болмақта.

 

Бийбижамал КЕҢЕСБАЕВА,

Тахтакөпир районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF