Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:27:34, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ӨНИМЛЕРИНИҢ САПА ҲӘМ ҚӘЎИПСИЗЛИК КӨРСЕТКИШЛЕРИНИҢ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ СТАНДАРТЛАРҒА МУЎАПЫҚЛЫҒЫН ТӘМИЙИНЛЕЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Кейинги жылларда жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, өним ислеп шығарыў көлемин арттырыў ҳәм экспорт географиясын кеңейтиў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

2016-2019-жыллар даўамында жалпы аўыл хожалығы өниминиң көлеми — 171,2 процентке, соның ишинде, мийўе-овощ — 172,6 процентке, шарўашылық өнимлери — 170 процентке, тоғай ҳәм балықшылық өнимлерин ислеп шығарыў — 177,5 процент­ке артты.

Мийўе-овощ өнимлериниң экс­порт көлеми 1,4 миллион тоннадан артып, 2016-жылға салыс­тырғанда 1,5 есеге өсиўге ерисилди.

Соның менен бирге, дүнья базарында өнимлерге қойылған сапа ҳәм қәўипсизлик талапларының барған сайын күшейип барыўы, республикамызда жетистирилип атырған өнимлердиң халықаралық базарлардағы орнын беккемлеў ушын қосымша илажлар көриўди талап етпекте.

Республикада Organic ҳәм Global G.A.P. халықаралық стандартлар талапларына муўапық өним ислеп шығарыў, тәртипке салыў ҳәм муўапықластырыў системаларын раўажландырыў, аўыл ҳәм тоғай хожалығы өнимлериниң сапа ҳәм қәўипсизлик көрсеткишлерин жақсылаў, экспорт географиясын кеңейтиў, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң органикалық өним ислеп шығарыў потенциалынан толық пайдаланыў имканиятын арттырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасында органикалық аўыл хожалығы ҳәм органикалық азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда — Концепция)

1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасында органикалық аўыл хожалығы ҳәм органикалық азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;

2020-2025-жылларда аўыл хожалығы ҳәм тоғай фонды жерлеринде басқышпа-басқыш органикалық өндириске өтиўдиң прогноз көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық;

2020-2025-жылларда тийисли аўыл хожалығы әмелияты (Global G.A.P.) халықаралық стандарт талаплары бойынша сертификатланатуғын жер майданларының тийкарғы экспортқа жарамлы егин түрлери бойынша прог­ноз көрсеткишлери 4-қосымшаға муўапық;

Пахта-тоқымашылық өндириси кәрханалары ҳәм кластерлери тәрепинен органикалық пахта шийки затын жетистириў ҳәм органикалық тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша әмелий илажлардың режеси 5-қосымшаға муўапық;

Республика аймақларында агроэкотуризмниң тартымлылығын буннан былай да арттырыў ушын органикалық базарлар ҳәм ресторанлар шөлкемлестириў бойынша илажлар режеси 6-қосымшаға муўапық тасты­йықлансын.

  1. а) Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги органикалық өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм тийисли аўыл хожалығы әмелияты (Global G.A.P.) шеңбериндеги барлық мәпдар шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм тәртипке салыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланатуғыны;

б) Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигине:

барлық мәпдар министрликлер, уйымлар, ҳәкимликлер, хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм исбилерменлерден органикалық өндирис ҳәм тийисли аўыл хожалығы әмелияты (Global G.A.P.) шеңбериндеги зәрүр мағлыўматларды алыў;

органикалық өним ҳәм шийки затларды ислеп шығарыў, қайта ислеў, тасыў, сақлаў, сатыў ҳәм сертификатластырыў менен шуғылланатуғын хожалық субъектлери жумысының эквивалентлигин баҳалаў ҳәм авторизациялаў системасын жаратыў ҳуқықы берилетуғыны белгиленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық органикалық аўыл хожалығына өткерилген жер участкаларында егинлерди жайластырыў органикалық стандарт талапларын есапқа алған ҳалда илимий тийкарланған алмаслап егиў схемаларына муўапық әмелге асырылады ҳәм егинлерди жайластырыўда мәмлекеттиң араласыўларына жол қойылмайды.
  2. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги:

а) Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзбеказық­аўқатхолдинг» холдинг компа­ниясы, Илимлер академиясы менен биргеликте 2020-жыл 1-октябрьге шекем органикалық аўыл хожалығы ҳәм өндирис сис­темаларын халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлес­тириў бойынша Өзбекстан Республикасының «Органикалық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳаққында»ғы нызам жойбарын;

«Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте органикалық аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды ықтыярий сертификатластырыўдан өткериў тәртиби ҳаққындағы режени Минис­трлер Кабинетине киргизсин;

б) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде «Органикалық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў ҳәм қайта ислеў» бағдарында қәнигелер таярлаў ушын оқыў-методикалық материалларды ислеп шықсын ҳәм 2021-2022-оқыў жылынан баслап усы бағдарда студентлерди қабыллаўды жолға қойсын;

в) бир ай мүддетте минис­трликтиң структурасында белгиленген штатлар шеңберинде 4 штат бирлигинен ибарат органикалық өндирис ҳәм тийисли аўыл хожалығы әмелиятын раўажландырыў басқармасын шөлкем­лестирсин;

д) 2021-жыл 1-январьға шекем аўыл хожалығы бағдарындағы илимий-изертлеў институтларында лабораторияларды заманагөй жоқары технологиялы әсбап-үскенелер менен тәми­йинлесин ҳәм бирлемши органикалық туқым жетистириўши хожалықлардың жумысын жолға қойсын;

е) 2020-жыл 31-декабрьге шекем Жәҳән банкиниң аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша кредит қаржылары есабынан «Аўыл хожалығында стандартластырыў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы жанында Organic ҳәм Global G.A.P. халықаралық стандартлар талапларына муўапық комплексли сынаў лаборато­риясын комплексин шөлкем­лестириў илажларын көрсин.

  1. «Өзстандарт» агентлиги:

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Минис­трлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы, «Өзбек­азықаўқатхолдинг» холдинг компаниясы, Аўыл хожалығы минис­трлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Инвести­циялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги, Сыртқы ислер минис­трлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Кодекс Алиментариус Комиссиясы стандартларының талапларына муўапық Европа Аўқамы менен саўда жумысын жеделлестириў бойынша 2020-2024-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасының режесин ислеп шықсын;

2020-жыл 1-сентябрьге шекем ISO 28000 «Жеткерип бериў шынжырында қәўипсизликти басқарыў системалары» халықаралық стандартлар серияларын қабыл етсин;

үш ай мүддетте аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қосымша қун шынжырын шөлкемлестириўде қатнасыўшы барлық кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумысларында орынланып атырған процесслерди ISO 28000 «Жеткерип бериў шынжырында қәўипсизликти басқарыў системалары» халықаралық стандарт талапларына муўапықлығын баҳалаўдың белгиленген тәртипте әмелге асырылыўын тәмийинлесин.

7.Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте органикалық өнимлерди зыянсызландырыў бойынша халықаралық тәжирийбеде қолланылып атырған усыллар ҳәм қураллардың дизимин қәлиплестирсин ҳәм экспортқа бағдарланып атыр­ған органикалық өнимлерди зыянсызландырыў жумысларының халықаралық талапларға муўапық әмелге асырылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйым­лар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте усы Пәрманның мазмун-мәниси ҳәм мақсет ҳәм ўазыйпаларының ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ў.И.Барноевқа жүкленсин.

 

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

     Ташкент қаласы, 2020-жыл 18-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF