ОНЛАЙН ИЛАЖЛАР – ЖАСЛАРДЫ БИР МАҚСЕТ ЖОЛЫНДА БИРЛЕСТИРМЕКТЕ
Бәршемизге белгили, елимизде карантин жәрияланғаннан баслап барлық тараўларда қыйыншылықлар жүзеге келип, аралықтан жумыс алып барыў жолға қойылды.
Бул күнлер халқымыз ушын ҳақыйқый сынақлы демлерге айланды.
Усындай сынақлы күнлерде Жаслар аўқамы шетте қарап турмай, барлық қала ҳәм районларда аўқамның ықтыярлы хызметкерлери ҳәм волонтёрлар тәрепинен халықтың жәрдемге мүтәж қатламына, кем тәмийинленген ҳәм карантинге алынған шаңарақларға жәрдем қолын созды. Олар жаслар арасында бир қанша үгит-нәсият жумысларын алып барып, 20 мыңға шамалас медициналық нықапларды, қолғаплар менен антисептикалық қуралларды тарқатты.
Қайырқомлық илажларына белди беккем буўған 400 ге шамалас жасларымыз өз қәлеўи менен Нөкис қаласындағы ҳәм барлық районлардағы «Call-орай»ларда пуқаралардан келип түскен мүрәжатларды қабыллап, оларға азық-аўқат өнимлерин, дәри-дәрмақлар жеткерип бермекте. Сондай-ақ, 476 жас дезинфекция жумысларында, 219 жас қорғаў (пост) бөлимлеринде бийғәрез хызмет етпекте.
Аўқамның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм барлық аймақлық кеңеслери хызметкерлериниң бир күнлик мийнет ҳақылары, яғный, 10 миллион сумнан аслам пул қаржысы ықтыярлы түрде коронавирусқа қарсы гүресиў мақсетинде шөлкемлестирилген «Мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» фондына жеткерип берилди. «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети даўамында «Жаслар-келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламасынан жеңиллетилген кредит алған жас исбилерменлер менен биргеликте республикамыздағы барлық қала ҳәм районлардағы мыңнан аслам мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақлар, медициналық нықаплар менен қыйтақ жер нәллери тарқатылды.
Жаслардың үй шараятында бос ўақытларын мазмунлы өткериўин шөлкемлестириў мақсетинде «Үйде қалың!», «Биз биргемиз!» хештеглери ҳәм «Үйде қалып, китап оқыймыз!», «Үйде қалып, қосық еситиң», «Үйде қалың, пайда алың!» челленжлери өткерилип, онлайн тәризде ҳәр қыйлы мазмундағы таңлаўлар шөлкемлестирилди. Әсиресе, тәжирийбели қәнигелердиң онлайн вебинарлары жаслардың тараўлар бойынша билим көнликпелерин арттырыўда жақыннан жәрдем көрсетпекте.
Хабарыңыз бар, Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес баслама карантин ўақтында да тоқтаўсыз ҳәрекетте болды. Яғный, «Бес баслама үйде», «Мен оқыған ең жақсы китап», «Жас гитарашылар», «Биз үйде ата-анамызға жәрдемшимиз», «Бахытлы шаңарақ — бахытлы келешек» онлайн таңлаўлары, «Айдын» ҳәм «Брейн-ринг» интеллектуаллық ойынларын шөлкемлестириў арқалы әмелге асырылды.
Жасларды китапқумарлыққа шақырыў, олардың руўхый дүньясын байытыў мақсетинде «телеграмм» социаллық тармағында 4 аудиокитаплар каналы иске түсирилди. Бул каналларда жети жастан жетпис жасқа шекемги тыңлаўшылар ушын, яғный, киши жастағы балалар ушын ертек китаплары, қарақалпақ, өзбек, жәҳән әдебияты дүрданалары топланды. Әмиўдәрья, Беруний, Хожели, Тақыятас, Шоманай, Шымбай, Тахтакөпир районларында жаслар жетекшилери тәрепинен мектеп китапханаларынан оқыўшылардың үйлерине 5 мыңнан аслам китаплар жеткерип берилди.
Заманласларына өрнек болып атырған сәрдарлар тәрепинен @Krsardorlari «телеграмм» социаллық тармағында шөлкемлестирилген “SPRING BREAK”, “AYAZIY AWLADI”, “Dem alista Ku’N”, “Sa’rdarlar intelekt viktorinasi”, “Bir sa’rdardin’ tariyxi”, “Discuss and stay home!, “Life hack” таңлаўлары жети мыңнан аслам жасларда қызығыўшылық оята алды. Сондай-ақ, @ilim7 «телеграмм» социаллық тармағында «Билимли жаслар» каналы ашылып, онда жаслар өз билимлерин сынақтан өткермекте.
Төрткүлде «Жас скрипкашылар», Тақыятаста «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» онлайн таңлаўлары көпшилик жасларды қамтып алды. Спорт, исбилерменлик тараўларында онлайн семинар-тренинглер, инстаграмм тармағында жанлы тәризде шеберлик сабақлары жаслар ҳәм аўқам арасындағы аралықты сездирмеди.
«Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» алдында басланғыш шөлкем жетекшилери «Перзентлик парызым» жойбары шеңберинде қала ҳәм район аймақларында жасайтуғын Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары менен мийнет ветеранларының, сондай-ақ, хызмет етиў ўақтында қаза тапқан әскерлердиң шаңарақ ағзаларының жағдайынан хабар алып, байрам саўғаларын тапсырды. Олардың үй алды қыйтақ жерлерине қараўға ҳәм үй жумысларында карантин талапларына әмел еткен ҳалда жәрдем көрсетилди.
Жақында 15-май — «Халықаралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен «Бахытлы шаңарақ — бахытлы келешек» сүрени астында 5 бағдар бойынша Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилген таңлаўда Қарақалпақстаннан 52 жас шаңарақ қатнасып, соннан екеўи «Мениң бахытлы шаңарағым» атамасында өткерилген шығарма жазыў бағдары бойынша ҳәм «Шаңарағымыздың шежире тереги» бағдары бойынша республикалық басқышта жеңимпаз болды. Сондай-ақ, «Жаслар — келешегимиз» қоры тәрепинен өткерилген «Үйде қалың, пайда алың!» челленжинде Қарақалпақстаннан 100 ден аслам жаслар қатнасып, тақыятаслы жас исбилермен Жерен Келова ҳәм Нурсултан Жолманов жеңисти қолға киргизди.
Коронавирус пандемиясы өз күшин көрсетиўине қарамастан, жаслар оқып, излениўден, билим алыўдан, таңлаўларда қатнасыўдан ҳәм жетискенликлерге ерисиўден тоқтап қалмайды. Әсиресе, жас фермерлер, жумыссыз жаслар да егис майданларында тынымсыз мийнет етип, бар күш-ғайратын елимиздиң қырманына үлес қосыўға жумсады.
Бундай ҳәр тәреплеме ақыллы, мийнеткеш, зейинли, талантлы, өнерли жасларымыз бар екен ертеңги келешегимизден кеўлимиз тоқ.
А.ДАНИЯРОВ,
Өзбекстан Жаслар Аўқамы Қарақалпақстан
Республикалық Кеңесиниң баслығы, сенатор.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.