6 ПУҚАРА ТОЛЫҚ САЎАЛЫП, РЕАБИЛИТАЦИЯҒА ЖИБЕРИЛДИ
Усы жыл 20-май күни Жуқпалы кеселликлер емлеўханасынан гезектеги 6 пуқара коронавирус инфекциясынан толық саўалып шықты. Олар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги жуўаплы хызметкерлериниң қатнасында реабилитацияға жиберилди.
Саўалып шыққан пуқаралардан үшеўи Бухара ўәлаятынан, екеўи Хорезм ўәлаятынан ҳәм биреўи Наўайы ўәлаятынан болып, барлығы Россия Федерациясынан келген ҳәм карантинге алынған. Жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емлеў ислери Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми, сондай-ақ, коронавирус инфекциясына қарсы гүресиўде жақсы көрсеткишлерге ерискен мәмлекетлер қәнигелериниң усыныслары тийкарында әмелге асырылыўы нәтийжесинде бул наўқаслар толық саўалып шықты. Солай етип, толық емленип шыққанлар 118 адамды қурады.
— Бүгин елимиздиң қайсы аймағында болмасын наўқасларға барлық шараятлар жаратылып, сапалы медициналық хызмет көрсетилмекте,-дейди емленип шыққан Бухара ўәлаяты пуқараларынан бири. — Соның ишинде, жуқпалы кеселликлер емлеўханасы жәмәәтиниң күни-түни нәтийжели мийнетиниң арқасында бүгин реабилитацияға баратырмыз. Ҳәзирги сынаўлы күнлерге қарамастан денсаўлықты сақлаў тараўына қаратылып атырған айрықша итибар және ғамқорлық ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиремиз. Қалған наўқаслардың да тезирек саўалып шығыўына тилеклеспен. Жақынласып қалған муқаддес Рамазан Ҳайыт байрамы бәршеге қутлы болсын.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.